Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2608/528 Дата решения 20.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 61c6d835-6034-4927-a989-f1ee7baf2eb2 Claim ID PDF Hash c75f253ef54fb58a... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2608/528-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026-жыл 20-февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси М.Хошмуратованың хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2026-жыл 11-февраль күнги МС-01/03-51санлы исеним хат тийкарында) қатнасыӯында, даўагер ХХниң жуўапкер ХХнан 8 968 679 сўм тийкарғы қарыз, 4 484 339 сўм пеня өндириӯди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти өз суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, ХХнан (кейинги орынларда жуўапкер) 8 968 679 сўм тийкарғы қарыз, 4 484 339 сўм пеня өндириӯди сораған. Суд мәжилисинде қатынасқан даўагер ўәкили жуўапкер тәрепинен 8 968 679 сўм тийкарғы қарыз төленбегенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды, 8 968 679 сўм тийкарғы қарыз, жуўапкер тәрепинен тийкарғы қарыз 2023-жыл 31-декабрь күнинен 2026-жыл 29-январь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын фьючерс шәртнамасың 5.6-бәнтлерине тийкар 4 484 339 сўм пеня өндириӯди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасқан даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясы 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деб жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери фьючерс шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер менен жуўапкер ортасында 2023-жыл 13-февраль күни 47-санлы фьючерс шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар жуўапкер 12 жер майданынан 30 тонна пахта шийки өнимин жеткизип бериў, даўагер ҳақы төлеў ҳәм қабыл қылып алыў миннетлемесин алған. Шәртнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен даўагерге пахта шийки өними жеткизип берилген болса да, имтиязлы кредит, минерал төгин ҳәм басқа қәрежетлерди қапламағанлығы себепли 8 968 679 сўм қарызы жүзеге келген. Бул жағдайлар истеги ҳүжжетлер, сондай-ақ шәртнама, 2024-жыл 1-январь күни ҳалатына дүзилген салыстырыў акти, 2024-жыл 17-июль күнги күнги электрон есап-фактура, тәреплер ўәкиллериниң суд мәжлисиндеги көрсетпелери менен толық тастыйықланады. Сол себепли, суд даўагердиң пайдасына жуўапкерден 8 968 679 сўм тийкарғы қарызды өндириўди лазым тапты. Даўагер жуўапкер тәрепинен тийкарғы қарыз 2023-жыл 31-декабрь күнинен 2026-жыл 29-январь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын фьючерс шәртнамасың 5.6-бәнтлерине тийкар 4 484 339 сўм пеня өндириўди сораған. ПК 261-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 1 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 8 968 679 сўм тийкарғы қарыз, 1 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўа талапларының қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўагер ХХниң даӯа арзасы қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХнан даўагер ХХниң пайдасына 8 968 679 сўм тийкарғы қарыз, 1 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер ХХнан республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев