Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2607/253 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID feddf647-5be7-4f99-af14-d2c648b5796a Claim ID PDF Hash 3e7eaed9c4dd98fc... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2607/253-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2026-жыл 20-февраль Нөкис районлараралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *****, қосымша жуўапкер “*****» акционерлик жәмиети ўәкили *****лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тийкарғы даўагер Өзбекстан Республикасы «*****» АКБныӊ мәпин қорғап, жуўапкерлер Нөкис қаласы “*****” жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм “*****» акционерлик жәмиети түриндеги қамсызландырыў компаниясынан 57 600 001 сом тийкарғы кредит қарызын, 6 399 999 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 4 946 411 сом мүддети өткен процент қарызын, жәми 68 946 411 сом қарызын солидар тәртипте өндириў ҳаққындағы даўа арзасын қосымша ҳүжжетлери менен бирге бойынша исти Нөкис районлар аралық экономикалық суды имәратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) тийкарғы даўагер Өзбекстан Республикасы «*****» АКБ (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкерлер “*****” жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм «*****» акционерлик жәмийети түриндеги қамсызландырыў компаниясы (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нан 57 600 001 сом тийкарғы кредит қарызын, 6 399 999 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 4 946 411 сом мүддети өткен процент қарызын, жәми 68 946 411 сом қарызын солидар тәртипте өндириў ҳаққындағы даўа арза менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Даўагер ҳәм «*****» акционерлик жәмийети түриндеги қамсызландырыў компаниясы ўәкиллери суд мәжилисинде өз-ара медиатив келисимге келгенлигин билдирип, медиатив келисимин судқа усынып, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады. Палата ҳәм жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғынлығы ҳаққында хабардар етилгенлиги истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған тәреплер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд, суд мәжлисин олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, усынған ҳүжжетлерин үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Иске қосылған ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2025жыл 30-апрель күни 4062-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар жуўапкер жеке тәртиптеги исбилерменгенге жәми 64 000 000 сом муғдарында 36 ай мүддетке, жыллық 25% үстеме төлеў шәрти менен кредит қаржылары ажыратылған. Сондай-ақ кредит тәмийнаты сыпатында тәреплер ортасында ҳәм «*****» акционерлик жәмийети түриндеги суғурта компаниясы менен 2025-жыл 1-май күни 935639-санлы қамсызландырыў шәртнамасы дүзилип 0122369-санлы суғурта полиси усынылған. Бул жағдайда тәреплердиң мәжбүриятлары кредит шәртнамасынан келип шыққан. Кредит шәртнамасына көре банк қарыздарға усы шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм шәртлерде кредит қаржысын ажыратыў, қарыздар ажыратылған кредит қаржысынан мақсетли пайдаланыў ҳәм кредит кестесинде белгиленген мүддетлерде ҳәм муғдарда бөлип қайтарыў, кредиттен пайдаланғаны ушын процентлер ҳәм комиссия төлемлерин төлеў миннетлемелерин алған. Сондай-ақ қарыздар төлемлерди өз ўақтында сөндирмей шәртнама шәртлерин бузып келгенлиги себепли, палата даўа талаплары менен қарыздарлықты солидар тәртипте өндириў талабы менен судқа мүрәжат еткен. Бирақ тәреплер орталарында экономикалық ис бойынша 2026-жыл 16февраль күни медиатив келисими дүзилген ҳәм ол судқа усынылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 107-статьясы, 53-бәндине муўапық, тәреплер медиатив келисимин дүзген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. Сонлықтан, суд, даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6январь күнги ЎРҚ-600-санлы нызамының 18-статьясы 1-бөлиминиң 9-бәндине тийкар егер тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Бундай жағдайда мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Суд, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәмде ЭПКниң 107,108-статьяларын басшылыққа алып, суд У Й Ғ А Р Д Ы: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья Г.А.Арзиева