← Назад
Решение #2809316 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2603/31-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026 жыл 20 февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова
басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили ХХХХХ (2026-жыл 05-февраль күнги 562-санлы исеним хат
тийкарында), фермер хожалығы баслығы ХХХХХдың қатнасыўында, арза
бериўши ХХХХХның жуўапкер ХХХХХ районы ХХХХХ фермер
хожалығына 1 447 992 сом жәрийма санкциясын қоллаў ҳәм өндириў
ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған исти Қарақалпақстан Республикасы
Аўыл хожалығы министрлиги имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Арза бериўши ХХХХХ (буннан кейин текстте – арза бериўши деп
жүритиледи), жуўапкер ХХХХХ фермер хожалығына (буннан кейин текстте
– жуўапкер деп жүритиледи) 1 447 992 сом жәрийма санкциясын қоллаўды
ҳәм өндириўди сораған.
Судтың 2026 жыл 12 январь күнги уйғарыўы менен ХХХХХ районы Суў
жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеми ҳәм ХХХХХ районы Аўыл
хожалығы бөлими даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз
қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Арза бериўши ўәкили көшпели суд мәжилисинде арзасын қоллапқуўатлап, суў жеткерип бериў кәрханасынан келген билдирги бойынша
шығарылған буйрыққа тийкар жуўапкерде 2024 жыл сентябрь айында
билдиргидеги жағдайларды үйрениў жумыслары алып барылғанлығын,
үйрениў даўамында жуўапкердиң тийисли арнаўлы рухсатнамасыз суўдан
пайдаланғанлық жағдайы анықланып, жәрийма есапланғанлығын, жәрийманы
ықтыярый төлеў бойынша хат берилгенлигин, лекин жәрийманы
төлемегенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер фермер хожалығы баслығы суд мәжилисинде арза тийкарсыз
екенлигин, акт дүзилгенде жер майданына барып көрилмегенин, актти
ХХХХХ районы “Суў тәмийнаты” кәрханасында кол қойғанлығын билдирип,
арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин тексте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд
исти үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд, исте қатнасыўшы шаҳслардың түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша
топланған
ҳүжжетлерди
үйренип
шығып,
арзаны
қанаатландырмаўды мақул тапты.
1
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 31-март
күнги “Табияттан пайдалыныў тараўында мәмлекетлик хызметлерди
көрсетиўдиң айрым ҳәкимшилиқ регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы
255-санлы қарарының III-қосымша Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды
арнаўлы тутыныўға рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер
көрсетиўдиң Ҳәкимшилик регламентиниң 3-бәнтине муўапық, рухсатнама
алмай турып суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў
қадаған етиледи.
Анықланыўынша, ХХХХХ районы “Суў жеткерип бериў хызмети”
мәмлекетлик мекемеси Инспекцияға жуўапкердиң суўдан арнаўлы рухсатнама
алмастан суў сарпланғанлығын ҳәм тийисли шаралар көриў ушын 2024 жыл
16 сентябрь күни 01/03-02-366-санлы билдирги берилген.
Усы халатларды тексериў бойынша Суў хожалығы объектлери
қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ХХХХХ
басқармасы баслығы ХХХХХ 2024 жыл 25 сентябрь күни 1020-uz-санлы
буйрығына муўапық инспекцияның бас қәнийгеси ХХХХХ 2024 жыл 25
сентябрь күнинен 2024 жыл 04 октябрь күнине шекем тексериў өткериў
тапсырылған ҳәм тексериў даўамында фермер хожалықтың 2024 жыл 16
август күнинен 2024 жыл 25 сентябрь күнине шекем дәўир қамтып алыў
белгиленген.
Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы объектлери
қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ХХХХХ
басқармасы хызметкери ХХХХХ тәрепинен 2024 жыл 30 сентябрь күни
фермер хожалығы тәрепинен 2024 жыл хасылы ушын вегетация дәўиринде
арнаўлы руҳсат алмастан 10647 м3 суўдан пайдаланғанлығы анықланған ҳәм
бул ҳақкында акт рәсмийлестирилген.
Актке көре арза бериўши жуўапкерге ѳзбасымшалық пенен пайдаланған
10 647 м3 суўдың ҳәр мың кубометри ушын 1 447 992 сом жәрийма есаплаған.
Жәрийманы ықтыярый төлеў ҳаққында жуўапкерге 2024 жыл 26 декабрь
күни 2753- санлы талапнама жиберилген.
Бирақ, жуўапкер жәрийманы төлемеген.
Нәтийжеде арза бериўши жуўапкерге қарата 1 447 992 сом жәрийма
санкциясын қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы арзасы менен судка мүрәжат
еткен.
ЭПКниң 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес.
ЭПКниң 89-статьясының биринши бөлиминде, исте қатнасыўшы
шахслардың ис ушын әҳмийетли болған өзлерине белгили жағдайлар
ҳаққындағы түсиндирмелериниң тексерилиўи ҳәм басқа дәлийллер менен
бирге баҳаланыўы лазымлығы белгиленген.
Арза бериўши тәрепинен судқа усынылған ХХХХХ районы Суў
жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкем тәрепинен жуўапкерге 2024
жылы август, сентябрь айларында суў жеткерип бериў ҳәм қабул қылыў
2
актлери дүзилген болып, мәмлекетлик шөлкем тәрепинен усы актлер
имзаланған, бирақ фермер хожалығына суў жеткерип берилгени бойынша
фермер хожалығының баслығы тәрепинен акт имзаланбаған.
Демек, фермер хожалығы тәрепинен арнаўлы руҳсатнамасыз 2024 жыл
вегетация дәўринде қанша муғдарда суўдан пайдаланғанлығы ис ҳүжжетлери
менен тастыйқланбайды.
Буннан тысқары, Инспекция хызметкери тәрепинен акт дүзиўде
жуўапкердиң неше гектар жер майданына суўдан пайдаланғаны
көрсетилместен тек ғана 10 647 м3 суўдан пайдаланғанлығы көрсетилген
болып, бул жағдайда 1 447 992 сом жәрийма санкциясы дурыс
есапланғанлығын анықлаў имкинияты жоқ.
ЭПК 221-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир
шарасын қоллаў ҳаққындағы ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде:
ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги
фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа
ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери баржоқлығын, усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта
жуўапкершилик нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир
шарасын қоллаў ушын тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды ҳәм үшинши
бөлиминде финанслық санкцияларды қолланыў ҳаққындағы исти көрип
шығыўда суд финанслық санкциялар суммасының есап-санақ етилиўи
қаншелли дурыс екенлигин де тексереди.
Бирақ, арза бериўши тәрепинен бул жағдайлар үйренилмеген,
тексериўши ХХХХХ жуўапкердиң арнаўлы руҳсатнамасыз алынған суў
муғдары қандай усылда ҳәм қайсы ҳүжжетлерге тийкар анықланғаны тийисли
дәлийллер менен дәлийлленбеди.
Бул жағдайда, арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы 2020 жыл 6-январь күнги ЎРҚ-600санлы Нызамының 9-статьясы 1-бөлиминиң 7-бәнтине тийкар экономикалық
судларда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм оның
орынлардағы органлары - суў туўрысындағы нызамшылықты бузғанлық
себепли мәмлекетке жеткизилген зыянның орнын қаплаў ушын қаржыларды
мәмлекет пайдасына өндириў ҳаққындағы даўалар бойынша мәмлекетлик
бажы өндирилмейтуғынлығы белгиленген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, арза бериўши тәрепинен тɵленген 41200 сом почта қәрежетин
арза бериўшиниң мойнында қалдырыўды, арза бериўшиден мәмлекетлик
бажы өндирмеўди мақул тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, 222-статьяларын
басшылыққа алып, суд
3
қарар
е т т и:
Арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4