Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2607/555 Дата решения 19.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID fd378d63-a501-4ef2-9303-ffbce9d71726 Claim ID PDF Hash 2e6f696a357921d3... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2607/555-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева УЙҒАРЫЎ (Ис жүритиўден қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2026-жыл 19-февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы фермерлери кеңеси*****, жуўапкер ўәкил ****** лардың қатнасыўында, Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси, тийкарғы даўагер Беруний районы "*****"улы фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер Беруний районы «*****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 91 579 472,6 сом тийкарғы қарызын, 22 894 868,2 сом жәрийма, жәми 114 474 340,8 сом өндириў ҳаққындағы даўа арзасын қосымша ҳүжжетлери менен бирге суд имаратында видеоконференция байланыс режими арқалы ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси (буннан кейин текстте – Кеңес деп жүритиледи) даўагер "*****"улы фермер хожалығы (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер «*****» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен 91 579 472,6 сом тийкарғы қарызын, 22 894 868,2 сом жәрийма, жәми 114 474 340,8 сом өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде даўагер даўа арза талапларынан ўаз кешетуғынлыгы ҳақкындағы 2026-жыл 19-февраль күнги арзасын судқа усынып, даўа арзасын ис жүритиўден қысқартыўды сорады. Тийкарғы даўагер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған тәреплер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд, олардың ўәкиллериниң қатнасыўларысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, усынылған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны ис жүритиўден қысқартыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына муўапық, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, бийғәрез ҳәмде қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз түрде жумыс алып барады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәм усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң мәжбүриятлары алды-сатты шәртнамасынан келип шыққан. ПК 386-статьясына көре алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тарепке (сатып алыўшыға) товарды қабыл етип алып бул ушын белгиленген пул суммасын (баҳа)сын төлеў мәжбүриятын алады делинген. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 27-февраль күни 56846-санлы ҳәм 2025-жыл 07-март күни 67635-санлы алды-сатты фьючерс шәртнамалары дүзилген. Шәртнамалардың 2.1-бәнтлерине муўапық даўагер пахта шийки заты ушын ҳақ төлеўи ҳәм қабыл қылып алыўы, сатыўшы болса пахта шийки өнимин жуўапкерге жеткерип бериў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.2.-бәнтинде сатып алыўшы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 25-декабрь күнги 680-санлы қарарына тийкар, шәртнаманың төлем қаржыларының 80% өнимди қабыл еткен күннен баслап 3 (үш) ис күнинен кешиктирмей, қалған бөлегин болса қаржы жылының 31-декабрь күнине шекем сатыўшының 23210-санлы есап-бетине өткерип берилетуғынлығы көрсетилген. Тәреплер орталарында дүзилген электрон есапбет-фактураларда жәми 160 270 273 сомлық пахта шийки зат өниминиң даўагер тәрепинен жуўапкерге жеткизилгени тастыйықланады. Фермер хожалығы тәрепинен тастыйқланған салыстырыў актине тийкар даўа арзада 91 579 472,6 сом қарыз ҳәм усы сумманың 25% есабынан 22 894 868,2 сом жәрийма өндириў талаплары қойылған. Бирақ тийкарғы даўагер даўа талабынан ўаз кешетуғынлыгы ҳақкындағы арзасын судқа усынды. Сонлықтан ЭПКниң 110-статьясы 6-бәндине тийкар, даўагер даўасынан ўаз кешкен ҳәм суд оны қабыл қылған болса, ис өндиристен қысқартылады. Суд, жоқарыдағыларға тийкар, даўагердиң арзасын қабыл қылып қанаатландырыўды экономикалық исти ис жүритиўден қысқартыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясына тийкар, Кеңес мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенликтен мәмлекетлик бажы өндирилместен қалдырылады. Сонлықтан, суд даўа арзаны ис жүритиўден қысқартыўды, истиң биринши инстанция судында көрилиўи менен байланыслы даўагер тәрепинен алдыннан төлеген 41 200 сом почта қарежетин даўагер мойнында қалдырыўды, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. ЭПКниң 118, 195-196-статьялары ҳәм 110-статьясын қолланып, суд УЙҒАРДЫ: Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси, тийкарғы даўагер Беруний районы "*****"улы фермер хожалығы тәрепинен берилген даўа арзасынан ўаз кешетуғынлығы ҳақкындағы арзасы қанаатландырылсын 4-2301-2607/555-санлы экономикалық иси өндиристен қысқартылсын. "*****"улынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Уйғарыўға наразылық (протест) келтирилиўи мүмкин. Судья Г.Арзиева