Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2604/281 Дата решения 19.02.2026 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f069b13a-fe70-43af-9672-a6f76846e410 Claim ID PDF Hash 4b30d5e63089e826... Загружено 10.04.2026 17:05 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2604/281-санлы экономикалық ис Судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2026-жыл 19-февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Б.З.Ибрагимовтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси ХХХ, даўагер ўәкиллери юрисконсульт ХХХ (2026-жыл 18-февраль күнги 01/02-275-санлы исеним хат), аўыл хожалық бөлими баслығының орынбасары ХХХ (2026-жыл 18-февраль күнги 01/02-276-санлы исеним хат), жуўапкер ўәкили фермер хожалық баслығы ХХХ ҳәм үшинши шахс ўәкили Қарақалпақстан Республикасы салық басқрмасы инсректоры ХХХ (2026-жыл 19-февраль күнги 19-34801-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, даўагер ХХХ районы ҳәкимлигиниң жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығы менен 2022-жыл 22-январь күни дүзилген 55-санлы жер ижара шәртнамасын бийкар етиў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасын, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, ХХХ районы аўыл хожалығы бөлими, ХХХ районы статистика бөлими, ХХХ районы мелиорация бөлими, ХХХ районы суў жеткерип бериў хызмети мәмлекетлик мекемеси, ХХХ районы салық инспекциясы ҳәм ХХХ районы фермерлер кеңесин иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер ХХХ районы ҳәкимлиги (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) менен 2022жыл 22-январь күни дүзилген 55-санлы жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди сораған. Судтың 2026-жыл 11-январь күнги уйғарыўы менен иске Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасын, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, ХХХ районы аўыл хожалығы бөлими, ХХХ районы статистика бөлими, ХХХ районы мелиорация бөлими, ХХХ районы суў жеткерип бериў хызмети мәмлекетлик мекемеси, ХХХ районы салық инспекциясы ҳәм ХХХ районы фермерлер кеңеси (буннан кейин текстте үшинши шахслар деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында үшинши шахслар тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги ҳаққында суд мәжилиси басланғанға шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли түрде хабардар етилген деп есапланады. ЭПК 170-статьясының үшинши бөлиминде ис додалаўының ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли түрде хабардар етилген жуўапкер ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслар суд мәжилисине келмесе, даў олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги көрсетилген. Сол себепли суд исти үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкиллери жуўапкер тәрепинен жер ижарасы шәртнамасы, жерге байланыслы Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм Жер кодексиниң талаплары бузылғанлығын, даўа талабы судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, оны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер фермер хожалық баслығы қәтекемшиликлерин мойынлайтуғынлығын, бирақ келешекте өзиниң есабынан егинлер егип, режелерди орынлайтуғынын, қарыздарлығын төлейтуғынын, жумысларын даўам еттирмекши екенлигин билдирип, мүддет бериўди сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс ўәкили жуўапкерге қарата үш жыл даўамында салық қарыздарлығы болып келгенлигин, бул қарыздарлықлар ҳәзирги ўақытта төленбегенлигин билдирди. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўа талабы тийкарлы деп есаплайтуғынлығын билдирип, оны қанаатландырыўды сорады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндириўлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясы 68-статьясының биринши бѳлимине муўапық, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў тийис ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болады. Анықланыўынша, жуўапкерге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 22-январь күнги 32-13-0-Q/22-санлы қарары менен пахта-ғәллешилик фермер хожалығын шѳлкемлестириўи ушын ХХХ районы, ХХХ АПЖ аймағынан улыўма майданы 131 гектар жер майданлары 49 жыл мүддетке ижараға ажыратып берилген. Усы қарар тийкарында тәреплер ортасында 2022-жыл 22-январь күни жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққында 55-санлы шәртнама (буннан кейин текстте жер ижарасы шәртнамасы деп жүритиледи) дүзилген. Жуўапкердиң жерге болған ижара ҳуқықы 2023-жыл 13-ноябрь күни 1735211/Ү-ХХХ-санлы реестр менен мәмлекетлик дизимнен өткизилип, ХХХкадастр рақамы берилген. Даўа арза ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен 2023-жылы 22,0 гектар жерге пахта, 22,0 гектар жерге бийдай егиў режелестирилген болып, соннан әмелде 22,0 гектар жерге пахта, 22,0 гектар жерге бийдай егилген. 2023-жыл өними ушын егилген пахтадан реже бойынша 30,0 тонна пахта тапсырыў режелестирилген болып, әмелде 30,1 тонна пахта тапсырылып, реже 100,3 пайызға орынланған ҳәм бийдай өнимин тапсырыў режеси 60,2 тонна болып, әмелде 33,9 тоннаға тапсырылып, реже 56,3 пайызға орынланған. 2024-жыл өними ушын 25,2 гектар жерге пахта, 22,4 гектар жерге бийдай егиў режелестирилген болып, соннан әмелде 25,2 гектар жерге пахта, 22,4 гектар жерге бийдай егилген. 2024-жыл өними ушын егилген пахтадан реже бойынша 43,5 тонна пахта тапсырыў режелестирилген болып, әмелде 11,0 тонна пахта тапсырылып, реже 25,3 пайызға орынланған ҳәм бийдай өнимин тапсырыў режеси 69,8 тонна болып, әмелде 39,0 тоннаға тапсырылып, реже 55,9 пайызға орынланған. 2025-жыл өними ушын 24,4 гектар жерге пахта, 30,0 гектар жерге бийдай егиў режелестирилген болып, соннан әмелде 24,4 гектар жерге пахта, 30,0 гектар жерге бийдай егилген. 2025-жыл өними ушын егилген пахтадан реже бойынша 90,2 тонна пахта тапсырыў режелестирилген болып, әмелде 19,6 тонна пахта тапсырылып, реже 21,7 пайызға орынланған ҳәм бийдай өнимин тапсырыў режеси 79,7 тонна болып, әмелде 39,8 тоннаға тапсырылып, реже 49,9 пайызға орынланған. 2025-жыл ушын 24,4 гектар жерге пахта егилген «Қарақалпақстан Агро кластер» кәрханасы менен биржа саўдасы арқалы 90,2 тоннаға шәртнама дүзилген. ХХХ районлық салық инспекциясының 2025-жыл 09-декабрь күнги мағлыўматнамасына тийкар жуўапкердиң 149 345 438 сом мәмлекет алдындағы салық қарыздарлығы бар екенлиги анықланған. «Агробанк» АКБ ХХХ филиалы 2025-жыл 13-декабрь күнги 269-санлы мағлыўматнамасына тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-март күнги 130-санлы қарарына тийкар 2024-жыл пахта өнимин жетилистириў ушын ажыратылған кредиттен 132 511 400 мың сом, Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-март күнги 130-санлы қарарына тийкар 2025-жыл ғәлле өнимин жетилистириў ушын ажыратылған кредиттен 17 043 850 мың сом, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-март күнги 130-санли қарарына тийкар 2025-жыл пахта өнимин жетилистириў ушын ажыратылған кредиттен 273 428 230 мың сом, жәми 422 983 480 мың сом кредит қарыздарлығы бар екенлиги анықланған. ХХХ районы Суў жеткерип бериў хызметиниң 2025-жыл 17-декабрь 01/04-05-251-санлы мағлыўматнамасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-январьдағы «Төменги буўында суў ресурсларынан басқарыў тизимин жеделлестириў ҳәмде суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5-санлы қарарында Суў ресурсларынан пайдаланыў өнимдарлығын асырыў, суўдан пайдаланыў мәдениятын жоқары дәрежеге жеткериў арқалы халқымыздың сана-сезимин суў тегин түсинигинен бас кештирип ҳәмде суў тежейтуғын суўғарыў технологияларын кеңейтирилген тәртипте енгизиўди даўам еттириў мақсетинде 2024-жылдан баслап аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәмде балықшылықты раўажландырыў ушын суў сарпы, соның менен бир қатарда дийқан хожалықлары ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерге ийе болған пуқаралар ушын суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық 1 м3 суў ушын 100 сом деп белгиленген ҳәмде сарып қылынған суў муғдары есабы жүритилмеген, суў есабын жүритиўден бас тартқан, суў өлшеў қурылмалары болмаған аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылары ушын салық базасы Халық депутатлары районлық кеңеси тәрепинен тастыйықланған лимитке қарағанда еки барабар етип есаплаў айтып өтилген. Соннан жуўапкер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы ПҚ-144-санлы қарарында көрсетилген суў тежеўши технологияларды тезлестириў ис-илажлары ҳаққындағы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-апрельдеги ПҚ-107санлы қарарында суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў кешиктирип болмайтуғын ис-илажлар ҳаққындағы қарарын орынлаў мақсетинде ғаўаша майданларына суў тежеўши технология қурылмағанлығы бойынша бир қанша ескертиўлер берилген. ХХХ районы Суў жеткерип бериў хызмети ММси қәнийгелери тәрепинен үйренип шығылғанда, суў тежеўши технология қурылмағанлығы, жап-салмалар тазаланбағанлығы, жап-салмалар бетонланбағанлығы, суўды өлшеп алыўшы және де рейкалар жоқ екенлиги, 2025-жыл вегетация (өсиў дәўири) дәўиринде 305,420 м3 суў пайдаланылғанлығы, яғный Салық басқармасынан 35 596 000 сом қарыздарлығы бар екенлиги анықланған. Буннан басқа, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм Қорғаныў агентлигиниң ХХХ районлық бөлиминиң 2025-жыл 16-декабрь күнги 32-санлы мағлыўматнамасына: Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-465-санлы Қарары қабыл етилгенлиги ҳәм бул қарар тийкарында дала шетлери ҳәм каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда, хожалық қыйтақ жерлери, хожалықлар ҳәм көп қабатлы үйлер алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлери жетистириўди нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы экспортқа бағдарлаўға қаратылған илажлар белгиленген. ХХХ районы ХХХ АПЖ аймағында жайласқан жуўапкерге тийисли дала шетлерине мийўе нәллерин егиў бойынша мониторинг жумыслары алып барылған. Усы мониторинг нәтийжесинде жуўапкер тәрепинен 2025-жыл бәҳәр айларында 200 түп шийе мийўе нәллери егилген. Усы егилген шийе мийўе нәллери тийислилиги бойынша өзлерине бириктирилген жерлерде, жер ийелери тәрепинен қорғаў, қуўрап қалыўының алдын алыў, азықландырыў, суўғарыў, түрли зыянкеслерге қарсы химиялық ислеў бериў, тәрбиялаў жумысларын алып барыў жуўапкерге бириктирилген болса да, усы шийе мийўе нәллерин тәрбиялаўда немқурайдылық пенен қаралғанлығы себебли набыт болғанлығы анықланған. Агросанаат өнимлери үстинен қадағалаў инспекциясы ХХХ районлық бөлиминиң 2026-жыл 12-январь күнги 10/26-07-санлы мағлыўматында Фермер хожалығының 7 контурында жәми 26,3 гектар жер майданларында ғаўаша егилгенлиги, 3 контурда жәми 10 гектар майданда салы егилгенлиги, 2 контурда 7,2 гектар майданға мәш егилгенлиги, 9,1 гектар гүнжи, 2026-жыл зүрәәти ушын 5 контурға 18,0 гектар майданға гүзги бийдай ҳәм 5,3 гектарға от-жем егилгенлиги, үйрениў даўамында фермер хожалығы тәрепинен 2 контурда (654,653) егилместен, бос ҳалда таслап қойылғанлығы, сондай-ақ, жер участкаларынан атыз шетлериндеги каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор дренаж тармақлары әтирапындағы салмалар тазаланбағанлығы көрсетилген. Сонлықтан, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2026-жыл 8-январь күни жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасын өз-ара келисим тийкарында бийкар етиў ҳаққында 01-01/29-санлы усыныс берилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен 2026-жыл 13-январь күнги жуўап хатында усыныста келтирилген қәте-кемшиликлерди сапластыратуғынлығын, жер ижара шәртнамасының бийкар етилиўине қарсы екенлигин билдирген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 384-статьясына муўапық, шәртнама қандай формада дүзилген болса, они өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим де, егер низамшылықтан, шәртнамадан яки ис қатнасығы әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, сондай формада дүзиледи. Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен бас тартыў жуўабын алғаннан кейин яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда я болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет болмағанда болса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан кейин, шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы мүмкин. Бул жағдайда даўагер тәрепинен судқа даўа арза киритилмесинен алдын ПКниң 384-статьясы талапларына толық әмел етилген. Сол себепли, даўагер экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер менен дүзилген 2022-жыл 22-январь күнги 55-санлы жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди сораған. Өзбекстан Республикасы Жер кодекси (буннан кейин текстте ЖК деп жүритиледи) 36-статьясының үшинши ҳәм бесинши бөлимлерине муўапық, жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын яки жер участкасынан турақлы ямаса ўақтынша пайдаланыў ҳуқықын усы статья биринши бөлиминиң 6-11-бәнтлеринде көрсетилген жағдайларда сапластырыў усы Кодекстиң 38-статьясында белгиленген тәртипте суд тәрепинен әмелге асырылады. Усы статья биринши бөлиминиң 1, 2, 6-10, 13-бәнтлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкасына болған ижара ҳуқықын сапластырыў усы Кодекстиң 24-статьясында нәзерде тутылған тәртипте жер участкасының ижара шәртнамасын бийкар етиў жолы менен әмелге асырылады. ЖК 24-статьясының он алтыншы бѳлимине тийкар, жер участкаларын ижараға алыў шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиў тәреплердиң келисими менен, бундай келисимге ерисилмеген жағдайда болса, судтың шешиўши қарары менен әмелге асырылады. ЖКниң 36-статьясы биринши бѳлиминиң 6-бәндине муўапық, жер участкасынан рухсат етилген пайдаланыўдың тийкарғы түрине муўапық емес пайдаланылғанда, 7-бәндине муўапық, жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланылмағанда, 8-бәндине муўапық, жер участкасынан топырақ өнимдарлығының пәсейиўине, оның химиялық ҳәм радиоактив затлар менен патасланыўына, экологиялық жағдайдың жаманласыўына алып келетуғын усыллар менен пайдаланылған жағдайда, 9-бәндине муўапық, нызамшылықта белгиленген мүддетлерде жер салығы, сондай-ақ, ижара шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ижара ҳақы турақлы төленбей келингенде, 91-бәндине муўапық, жер участкасын алғанлық ушын ҳақы белгиленген мүддетлерде төленбегенде - мүддети өткен қарыздарлық оның бар екенлиги ҳаққында ўәкилликли уйымлар тәрепинен ескертиў берилген сәнеден баслап алты ай ишинде сапластырылмаған жағдайда ҳәмде 10-бәндине муўапық, аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын берилген жер участкасынан бир жыл даўамында ҳәм аўыл хожалығы тараўына тийисли болмаған мүтәжликлер ушын берилген жер участкасынан еки жыл даўамында пайдаланылмаған жағдайда, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етиледи. Сондай-ақ, ПК 382-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине кѳре, егер усы Кодексте, басқа нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық ѳзгертирилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин. Тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек ғана тѳмендеги жағдайларда ѳзгертилиўи яки бийкар етилиўи мүмкин: 1) екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса; 2) усы Кодекс, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған ѳзге жағдайларда. Соның менен бирге, тәреплер ортасында дүзилген жер ижарасы шәртнамасының 17-бәндинде оны бийкар етиў тийкарлары көрсетип өтилген. Даўагер тәрепинен судқа усынылған Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының салыстырыў актлерине көре, жуўапкердиң жер салығы бойынша 2023-жылдың 31-декабрь жағдайына 4 744 979 сом, 2024-жылдың 31-декабрь жағдайына 4 069 998,58 сом, 2025-жылдың 31-декабрь жағдайына 15 410 854,80 сом ҳәм 2026-жылдың 19-февраль жағдайына 15 410 854,80 сом қарыздарлықлары жүзеге келген. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 432-статьясына муўапық, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын салықты төлеў төмендегише әмелге асырылады: есабат жылының 1-сентябрине шекем - жыллық салық суммасының 30 пайызы; есабат жылының 1-декабрине шекем - салықтың қалған суммасы. Бирақ, жуўапкер тәрепинен жер салығын төлеўдиң нызамшылықта белгиленген мүддетлери турақлы түрде бузылып келинген. Даўа арзасында келтирилген басқа себеплер бойынша жер ижарасы шәртнамасын бийкар етиў тийкарлары ЖК 36-статьясының биринши бөлиминде, ПКде, басқа нызамлар ҳәмде шәртнамада нәзерде тутылмаған. Сол себепли суд даўагердиң даўа арзасында көрсетилген басқа ўәжлери менен келисе алмайды. Жоқарыдағыларға тийкар суд даўагердиң даўа талабы қысман өз тастыйығын тапты деп есаплап, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий емес түске ийе даўа арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырылсын. Даўагер ХХХ районы ҳәкимлиги ҳәм жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығы ортасында 2022-жыл 22-январь күни дүзилген жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққындағы 55-санлы шәртнама бийкар етилсин. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан даўагер ХХХ районы ҳәкимлигиниң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан республика бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Б.Т.Бекмуратов