← Назад
Решение #2809879 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2609/16-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2026-жыл 19-февраль
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаровтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили И.Юлдашов (2026-жыл 05-февраль күнги 562-санлы исеним
хат тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши Өзбекстан Республикасы Суў
хожалығы министрлиги жанындағы суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин
ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инпекциясы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасының жуўапкер Хожели районы “Anv r q ngli”
фермер хожалығына 787 500 сом жәрийма санкциясын қоллаў ҳәм оны өндириў
ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин Қарақалпақстан
Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги имаратында ашық көшпели суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Арза бериўши Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги
жанындағы суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды
қадағалаў инпекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жуўапкер
“Anv r q ngli” фермер хожалығына 787 500 сом жәрийма санкциясын қоллаўды
ҳәм оны өндириўди сораған.
Судтың 2026-жыл 12-январь күнги уйғарыўы менен Хожели районы Суў
жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеми ҳәм Хожели районы Аўыл
хожалығы бөлими даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын
үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Көшпели суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили И.Юлдашов тексериў
өткерген хызметкер Ж.Нураев ҳәзирги дәўирде пенсия шығып кеткенин,
анықланыўынша, суўдан пайдаланған жағдайы бойынша фермер хожалығы
ўәкили анықлық киритиў ҳәм тексериў өткериў ушын шақырылғанын, бирақ
ўәкил келмегенин, сонлықтан өткерилген тексериў бойынша жуўапкердиң
атызына барылмағанын, тексериў нәтийжеси жүзесинен анықланған нызам
бузыўшылық жағдайы жүзесинен рәсмийлестирилген актке жуўапкер
ўәкилиниң имзасы қойылмағанын билдирип, арза талабына нызамлы баҳа
бериўди сорады.
Жуўапкер ҳәм үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи) 170-статьясына тийкар суд
2
жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым
тапты.
Үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи) 170-статьясына тийкар суд
жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым
тапты.
Суд, арза бериўши ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша
топланған
ҳүжжетлерди
үйренип
шығып,
арзаны
қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31марттағы "Тәбияттан пайдаланыў саласында мәмлекетлик хызметлер
көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында"ғы
255-санлы қарары менен тастыйықланған Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса
суўды арнаўлы тутыныўға рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик
хызметлер көрсетиўдиң Ҳәкимшилик регламентиниң 3-бәнтине муўапық,
рухсатнама алмай турып суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы
тутыныў қадаған етиледи.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер - фермер хожалығы тәрепинен
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 19-март күнги
82-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында суўдан
пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ҳаққында”ғы Реже талапларының орынланыўы
бойынша арза бериўши үйрениў өткерген.
Үйрениў нәтийжесинде фермер хожалығы тәрепинен 2024-жыл хасылы
ушын вегетация дәўиринде режесиз салы егип, арнаўлы руҳсат алмастан
5250м3 суўдан пайдаланғанлығы анықланғанлығы жүзесинен 2024-жыл 09октябрь күни акт рәсмийлестирилген.
Акт тийкарында дүзилген есабатқа көре арза бериўши жуўапкерге
ѳзбасымшалық пенен пайдаланған 5250 м3 суў ушын 787 500 сом жәрийма
есаплаған.
Жәрийманы ықтыярый төлеў ҳаққында жуўапкерге 2024-жыл 27декабрь күни 2823-санлы талапнама жиберилген. Жуўапкер жәрийманы
төлемегенлиги себепли арза бериўши 2025-жыл 30-декабрьдеги арзасы менен
судка мүрәжат еткен.
Суд, арза талабын төмендеги жағдайлар бойынша қанаатландырыўға
тийкарлар жоқ деп табады.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
ЭПК 221-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир
шарасын қоллаў ҳаққындағы ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде:
ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги
фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа
3
ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери баржоқлығын, усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта
жуўапкершилик нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир
шарасын қоллаў ушын тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27сентябрь күнги 500-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан
Республикасы Суў хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы
объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы
ҳаққында”ы Реже(кейинги орынларда Реже деп жүритиледи)ниң 2-бәнтине
муўапық, инспекция Өзбекстан Республикасындағы ең әҳмийетли
гидротехника қурылмаларының қәўипсизлиги ҳәмде жер үсти суўлары
объектлеринде суўдың ақылға уғрас басқарылыўын, суўдан пайдаланыў ҳәм
суў тутыныўы қағыйдаларын қадағалаўшы орган болып есапланады.
Режениң 16-бәнти он екинши хатбасына көре, аймақлық
басқармалардың тийкарғы функцияларының бири суўдан пайдаланыў ҳәм суў
тутыныўы бойынша белгиленген тәртипке суў хожалығы шөлкемлери ҳәм
басқа суўдан пайдаланыўшылар, сондай-ақ, фермер ҳәм дийхан хожалықлары
ҳәм басқа суў тутыныўшылары тәрепинен қатаң әмел қылыўын бақлаў болып
табылады.
Арза бериўшиниң тексериў өткериў ҳаққындағы 2024-жыл 30-сентябрь
күни 1029-ИЧ-санлы буйрығы қабыл етилген ҳәм тексериў бағдарламасы
тастыйықланған. Буйрықтың қабыл етилиўине Хожели районы Суў жеткизип
бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеминиң 2024-жыл 16-сентябрь күнги 01/0302-366-санлы хаты тийкар болған.
Өз наўбетинде усы мәмлекетлик шөлкеминиң хатына шөлкем
хызметкери Э.Калмуратовтың сәнеси көрсетилмеген мағлыўматы тийкар
болған.
Бул мағлыўматқа көре жуўапкер тәрепинен 2,5 га жер майданларына
5250 м3 суў муғдары сарпланғаны анықланған. Мағлыўмат пенен жуўапкер
ўәкилиниң нызамда белгиленген тәртипте таныстырылғаны яки акт
дүзилиўинде оның қатнасқаны, егер қатнасқан болса қол қойыўдан бас
тартқаны бойынша мағлыўматлар жоқ. Сондай-ақ, суў муғдарының
сарпланғаны рәсмий тәртипте тийкарланбаған ҳәм еккен салы егиниң майданы
анықланбаған.
Тексериў бағдарламасының 2-бәнтинде тексериўшиге суў алыўға рухсат
етилмеген орынлардан суўдан рухсатсыз, өзбасымшалық пенен алған
жағдайын үйрениў ўазыйпасы жүклетилген.
Бирақ, арза бериўши тәрепинен бул жағдайлар үйренилмеген,
тексериўши Ж.Нураевтың жуўапкердиң жер майданына барған, бармағаны
ҳәмде тексериўши тәрепинен ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған яки
болмағанлығы ҳәм оның исленгенлиги факти анықланбағаны истеги
ҳүжжетлер менен ҳәмде суд мәжилисиндеги арза бериўши ўәкилиниң
түсиник-ўәжлери менен тастыйықланады.
4
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, жуўапкердиң гектарлары анық
болған
жер
майданына
суўдан
пайдаланғаны
анықланбағаны
тастыйықланады. Сонлықтан арза бериўшиниң жуўапкер өзбасымшалық
пенен 5250 м3 суўдан пайдаланғанлығы ҳаққындағы ўәжи тийкарсыз
есапланады.
Қарар истиң жағдайлары ҳаққындағы болжаўларға тийкарланған
болыўы мүмкин емес. Демек арза бериўши тәрепинен тексериў күнинде
жуўапкердиң жер майданына 5250 м3 суўдан өзбасымшалық пенен
пайдаланғанлығы факти дәлийллеп берилмегенлиги себепли жуўапкерге
жәрийма қоллаўға тийкар жоқ.
Жуўапкердиң өзбасымшалық пенен алынған суў муғдары қандай усылда
ҳәм қайсы ҳүжжетлерге тийкар анықланғаны арза бериўши тәрепинен тийисли
дәлийллер менен дәлийлленбеди. Сондай-ақ, ис ҳүжжетлеринде алынған суў
муғдары гидромодуль усылы арқалы есапланғанлығы көрсетилмеген ҳәмде
есаплаў тәртиби, формуласы, қолланылған норматив ҳүжжет ҳәм гидромодуль
көрсеткишлери баян етилмеген.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясының 19-бәнтине муўапық, арза бериўши ҳәм жуўапкер мәмлекетлик
бажы төлеминен азат етилгени ушын мәмлекетлик бажы өндирилместен
қалдырылады.
Төленген почта қәрежети арза бериўши мойнында қалады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
Е Т Т И:
Арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов