Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2410 Дата решения 24.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID e8fdadac-2ba4-4e4c-8131-4666fe0ab579 Claim ID PDF Hash 54c05ddde63f2232... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 255 символов
4-2301-2503/2410-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 24-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева басшылығында, даўагер «***» акционерлик жәмийети жуўапкер Нөкис районы “***” фермер хожалығынан 1 420 542,84 сом тийкарғы қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” фермер хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 1 420 542,84 сом тийкарғы қарыз өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса – базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шыгып, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 03-январь күни 053178-санлы электр энергиясын көтере тутыныўшыларға жеткерип бериў ҳәм қабыл қылыў ҳаққында шәртнама дүзилген. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясын жеткерип бериў ҳәм қабыл қылыў шәртнамасынан келип шыққан. Өзбекстан Республикасы “Электр энергиясы ҳаққында”ғы Нызамныӊ 24-статьясында “Электр тәмийнаты шәртнамасына көре *** кәрханасы яки оныӊ электр тәмийнаты кәрханасы тутыныўшыға электр энергиясын жалғанған тармақ аркалы жеткерип бериў миннетлемесин алады, тутыныўшы болса пайдаланылған электр энергиясы ушын ҳақыны өз ўақтында төлеў, электр энергиясын тутыныўдыӊ шәртнамада нәзерде тутылған режимине бойсыныў, өзи пайдаланып атырған электр тармақларыныӊ, электр энергиясы тутыныўы менен байланыслы әсбап ҳәм ускенелердиӊ лазым дәрежедеги техник жағдайын ҳәмде қәўипсизлигин тәмийнлеў миннетлемесин алады” деп көрсетилген. Даўагер тәрепинен шәртнама миннетлемелери лазым дәрежеде орынланып, электр тармақлары арқалы тутыныўшының келисилген буйыртпасы бойынша электр энергиясы жеткерип берилген, бул истеги шәртнама, актлер ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. Бырақ, жуўапкер тәрепинен пайдаланылған электр энергиясы ушын өз ўақтында төлемлер әмелге асырылмаған. Нәтийжеде жуўапкердиң даўагер алдында 2025-жылдың 10 ноябрь жағдайына 1 420 542,84 сом қарызы пайда болған. Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў ушын жуўапкерге жиберилген 2025-жыл 10-ноябрь күнги 02-05/536-13-санлы талапнамасы жуўапсыз қалдырылған. Шәртнаманың 3.12-бәндинде қарыздарлықты мүддетинде төлемегенлиги себепли, тутыныўшыларға пеня есапланатуғынлыгы белгиленген, сонлықтан даўагер 1 420 542,84 сом тийкарғы қарыз өндириў талабы менен даўа арза тийкарында судқа мүрәжат еткен. Сонлықтан даўагер қарыздарлықты ҳәм пеня өндириу бойынша даўа талабы менен судқа мүрәжат еткен. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди деп түсиник берилген. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Сол себепли, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 420 542,84 сом тийкарғы қарызын ҳәм 41 200 сом почта қарежетин, республика бюджети пайдасына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 2032, 2034, 118, 176-179статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. “***” фермер хожалығынан даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 1 420 542,84 сом тийкарғы қарыз ҳәм 41 200 сом почта қарежети өндирилсин. “***” фермер хожалығынан республика бюджети пайдасына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10(он) күн өтип нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Г.Арзиева