← Назад
Решение #2809862 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2607/10-санлы экономикалық ис
судья Г.А.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026-жыл 19-февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкиллери ****, жуўапкер ўәкили хожалық баслығы ***** лардың
қатнасыўында, арза бериўши *****ның жуўапкер Хожели районы “*****”
фермер хожалығына 6 300 000 сом жәрийма санкциясын қоллаў ҳәм оны
өндириў ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин
Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги имаратында ашық
көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Арза бериўши ***** (буннан кейин текстте – арза бериўши деп
жүритиледи), жуўапкер “*****” фермер хожалығы (буннан кейин текстте –
жуўапкер деп жүритиледи)на 6 300 000 сом жәрийма санкциясын қоллаўды ҳәм
оны өндириўди сораған.
Судтың 2026-жыл 12-январь күнги уйғарыўы менен Хожели районы Суў
жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеми ҳәм Хожели районы Аўыл
хожалығы бөлими даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын
үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Көшпели суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили ****, суўдан пайдаланған
жағдайы бойынша сол дәўирдеги фермер хожалығы баслығы **** дүзилген
ҳүжжетлерге қол қойыўдан бас тартқанлығын, бирақ өткерилген тексериў
бойынша жуўапкердиң атызына барғанлығын билдирип, арза талабына нызамлы
баҳа бериўди сорады.
Жуўапкер хожалық баслығы суд мәжилисинде арза тийкарсыз екенин,
себеби тексериў өткерилген ўақытта атызды суўғарыў дәўири емес екенлигин
билдирип, арзаны қанаатландырмаўды сорады.
Үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин тексте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына тийкар суд жуўапкер,
үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша
топланған
ҳүжжетлерди
үйренип
шығып,
арзаны
қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31марттағы "Тәбияттан пайдаланыў саласында мәмлекетлик хызметлер
көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында"ғы
255-санлы қарары менен тастыйықланған Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса
суўды арнаўлы тутыныўға рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер
көрсетиўдиң Ҳәкимшилик регламентиниң 3-бәнтине муўапық, рухсатнама алмай
турып суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў қадаған
етиледи.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер - фермер хожалығы тәрепинен
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 19-март күнги 82санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында суўдан
пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққында”ғы Реже талапларының орынланыўы
бойынша арза бериўши үйрениў өткерген.
Үйрениў нәтийжесинде фермер хожалығы тәрепинен 2024-жыл хасылы
ушын вегетация дәўиринде Хожели районы Суў жеткизип бериў хызмети
мәмлекетлик шөлкеми менен шәртнама дүзип, бирақ арнаўлы руҳсат алмастан
42000 м3 суўдан пайдаланғанлығы анықланғанлығы жүзесинен 2024-жыл 11октябрь күни акт рәсмийлестирилген.
Актке көре арза бериўши жуўапкерге ѳзбасымшалық пенен пайдаланған
42200 м3 суўдың ҳәр мың кубометри ушын 150 сомнан 6 300 000 сом жәрийма
есаплаған.
Жәрийманы ықтыярый төлеў ҳаққында жуўапкерге 2024-жыл 27-декабрь
күни 2817-санлы талапнама жиберилген. Жуўапкер жәрийманы төлемегенлиги
себепли арза бериўши 2025-жыл 30-декабрьдеги арзасы менен судка мүрәжат
еткен.
Суд, арза талабын төмендеги жағдайлар бойынша қанаатландырыўға
тийкарлар жоқ деп табады.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
ЭПК 221-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир
шарасын қоллаў ҳаққындағы ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде:
ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги
фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа ҳүжжет
дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери бар-жоқлығын,
усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта жуўапкершилик
нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ушын
тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-сентябрь
күнги 500-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Суў
хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин
ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳаққында”ы Реже(кейинги
орынларда Реже деп жүритиледи)ниң 2-бәнтине муўапық, инспекция Өзбекстан
Республикасындағы ең әҳмийетли гидротехника қурылмаларының қәўипсизлиги
ҳәмде жер үсти суўлары объектлеринде суўдың ақылға уғрас басқарылыўын,
суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы қағыйдаларын қадағалаўшы орган болып
есапланады.
Режениң 16-бәнти он екинши хатбасына көре, аймақлық басқармалардың
тийкарғы функцияларының бири суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы
бойынша белгиленген тәртипке суў хожалығы шөлкемлери ҳәм басқа суўдан
пайдаланыўшылар, сондай-ақ, фермер ҳәм дийхан хожалықлары ҳәм басқа суў
тутыныўшылары тәрепинен қатаң әмел қылыўын бақлаў болып табылады.
Арза бериўшиниң тексериў өткериў ҳаққындағы 2024-жыл 30-сентябрь
күни 1025-ИЧ-санлы буйрығы қабыл етилген ҳәм тексериў бағдарламасы
тастыйықланған. Буйрықтың қабыл етилиўине Хожели районы Суў жеткизип
бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеминиң 2024-жыл 16-сентябрь күнги 01/03-02366-санлы хаты тийкар болған.
Өз наўбетинде усы мәмлекетлик шөлкеминиң хатына шөлкем хызметкери
*****тың сәнеси көрсетилмеген мағлыўматы тийкар болған.
Бул мағлыўматқа көре жуўапкер тәрепинен жер майданларына 42000 м3
суў муғдары сарпланғаны анықланған. Мағлыўмат пенен жуўапкер ўәкилиниң
нызамда белгиленген тәртипте таныстырылғаны яки акт дүзилиўинде оның
қатнасқаны, егер қатнасқан болса қол қойыўдан бас тартқаны бойынша
мағлыўматлар жоқ. Сондай-ақ, суў муғдарының сарпланғаны рәсмий тәртипте
тийкарланбаған ҳәм еккен салы егиниң майданы анықланбаған.
Тексериў бағдарламасының 2-бәнтинде тексериўшиге суў алыўға рухсат
етилмеген орынлардан суўдан рухсатсыз, өзбасымшалық пенен алған жағдайын
үйрениў ўазыйпасы жүклетилген.
Бирақ, арза бериўши тәрепинен бул жағдайлар үйренилмеген, тексериўши
****тың жуўапкердиң жер майданына барған, бармағаны ҳәмде тексериўши
тәрепинен ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған яки болмағанлығы ҳәм оның
исленгенлиги факти анықланбағаны истеги ҳүжжетлер менен ҳәмде суд
мәжилисиндеги арза бериўши ўәкилиниң түсиник-ўәжлери менен
тастыйықланады.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, жуўапкердиң гектарлары анық болған
жер майданына суўдан пайдаланғаны анықланбағаны тастыйықланады.
Сонлықтан арза бериўшиниң жуўапкер өзбасымшалық пенен 42000 м3 суўдан
пайдаланғанлығы ҳаққындағы ўәжи тийкарсыз есапланады.
Қарар истиң жағдайлары ҳаққындағы болжаўларға тийкарланған болыўы
мүмкин емес. Демек арза бериўши тәрепинен тексериў күнинде жуўапкердиң
жер майданына 42000 м3 суўдан өзбасымшалық пенен пайдаланғанлығы факти
дәлийллеп берилмегенлиги себепли жуўапкерге жәрийма қоллаўға тийкар жоқ.
Жуўапкердиң өзбасымшалық пенен алынған суў муғдары қандай усылда
ҳәм қайсы ҳүжжетлерге тийкар анықланғаны арза бериўши тәрепинен тийисли
дәлийллер менен дәлийлленбеди. Сондай-ақ, ис ҳүжжетлеринде алынған суў
муғдары гидромодуль усылы арқалы есапланғанлығы көрсетилмеген ҳәмде
есаплаў тәртиби, формуласы, қолланылған норматив ҳүжжет ҳәм гидромодуль
көрсеткишлери баян етилмеген.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясының 19-бәнтине муўапық, арза бериўши ҳәм жуўапкер мәмлекетлик
бажы төлеминен азат етилгени ушын мәмлекетлик бажы өндирилместен
қалдырылады.
Төленген 41 200 сом почта қәрежети арза бериўши мойнында қалады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
Е Т Т И:
Арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине
киреди.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.А.Арзиева