← Назад
Решение #2809849 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2604/138-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026-жыл 19-февраль
Нөкис
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.Т.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Б.З.Ибрагимовтың
хаткерлигинде,
даўагер
ўәкили
юрист
ХХХ
(2025-жыл
12-ноябрь күнги 03-03/52-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили ХХХ (исеним
хат тийкарында)лардың қатнасыўларында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ АКБ «ХХХ» мәпин қорғап,
жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен кредит бойынша 2
780 013 000 сом тийкарғы қарызы ҳәм 722 545 000 сом пайыз қарызын даўагер
пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын өз суды имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) АКБ «ХХХ» (буннан
кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети
(буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан кредит бойынша 2 780
013 000 сом мүддети өткен қарызы ҳәм 722 545 000 сом пайыз қарызын даўагер
пайдасына өндириўди сораған.
ССП даўа арзасында исти өзиниң ўәкилисиз қараўды сорағанлығы себепли
суд исти оның ўәкили қатнасыўысыз қараўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ССП даўагер мәпинде судқа даўа муғдарын көбейтиў
ҳаққындағы арза менен мүрәжаат етип, арзасында даўа арзада талап қылынған
пайыз муғдарын көбейткен ҳалда жуўапкерден кредит бойынша 2 780 013 000
сом тийкарғы қарызын ҳәм 769 144 000 сом пайыз қарызын өндириўди сораған.
Бул арза судтың 2026-жыл 05-февраль күнги уйғарыўы менен ис жүритиў
ушын өндириске қабыл қылынған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын,
график бойынша қарызларын ѳз ўақтында тѳлемегенлигин, бүгинги күнге пайыз
қарызында өсим пайда болғанын, бул қарыздарлықлары судқа усынылған
ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арза ҳәм оған
қосымша қылынған арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талапларын қысман
тән алып, даўагер менен шәртнама болғаны менен қамсызландырыў компаниясы
мененде шәртнама бар екенлигин, қарыздарлықтың бир бөлегин
қамсызландырыў компаниясы қаплап бериўи кереклигин билдирди.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин
тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
22-февраль күни дүзилген 35-F/ХХХ- 27669/24-санлы кредит шәртнамасына
тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 10% бенен 2025-жыл 01-апрелге
шекем 3 163 960 800 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда- ПК)
236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери
талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары
(кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның
ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 19-декабрь жағдайына
2 780 013 000 сом тийкарғы қарызы, 722 545 000 сом пайыз қарызы пайда болған.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 19-февраль жағдайына усынылған
мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен 2 780 013 000 сом мүддети өткен
қарызы ҳәм 782 086 000 сом пайыз қарызы усы күнге шекем төленбеген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд кредит бойынша қарыздарлығы болған 2 780 013 000 сом
ҳәм пайыз қарыздарлығын 769 144 000 сомға толық қанаатландырыўды лазым
тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына
жүклетиледи.
Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң
мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының
2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының
2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем
болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы
суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына
өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық
ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта
қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл
02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 70 983 140 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинан АКБ «ХХХ»
пайдасына 2 780 013 000 сом мүддети өткен қарызы, 769 144 000 сом пайыз
қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинан Республика
бюджетине 70 983 140 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ишинде кассация
тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Т.Бекмуратов