Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2403 Дата решения 24.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID ca30b168-6dcc-47bf-b1d7-54253abaf302 Claim ID PDF Hash 2b084bec116a195e... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 483 символов
4-2301-2503/2403-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 24-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиеваның, басшылығында даўагер ***, жуўапкер Нөкис қаласы «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 5 862 718,76 сом ижәра төлеминен қарызын ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер *** (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи), жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 5 862 718,76 сом ижәра төлеминен қарызын ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейинт текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши болимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата ең кем ис ҳақының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса – ең кем ис ҳақының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Иске қосылған хүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер орталарында 2025-жыл 21-апрель күни, 1015877/123-25-санлы *** ҳәм “QOR Q L OQB LIQ” юридик шахслар бирлеспесине қараслы (баланста сақлаўшы) болған Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы, “Дослық” МПЖ аймағында жайласқан улыўма майданы бос турған 3981000 кв.м. майданын 120 ай мүддетке ижәраға бериў ҳақкында үш тәреплеме шәртнама (буннан кейин текстте – Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижәра шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 535-статьясына көре, мүлк ижәрасы шәртнамасы бойынша ижараға бериўши ижәраға алыўшыға ҳақы есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў ушын тапсырыў миннетлемесин алады. ПКниң 544-статьясына муўапық ижәраға алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақыны өз ўақтында төлеп турыўы шәрт. Шәртнамаға көре ижәраға алыўшы ижәра ҳаққысын билгиленген мүддетлерде ҳәм муғдарда төлеп барыў, ал ижәраға бериўши ижәра ҳақкысының төлениўин мүддетин ҳәм муғдарын мониторинг қылып барыў миннетлемелерин алған. Шәртнама шәртлерине тийкар жуўапкер өз миннетлемелерин лазым дәрежеде орынламай төлемлерди әмелге асырмағанлығы нәтийжесинде бүгинги күн жағдайына 5 862 718,76 сом ижәра қарыздарлығы жүзеге келген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2011жыл 1-декабрь күнги «Мүлк ижәрасы шәртнамасына тийисли пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын экономикалық судлар тәрепинен қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 234-санлы қарарының 9-бәндинде мүлк ижәра шәртнамасы ҳақы есесине дүзилетуғын шәртнама есапланатуғынлығы, сол себепли ижәраға алыўшының тийкарғы миннетлемелериниң бири мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақыны, яғный ижәра ҳақысын өз ўақтында төлеў болып есапланатуғынлығы, ижәра ҳақысын төлеў мүддетлери тәреплер тәрепинен белгиленетуғынлығы ҳәм шәртнамада көрсетилетуғынлығы, ижәра ҳақысын төлеў мүддети анық сәне яки дәўир менен белгилениўи мүмкинлиги ҳаққында түсиник берилген. Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеу ушын жуўапкерге жиберилген 2025-жыл 13-ноябрь күнги 144574-санлы талапнама жуўапсыз қалдырылып, қарызлдарлық қапланбастан, шәртнама шәртлери орынланбастан ижәра ҳаққысы төленбеген. Сонлықтан даўагер даўа талабы менен судқа мүрәжат еткен. Бундай жағдайда, суд, даўа талабының қарыздарлықты өндириў тәрепин тийкарлы деп есаплап, қанаатландырылыўға жатады. ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Буннан тысқары ЭПКның 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд, даўа талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 5 862 718,76 сом қарызын ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәмде ЭПКниң 2031–2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР УТТИ : Даўа арза талабы қанаатландырылсын. «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан “Мәмлекет мүлки объектлеринен үнемли пайдаланыў орайы» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы пайдасына 5 862 718,76 сом қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Г.Арзиева