← Назад
Решение #2809774 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2607/594-санлы ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026-жыл 19-февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында,
судья
жәрдемшиси
Қ.Пердебаевтың
хаткерлигинде,
Қарақалпақстан Республикасы фермерлери кеңеси **** жуўапкер ўәкил
****лардың қатнасыўында, Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси, тийкарғы
даўагер Беруний районы "****" фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер
Беруний районы «****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 800 219 580,2
сом тийкарғы қарызын, 200 054 895,1 сом жәрийма, жәми 1 000 274 475,3 сом
өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында,
видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Қарақалпақстан Республикасы фермерлери Кеңеси (буннан кейин текстте
– Кеңес деп жүритиледи) тийкарғы даўагер "****" фермер хожалығы (буннан
кейин текстте – даўагер деп жүритиледи)ның мәпин қорғап, жуўапкер “****”
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте – жуўапкер деп
жүритиледи)нен 800 219 580,2 сом тийкарғы қарызын, 200 054 895,1 сом
жәрийма, жәми 1 000 274 475,3 сом өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде Кеңес ўәкили даўа арза талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде истеги салыстырыў актиндеги қарыз
тек фермер хожалығы тәрепинен тастыйықланғанын, сонлықтан еки тәреплеме
тастыйықланған салыстырыў актиндеги 704 756 200 сом қарызын тән
алатуғынын ҳәм усы сумма есабынан 25% жәрийманың талап қылыныўын
тийкарлы деп есаплайтуғынын билдирип, жәмийеттиң финанс жағдайы жақсы
емеслигине байланыслы даўа арзада талап қылынған жәрийма суммасын
кемейтиўди сорады.
Тийкарғы даўагер суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын
тәмийинлемеди ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады.
Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкерди суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде
жиберилген судтың уйғарыўы жеткерилген.
Сонлықтан, суд даўагер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп
жүритиледи)нин 170-статьясының үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин
тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа
арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына муўапық, ҳәр
ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар
менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы
нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, бийғәрез ҳәмде қалыс суд
тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм
атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа
институтларынан ғәрезсиз түрде жумыс алып барады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәм усы Кодексте көрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң мәжбүриятлары алды-сатты шәртнамасынан
келип шыққан.
ПК 386-статьясына көре алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп
(сатыўшы) товарды басқа тарепке (сатып алыўшыға) товарды қабыл етип алып
бул ушын белгиленген пул суммасын (баҳа)сын төлеў мәжбүриятын алады
делинген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 17-февраль
күни 45572-санлы ҳәм 2025-жыл 06-март күни 65850-санлы алды-сатты фьючерс
шәртнамалары дүзилген. Шәртнамалардың 2.1-бәнтлерине муўапық даўагер
пахта шийки заты ушын ҳақ төлеўи ҳәм қабыл қылып алыўы, сатыўшы болса
пахта шийки өнимин жуўапкерге жеткерип бериў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.2.-бәнтинде сатып алыўшы тәрепинен Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 25-декабрь күнги 680-санлы
қарарына тийкар, шәртнаманың төлем қаржыларының 80% өнимди қабыл еткен
күннен баслап 3 (үш) ис күнинен кешиктирмей, қалған бөлегин болса қаржы
жылының 31-декабрь күнине шекем сатыўшының 23210-санлы есап-бетине
өткерип берилетуғынлығы көрсетилген.
Тәреплер орталарында дүзилген электрон есапбет-фактураларда жәми
872 841 280 сомлық пахта шийки зат өниминиң даўагер тәрепинен жуўапкерге
жеткизилгени тастыйықланады.
Фермер хожалығы тәрепинен тастыйқланған салыстырыў актине тийкар
даўа арзада 704 756 200 сом қарыз ҳәм усы сумманың 25% есабынан 176 189 050
сом жәрийма өндириў талаплары қойылған.
Суд мәжилисинде усынылған тәреплер тастыйқлаған салыстырыў актинде
жәми 704 756 200 сом қарызың жуўапкердиң тән алғаны тастыйықланады. Демек
даўа арзаның қарыз өндириў талабы 704 756 200 сом болыўы лазым.
Шәртнамалардың 5.5-бәнтлеринде сатып алыўшы дүзилген фьючерс
шәртнамасы шәртлери тийкарсыз орынланбағанда, суд қарарына муўапық биржа
питими бойынша шәртнама қунының орынланбаған бөлегиниң 25% муғдарында
жәрийма қолланылыўы белгиленген.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, анықланған 704 756 200 сомның 25%
есабынан 176 189 050 сом жәрийма талап қылыныўы мүмкин.
ПК 260-статьясы биринши бөлимине муўапық, нызамшылық
ҳүжжетлеринде яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени
орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи
шәрт болған пул суммасы неустойка есапланады.
ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрийма яки
пеня формасында болады.
ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын,
егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине
байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп
табылады.
ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың
мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў
ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды
Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери
ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген.
Талап қылынған жәрийма көлеми толық муғдарда өндирилиўи
жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд
кемейген 27 000 000 сомды өндириўди қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырўды мақул табады.
Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 704 756 200 сом қарыз, 27 000 000 ом жәрийма ҳәм 41 200
сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден мәмлекет бюджетине
20 005 489,51 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде жуўапкерден экономикалық ис
видеоконференция байланыс режими арқалы көрилгенлиги себепли, Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети
өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 157,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын.
“****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен "****" фермер
хожалығының пайдасына 704 756 200 сом қарыз, 27 000 000 ом жәрийма ҳәм 41
200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине
20 005 489,51 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
“****”
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен
Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева