← Назад
Решение #2809328 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2607/262-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026-жыл 20-февраль
Нөкис районлараралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўәкили *****тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тийкарғы даўагер Өзбекстан
Республикасы «*****» АTБныӊ мәпин қорғап, жуўапкер Қоңырат районы
“*****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм шерик жуўапкер “*****»
акционерлик жәмийети түриндеги қамсызландырыў компаниясынан 53 333 335
сом тийкарғы кредит қарызын, 8 533 3329 сом мүддети өткен тийкарғы кредит
қарызын, 4 718 004 сом мүддети өткен процент қарызын, жәми 66 584 671 сом
қарызын солидар тәртипте өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти
Нөкис районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде
көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте - Палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан
Республикасы «*****» АТБ (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)ниң
мәпин қорғап, жуўапкер “*****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан
кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм шерик жуўапкер “*****»
акционерлик жәмийети түриндеги қамсызландырыў компаниясы (буннан кейин
текстте - шерик жуўапкер деп жүритиледи)нен 53 333 335 сом тийкарғы кредит
қарызын, 8 533 3329 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 4 718 004 сом
мүддети өткен процент қарызын, жәми 66 584 671 сом қарызын солидар тәртипте
өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын,
төлем кестеси бойынша қарызларын ѳз ўақтында тѳлемегенлиги себепли
қарыздарлықлар жүзеге келгенин, нәтийжеде қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз
бергенлигин, бул қарыздарлықлары судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық
тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арза судқа берилгеннен кейин шерик
жуўапкер тәрепинен мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм мүддети өткен
процент қарызы қысман сөндирилгенлиги бойынша банк мағлыўматнамасын
судқа усынып, даўа арза талапларын қысман қанаатландырыўды сорады.
Сондай-ақ, жуўапкер ҳәм шерик жуўапкер суд мәжилисине өз ўәкилиниң
қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм өзлериниң жазба пикирлерин усынбады.
Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкерди суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде
жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы көрсетилген мәнзилден
табылмағанлығы себепли оған тапсырылмаған.
ЭПК 128-статьясы екинши бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық, суд
тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери
(почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың
көширме нусқасы мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли тапсырылмаған ҳәм
бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар еткен болса, экономикалық
суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар
қылынған деп есапланады.
Сонлықтан, суд жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК 170-статьясының
үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин ҳәм
ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул
тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2025-жыл 19февраль күни дүзилген 822-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен
жуўапкерге жыллық 24% үстеме төлеў шәрти менен 36 (отыз алты) ай мүддетке
"Маҳалла бизнес" кредит линиясынан пайдаланған жағдайда өнимлерди ислеп
шығарыў мақсетинде үскенелер сатып алыў ушын, 64 000 000 сом муғдарында
кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК
деп жүритиледи)нин 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
ПКниң 736-статьясының 2-бөлиминде қарыз шәртнамасында қарызды
бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги
бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши
қарыздың барлық суммасын тийисли процентлери менен бирге мүддетинен
алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы.
Кредит шәртнамасының 4.2.1-бәндинде, жуўапкер кредит ҳәм процент
төлемлерин шәртнамада белгиленген төлеў кестесине тийкар төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 5.1.3-бәндинде қарыз алыўшы тәрепинен усы микрокредит
шәртнамасында белгиленген ҳәр қандай төлем миннетлемелери орынланбағанда
банк микрокредитлеўди тоқтатыў ҳәм процентты және микрокредит бойынша
тийкарғы қарызды мүддетинен алдын өндириў мүмкинлиги белгиленген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен кредит шартнамасы бойынша ҳәр қандай төлем
миннетлемелери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң 2026-жыл 5-январь жағдайына 53 333 335 сом
тийкарғы қарызы (соннан 8 533 332 сом мүддети өткен), 4 718 004 сом мүддети
өткен процент қарызы, жәми кредит қарыздарлығы 66 584 671 сомды қураған.
Банктиң 2026-жыл 20-февраль жағдайына берилен мағлыўматнамасында
жуўапкердиң банк алдында 53 333 335 сом мүддетли тийкарғы қарызы, 2 133 333
сом мүддети өткен тийкарғы қарызы көрсетилген. Демек кредит бойынша
қарыздарлық қысман сөндирилген.
Бул жағдайда Палатаның жуўапкерден 53 333 335 сом тийкарғы кредит
қарызын (соннан 2 133 333 сом мүддети өткен) тийкарғы кредит қарызын
өндириў талаплары тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым.
Сондай-ақ, даўагер, жуўапкер ҳәм қамсызландырыў компаниясы
орталарында 2025-жыл 19-февраль күни кредит қайтпаслығы қәтерин тәмийнлеў
мақсетинде қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген ҳәм 0044239-санлы
электрон қамсызландырыў полиси берилген.
0044239-санлы электрон қамсызландырыў полисинде қамсызландырыў
пулы (баҳасы) 80 000 000 сом, қамсызландырыў сыйлығы 2 400 000 сом
муғдарында, қамсызландырыў мүддети 2025-жыл 19-февраль күнинен 2028-жыл
18-февраль күнине шекем деп белгиленген.
Усы шәртнаманың 3.1 – бәнтинде қамсызландырыў ҳәдийсеси болып,
қамсызландырыў мүддетинде жүзеге келген, қарыздардың кредит шәртнамасы
бойынша өз мойнына алған миннетлемелериниң орынланбағанлығы ямаса
лазым дәрежеде орынланбағанлығы, сондай-ақ, кредит бойынша тийкарғы қарыз
ҳәм процентлерди кредит шәртнамасында белгиленген шәртлер ҳәм
мүддетлерде төлей алмаўы есапланады.
Шәртнаманың 5.1-бәнтинде қамсызландырыў пулы қамсызландырыўшы
тәрепинен қамсызландырыў қылдырыўшыға (банкке) қарыздардың кредит
шәртнамасы бойынша миннетлемелери тийисли дәрежеде орынланбаған
жағдайларда, кредиттиң гиреў ямаса басқа түрдеги тәмийнат пенен
тәмийинленбеген бөлеги муғдарында, бирақ ҳәр қандай жағдайда да
қамсызландырыў пулынан аспаған муғдарда төленип бериледи.
Сондай-ақ, усы шәртнаманың 10.1-бәнтинде қамсызландырыўшы усы
шәртнама бойынша өз мойнына алған миннетлемелер менен қарыз алыўшы
менен бирге кредиттиң қамсызландырыў қылынған бөлеги бойынша
қамсызландырыў пулы муғдарында қамсызландырыў қылдырыўшы (банк)
алдында жуўапкер болыўы белгиленген.
ПКниң 238-статьясында мәжбүрият келисилген ҳәм тәреплер ушын мақул
болған усылда орынланыўы керек.
Демек, қамсызландырыў компаниясы жуўапкер менен биргеликте оның
банк алдындағы кредит бойынша қарызын төлеў миннетлемесин өз мойнына
алған. Бул жагдайда қамсызландырыў компаниясы солидар жуўапкер екенлигин
аңлатады.
Жуўапкердиң кредит шәртнамасы бойынша мойнына алған миннетлемени
орынламағанлығы ҳәм кредит қарыздарлығын кредит шәртнамасында
белгиленген шәртлер ҳәм мүддетлерде төлемегенлиги, қарыздарлыққа жол
қойғанлығы нәтийжесинде қамсызландырыў шәртнамасында нәзерде тутылған
шәртнама әмелде болған ўақытта қамсызландырыў ҳәдийсеси жүзеге келген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы (буннан кейин текстте
- Пленум деп жүритиледи)ның 2017-жыл 29-ноябрь күнги “Судлар тәрепинен
қамсызландырыў шәртнамасынан келип шығатуғын даўаларды шешиўде нызам
ҳүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 45-санлы қарарының
11.2-бәндинде, қамсызландырыў ҳәдийсеси келип шығыўы қәўпи барлығы
себепли қамсызландырылған ўақыя шәртнама әмелде болған дәўирде жүз берген
болсада, зыян жеткизилиўи оның әмел қылыў дәўири тамамланғаннан кейин
басланған болса, қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз берген есапланады ҳәм
қамсызландырыўшы, қамсызландырыў қылыўшы тәрепинен ПКниң 951статьясында белгиленген қағыйдаларға әмел қылған жағдайда, қамсызландырыў
төлемин төлеўге мәжбүр болады – деп түсиндирме берилген.
Пленум
қарарының
12-бәндинде,
ПКниң
951-статьясында
қамсызландыўшы қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенлиги ҳаққында мүлкий
қамсызландырыў шәртнамасында белгиленген мүддет ҳәм усылда
қамсызландырыўшыны хабардар қылыў миннетлемеси белгиленген.
Бул жағдайда судлар, қамсызландырыўшы мойнына тек ғана
қамсызландырыў ҳәдийсеси ҳаққында белгили ўақыт ҳәм усылда хабар бериў
миннетлемеси жүкленеди. Нызам менен қамсызландырыўшыға усы хабарнама
менен бир ўақытта қамсызландырыў төлемин алыў ушын лазым болған барлық
зәрүр ҳүжжетлерди усыныў миннетлемеси жүкленбегенлигине итибар бериўи
лазымығы түсиндирилген.
“Қамсызландырыў хызмети ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы
Нызамы 14-статьясы екинши бөлими 5-бәндине тийкар, қамсызландырыў
ҳәдийсеси жүз берген жағдайда, нызамшылықта яки қамсызландырыў (қайта
қамсызландырыў) шәртнамасында нәзерде тутылған мүддетлерде барлық зәрүр
есап-китапларды ҳәм қамсызландырыў төлемлерин әмелге асырыўы шәрт.
Даўагердиң қамсызландырыў компаниясына кредит шәртнамасы бойынша
қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенлиги ҳақкында жиберилген арза ҳәм
талапнамалар жуўапсыз қалдырылған.
Бул кредит қарыздарлығы бүгинги күн жағдайына даўа арза судқа
берилгеннен кейин қысман сапластырылған.
Сол себепли даўагер тәрепинен кредит қарыздарлығын жуўапкер ҳәм
қамсызландырыў компаниясынан солидар тәртипте талап қылыўы тийкарлы
табылады.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Сонлықтан, суд даўаның талапларын тийкарлы деп есаплап, шерик
жуўапкер тәрепинен қарыздарлық қысман сөндирилгенлигин итибарға алып,
даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкер ҳәм қамсызландырыў
компаниясынан даўагер пайдасына 53 333 335 сом кредит бойынша тийкарғы
кредит қарызын, 2 133 333 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын солидар
тәртипте өндириўди мақул тапты.
Буннан тысқары ЭПКниң 118-статьясы биринши бѳлимине муўапық суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Исти көриў нәтийжеси бойынша суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына төленген 41 200 сом почта
қарежети, республика бюджетине 1 331 693,42 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын.
“*****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “*****» акционерлик
жәмиети түриндеги қамсызландырыў компаниясынан солидар тәртипте
акционерлик коммерциялық Өзбекстан Республикасы «*****»ныӊ пайдасына
53 333 335 сом кредит бойынша тийкарғы кредит қарызы, 2 133 333 сом мүддети
өткен тийкарғы кредит қарызы өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“*****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен акционерлик
коммерциялық Өзбекстан Республикасы «*****»ныӊ пайдасына 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
“*****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине
1 331 693,42 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Г.Арзиева