Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2407 Дата решения 24.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a9345846-a5de-407d-ad3a-bbcce217e9e6 Claim ID PDF Hash 908864fa1d7f7ed5... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 541 символов
4-2301-2503/2407-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 24-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили жәмийет юрисконсульти *** (2024 жыл 22 ноябрь күнги 11-06/58санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, *** даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер Тахиятас районы «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 49 245 260 сом лизинг төлемлеринен тийкарғы қарызын, 10 556 225 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер "***" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 49 245 260 сом лизинг төлемлеринен тийкарғы қарызын, 10 556 225 сом пеня өндириў ҳақкындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Даўагер ўәкили суд мәжлисинде, жуўапкер қарыздарлықты төлемегенлиги себепли, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ҳәм палата ўәкили суд мәжилисине келмеди. Бирақ суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылғанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйқланады. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына тийкар жуўапкер ҳәм палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул тапты. Суд исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жылы 12-март күни 25/01-5-384-санлы лизинг шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Даўагер жуўапкерге шәртнамаға муўапық он дана “2 MBJ-2/8” маркалы шигит егиўши сеялка, лизингге бериў, жуўапкер лизинг төлемлерин төлеў миннетлемелерин алған ҳәм даўагер өз миннетлемесин орынлаған. Лизинг шәртнамасының 3.2-бәнтине көре, төлемлер шәртнаманың 1-қосымшасында белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы көрсетилген. Бирақ, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Иске қосылған даўагердиӊ мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкердиң 2025-жыл 27-ноябрь жағдайына шәртнама бойынша лизинг төлеминен қарызы 49 245 260 сомды, есапланған пеня 10 556 225,88 сомды қурайды. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 587-статьясына муўапық, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшыға (ижараға алыўшы) екинши тәрептиң тапсырмасына муўапық, сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге төлемлерди төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 597-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер лизинг шәртнамасында басқаша тәртип белгиленген болмаса, лизинг алыўшы лизинг төлемлерин өз ўақтында төлеўи, мал-мүлктен оны жеткизип бериў шәртлерине муўапық пайдаланыўы, оны саз жағдайында сақлаўы, өз есабынан гезектеги оңлаў ислерин орынлыўы, сақлаў бойынша басқа қәрежетлерди әмелге асырыўы шәрт. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Шәртнаманың 8.3-бәнтине муўапық, лизинг төлемлериниң өз ўақтында төленбегенлиги себепли ҳәр бир кешиктирилген күн ушын төленбеген сумманың 0,4 пайызы муғдарында, кешиктирилген сумманың 50 пайызынан аспаған ҳалда пеня төленетуғынлығы белгиленген. Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў бойынша жуўапкерге жиберилген 2025-жыл 12-ноябрь күнги 25-154/03-санлы талапнамасы жуўапсыз қалдырылып қарыздарлық төленбеген. Сонлықтан даўагер қарыздарлықты ҳәм оған есапланған пеняны өндириў талабы менен судқа мүрәжат еткен. Суд, даўагердиң даўа талапларын тийкарлы деп қанаатландырыўды мақул табады. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007 жыл 15 июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын 1 600 000 сомға кемейтириўди пеняның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул табады. ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Жоқарыдағыларға тийкарланып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерлерден даўагер пайдасына 49 245 260 сом тийкарғы қарызын, 1 600 000 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 1 196 029,7 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған пеня өндириў бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы басшылыққа алып, суд ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын. «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 49 245 260 сом тийкарғы қарызы, 1 600 000 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 196 029,7 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Г.Арзиева