← Назад
Решение #2809314 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2603/279-санлы ис
Судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026 жыл 20 февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ
басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХХХХ (2026 жыл 04 февральдеги 01/02-201-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер фермер хожалығы баслығы ХХХХХ, ХХХХХ районы
Аўыл хожалығы бөлиминиң ўәкили ХХХХХ (2026 жыл 05 февральдеги
исеним хат тийкарында) лардың қатнасыўында, даўагер ХХХХХ районы
Ҳәкимлигиниң жуўапкер ХХХХХ фермер хожалығы менен ортасында
дүзилген 2022 жыл 22 январь күнги 56-санлы жер участкасын узақ мүддетли
ижараға бериў ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады:
ХХХХХ районы Ҳәкимлиги (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип,
жуўапкер ХХХХХ фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп
жүритиледи) менен ортасында дүзилген 2022 жыл 22 январь күнги 56-санлы
ижараға бериў ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаўды сораған.
Судтың 2026 жыл 23 январь күнги уйғарыўы менен Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Кадастр
агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы ХХХХХ басқармасы,
Кадастр агентлиги ХХХХХ басқармасы, ХХХХХ районы аўыл хожалығы
бөлими, ХХХХХ районы Фермерлер Кеңеси, ХХХХХ районы ирригация
бөлими, судтың 2026 жыл 12 февраль күнги уйғарыўы менен ХХХХХ салық
басқармасы даўа предметине арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында
тартылған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер тәреп даўаны қоллап-қуӯатлады
ҳәм қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили қәте-кемшиликлерин
мойынлайтуғынлығын, бирақ келешекте өзиниң есабынан егинлер егип,
режелерди орынлап, жумысларын даўам еттирмекши екенлигин билдирип,
мүддет бериўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўа талабын қанаатландырыў
ҳаққында пикирин билдирди.
2025 жыл 05 февраль күнги суд мәжилисинде қатнасқан үшиншы
шахслар Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги
жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы ХХХХХ
басқармасы ўәкили ХХХХ ҳәм Кадастр агентлиги ХХХХХ басқармасы ўәкили
ХХХХХ суд мәжилисинде район ҳәкимлиги тәрепинен жуўапкерге ХХХХХ
районы, ХХХХХ аймағынан 155,5 га жер майданы ажратылғанлығын,
жуўапкердиң арзасына муўапық 88,8 га жер майданы хәкимлиқтин жер
фондына қайтарып алынғанын, ҳәзирги ўақытта жуўапкердиң жер майданы
61,7 га қурайтуғынлығын, жер майданы өзгертилгенлиги бойынша кадастр
хүжетлери 2025 жылы 11 январь күни мәмлекетлик дизимнен өткенлиги,
жуўапкер тәрепинен нызамда белгиленген үш жыл даўамында пахта ҳәм
бийдай тапсырыў режелери орынланбағанлығын билдирип, ис бойынша
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан үшиншы шахс ХХХХХ районы Аўыл
хожалығы бөлиминиң ўәкили ХХХХХ жуўапкер тәрепинен жер участкасынан
ақылға уғрас пайдаланылмай атырғанлығы, үш жыл даўамында пахта ҳәм
бийдай тапсырыў режелери орынланбағанлығы, нызам ҳүжжетлеринде
белгиленген мүддетлерде жер салығы толенбей атырғанлығы, ижара
шәртнамасы шәртлерин бузғанлығы себепли ижара шәртнамасы бийкар
етилетуғынлығын ескертилгенлигин ҳәм ХХХХХ районы ҳәкимине жер
ижара шәртнамасын мүддетинен алдын бийкарлаў ҳаққында усыныс
киргизгенлигин билдирип, ис бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди
сорады.
Үшинши шахс Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс
министрлиги жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар
палатасы ХХХХХ басқармасы, Кадастр агентлиги ХХХХХ басқармасы,
ХХХХХ районы Фермерлер Кеңеси, ХХХХХ районы ирригация бөлими суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған
болса да, өз ўәкиллериниң бугинги суд мәжилисинде қатнасыўын
тәмийинлемеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128, 170–статьяларына муўапық,
суд исти үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды
лазым тапты.
Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндириўлерин ҳәм прокурор
пикирин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа
берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қанаатландырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 68-статьясының биринши
бѳлимине муўапық, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат
дүньясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып
табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәм олар мәмлекет
қорғаўында болады.
Анықланыўынша, жуўапкерге ХХХХХ Министрлер Кеңесиниң 2022
жыл 22 январь күнги 32-13-0-Q/22-санлы қарары менен пахта-ғәллешилик
фермер хожалығын шѳлкемлестириўи ушын ХХХХХ районы, ХХХХХ
аймағынан улыўма майданы 150,5 гектар жер майданлары 49 жыл мүддетке
ижараға ажыратып берилген.
Усы қарар тийкарында тәреплер ортасында 2022-жыл 22 январь күни
жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққында 56-санлы шәртнама
(буннан кейин текстте жер ижарасы шәртнамасы деп жүритиледи) дүзилген.
Кейиншелли жуўапкердиң 2024 жыл 06 сентябрь күнги
202401805002003-санлы реестр менен нотариал тастыйықланған арзасына
тийкар 88,8 га жер майданлары хақимият жер фондына қайтарылып, фермер
хожалығының жер майдандары 61,7 га болып, соннан 55 га егислик жерлер,
5,6 га суў асты жерлер, 1,1 га аўыл хожалығындағы басқа жерлер деп
белгиленген.
Жуўапкердиң жерге болған ижара ҳуқықы 2025 жыл 11 январь күни
1735211/Ү-25000044-санлы реестр менен мәмлекетлик дизимнен өткизилип,
23:14:000000172-кадастр номери берилген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, ХХХХХ районы аўыл хожалығы бөлими
баслығы орынбасары ХХХХХ, ХХХХХ районы Фермерлер кеңеси баслығы
ХХХХХ, Кадастр агентлиги ХХХХХ районы бөлими баслығы ХХХХХ,
ХХХХХ районы аўыл хожалығы бөлиминиң жер дүзиў ҳәм мониторинг
секторы баслығы ХХХХХдың ибарат қурамда 2025 жыл 21 декабрь күни
район жуўапкер фермер хожалығының аўыл хожалығына мөлшерленген
жерлерден пайдаланыў ҳәм шәртнама миннетлемелерин орынлаў жағдайы
үйренилген.
Үйрениў даўамында жуўапкер тәрепинен 2023, 2024 ҳәм 2025-жыллар
даўамында пахта ҳәм ғәлле тапсырыў режеси белгиленген тәртипте
орынланбағанлығы, 2025 жыл 31 декабрь жағдайына 236 324 295 сом
мәмлекет алдында салық қарыздарлығы ҳәм ХХХХХ АКБ ХХХХХ филиалы
алдында 636 971 950 сом қарыздарлығы бар екенлиги анықланып акт
дүзилген. Бул анықланған жағдайлар бойынша мағлыўматлар қосымша
етилген.
Атап айтканда, 2023 жыл өними ушын егилген пахтадан реже бойынша
41,0 тонна пахта тапсырыў режелестирилген болып, әмелде 38,7 тонна пахта
тапсырылып, реже 94,4 пайызға орынланған ҳәм бийдай өнимин тапсырыў
режеси 101 тонна болып, әмелде 10,1 тоннаға тапсырылып, реже 10,0 пайызға
орынланған.
2024 жыл өними ушын 33,2 гектар жерге пахта, 37,6 гектар жерге бийдай
егиў режелестирилген болып, соннан әмелде 33,2 гектар жерге пахта, 37,6
гектар жерге бийдай егилген.
2024 жыл өними ушын егилген пахтадан реже бойынша 73,0 тонна пахта
тапсырыў режелестирилген болып, әмелде 18,0 тонна пахта тапсырылып, реже
24,7 пайызға орынланған ҳәм бийдай өнимин тапсырыў режеси 98,6 тонна
болып, әмелде 40,6 тоннаға тапсырылып, реже 41,2 пайызға орынланған.
2025 жыл өними ушын 15 гектар жерге пахта, 15,5 гектар жерге бийдай
егиў режелестирилген болып, соннан әмелде 15,0 гектар жерге пахта, 15,5
гектар жерге бийдай егилген.
2025 жыл өними ушын егилген пахтадан реже бойынша 66,1 тонна пахта
тапсырыў режелестирилген болып, әмелде 22,3 тонна пахта тапсырылып, реже
37,7 пайызға орынланған ҳәм бийдай өнимин тапсырыў режеси 59,5 тонна
болып, әмелде 9,4 тоннаға тапсырылып, реже 15,8 пайызға орынланған.
2025 жыл ушын 15,5 гектар жерге пахта егилген ХХХХХ кәрханасы
менен биржа саўдасы арқалы 66,1 тоннаға шәртнама дүзилген.
ХХХХХ районлық салық инспекциясының 2025 жыл 09 декабрь күнги
мағлыўматнамасына тийкар жуўапкердиң 216 267 000 сом мәмлекет
алдындағы салық қарыздарлығы бар екенлиги анықланған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 1 марттағы ПҚ-144санлы қарарында көрсетилген суў тежеўши технологияларды тезлестириў исилажлары ҳаққындағы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2023 жыл 1 апрельдеги ПҚ-107-санлы қарарында суў ресурсларынан үнемли
пайдаланыў кешиктирип болмайтуғын ис-илажлар ҳаққындағы қарарын
орынлаў мақсетинде ғаўаша майданларына суў тежеўши технология
қурылмағанлығы бойынша бир қанша ескертиўлер берилген.
ХХХХХ районы Суў жеткерип бериў хызмети ММси қәнигелери
тәрепинен үйренип шығылғанда, суў тежеўши технология қурылмағанлығы,
жап-салмалар тазаланбағанлығы, жап-салмалар бетонланбағанлығы, суўды
өлшеп алыўшы және де рейкалар жоқ екенлиги, 2025 жыл вегетация
дәўиринде 396,2 м3 суў пайдаланылғанлығы, яғный Салық басқармасынан
43 586 000 сом қарыздарлығы бар екенлиги анықланған.
Буннан басқа, ХХХХХ Өсимликлер карантини ҳәм Қорғаныў
агентлигиниң
ХХХХХ
районлық
бөлиминиң
2025
жыл
16 декабрь күнги 34-санлы мағлыўматнамасына: Өзбекстан Республикасы
Президентиниң 2024 жыл 30 декабрьдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы
қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге
байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-465-санлы қарары қабыл етилгенлиги
ҳәм бул қарар тийкарында дала шетлери ҳәм каналлар, суўғарыў ҳәм
коллектор дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда, хожалық қыйтақ
жерлери, хожалықлар ҳәм көп қабатлы үйлер алды, мәҳәллениң ишки
көшелеринде аўыл хожалығы өнимлери жетистириўди нәтийжели
шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы экспортқа бағдарлаўға қаратылған
илажлар белгиленген.
ХХХХХ районы ХХХХХ АПЖ аймағында жайласқан жуўапкерге
тийисли дала шетлерине мийўе нәллерин егиў бойынша мониторинг
жумыслары алып барылған.
Усы мониторинг нәтийжесинде жуўапкер тәрепинен 2025 жыл бәҳәр
айларында 100 түп шийе мийўе нәллери егилген. Усы егилген шийе мийўе
нәллери тийислилиги бойынша өзлерине бириктирилген жерлерде, жер
ийелери тәрепинен қорғаў, қуўрап қалыўының алдын алыў, азықландырыў,
суўғарыў, түрли зыянкеслерге қарсы химиялық ислеў бериў, тәрбиялаў
жумысларын алып барыў жуўапкерге бириктирилген болса да, усы шийе
мийўе нәллерин тәрбиялаўда немқурайдылық пенен қаралғанлығы себебли
набыт болғанлығы анықланған.
Сонлықтан, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2026 жыл 8 январь күни жер
участкасын узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасын өз-ара келисим
тийкарында бийкар етиў ҳаққында 01-01/24-санлы усыныс берилген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен 2026 жыл 10 январь күнги жуўап хатында
усыныста келтирилген қәте-кемшиликлерди сапластыратуғынлығын, жер
ижара шәртнамасының бийкар етилиўине қарсы екенлигин билдирген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 384-статьясына муўапық, шәртнама қандай формада
дүзилген болса, они өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим де, егер
низамшылықтан, шәртнамадан яки ис қатнасығы әдетлеринен басқаша тәртип
келип шықпаса, сондай формада дүзиледи.
Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы усынысқа
екинши тәрептен бас тартыў жуўабын алғаннан кейин яки усыныста
көрсетилген ямаса нызамда я болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте,
бундай мүддет болмағанда болса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан
кейин, шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы талапты судқа
усыныўы мүмкин.
Бул жағдайда даўагер тәрепинен судқа даўа арза киритилмесинен алдын
ПКниң 384-статьясы талапларына толық әмел етилген.
Сол себепли, даўагер экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат
етип, Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 36, 38-статьяларына тийкар
жуўапкер менен дүзилген 2022 жыл 22 январь күнги 56-санлы жер ижара
шәртнамасын бийкар етиўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Жер кодекси (буннан кейин текстте
Жер Кодекси деп жүритиледи) 36-статьясының үшинши ҳәм бесинши
бөлимлерине муўапық, жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын яки жер
участкасынан турақлы ямаса ўақтынша пайдаланыў ҳуқықын усы статья
биринши
бөлиминиң
6-11-бәнтлеринде
көрсетилген
жағдайларда
сапластырыў усы Кодекстиң 38-статьясында белгиленген тәртипте суд
тәрепинен әмелге асырылады.
Усы статья биринши бөлиминиң 1, 2, 6-10, 13-бәнтлеринде нәзерде
тутылған жағдайларда жер участкасына болған ижара ҳуқықын сапластырыў
усы Кодекстиң 24-статьясында нәзерде тутылған тәртипте жер участкасының
ижара шәртнамасын бийкар етиў жолы менен әмелге асырылады.
Жер Кодексиниң 24-статьясының он алтыншы бѳлимине тийкар, жер
участкаларын ижараға алыў шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиў
тәреплердиң келисими менен, бундай келисимге ерисилмеген жағдайда болса,
судтың шешиўши қарары менен әмелге асырылады.
Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги 914-санлы
қарарына қосымша “Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға
уғрас пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы Режеде аўыл хожалығына
мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў бойынша баҳалаў
нормалары белгиленген.
Бирақ, даўагер тәрепинен судқа бул мәселеде тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер усынбаған. Сонлықтан суд даўагердиң даўа арзасындағы ижара
шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы ўәжлери менен толық келисе алмайды.
ПК 382-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине кѳре, егер усы
Кодексте, басқа нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған
болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық ѳзгертирилиўи ҳәм
бийкар етилиўи мүмкин.
Тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек ғана
тѳмендеги жағдайларда ѳзгертилиўи яки бийкар етилиўи мүмкин:
1) екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса;
2) усы Кодекс, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған ѳзге
жағдайларда.
ХХХХХ салық басқармасының салыстырыў актлерине көре,
жуўапкердиң жер салығы бойынша 2023 жылдың 1 январь ҳалатына
81 471 140,25 сом, 2024 жылдың 1 январь ҳалатына 119 622 969,55 сом, 2025
жылдың 1 январь ҳалатына 159 567 572,88 сом ҳәм 2026 жылдың 1 январь
ҳалатына 216 267 850,75 сом қарыздарлықлары жүзеге келген.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 432-статьясына муўапық,
аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын салықты төлеў төмендегише
әмелге асырылады:
есабат жылының 1-сентябрь күнине шекем - жыллық салық суммасының
30 пайызы;
есабат жылының 1-декабрь күнине шекем - салықтың қалған суммасы.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен жер салығын төлеўдиң нызамшылықта
белгиленген мүддетлери турақлы түрде бузылып келинген.
Жер Кодексиниң 36-статьясы биринши бѳлиминиң 9-бәндине муўапық,
нызамшылықта белгиленген мүддетлерде жер салығы, сондай-ақ, ижара
шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ижара ҳақы турақлы төленбей
келингенде жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етилетугынлығы
белгиленген.
Суд, жуўапкердиң үш жыл даўамында жер салығын төлемегенлиги, бул
Жер Кодексиниң 36-статьясы биринши бѳлиминиң 9-бәндине муўапық жер
участкасын узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасын бийкар етиў ушын
тийкар болады деп есаплайды.
Бул жағдайда, даўа арза қанаатландырылыўы лазым.
ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди
«а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2
пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған
муғдарда, 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе болмаған даӯа
арзалар
ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Истиң көриў нәтийжеси менен жуўапкерден республика бюджет
пайдасына 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы, даўагердиң пайдасына 41 200
сом почта қәрежетин, ис видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи
менен байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлери Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар етти:
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
ХХХХХ районы ҳәкимлиги ҳәм ХХХХХ фермер хожалығы ортасында
2022 жыл 22 январь күни дүзилген жер участкасын узақ мүддетли ижараға
алыў ҳаққындағы 56-санлы шәртнама бийкар етилсин.
ХХХХХ фермер хожалығы есабынан ХХХХХ районы ҳәкимлигиниң
пайдасына 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин.
ХХХХХ фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 4 120 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
ХХХХХ фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы ХХХХХ судына апелляциялық тәртипте арза
(прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде
көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен
баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест)
келтириў мүмкин.
Судья
З.Хасанова