← Назад
Решение #2828573 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 447 символов
4-2301-2503/2414-санлы экономикалық ис
Судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 24-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-5-санлы исеним хат
тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «***» акционерлик жәмийети,
жуўапкер Нөкис районы “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
13 292 592,19 сом тийкарғы қарызын, 2 088 488,46 сом пеня өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ :
Даўагер «***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте - даўагер
деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (буннан кейин
текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 13 292 592,19 сом
тийкарғы қарызын, 2 088 488,46 сом пеня өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили, жуўапкер жүзеге келген
жәми 15 381 080,65 сом қарыздарлығын толығы менен төлеп бергенлигин
билдирип, 2025-жыл 24-декабрь күнги 02-05/560-санлы мағлыўматнамасын
судқа усынып, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғынлығы
ҳақкындағы суд ҳүжжети жетип барғанлығы почта хабарнамасы менен
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине
тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың
жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан суд, жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўларысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы
даўагер ўакилиниң түсиндирмесин ҳәм ўәжин тыңлап, даўа арза талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлеринен анықланыўынша тәреплер ортасында 2024-жыл
5-март күни электр энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама
(буннан кейин текстте - Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын берип турыў миннетлемесин алған,
жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар
айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң
шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға
муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын
пайдаланылған электр энергиясынан жәми 15 381 080,65 сом қарызы пайда
болған.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы менен жуўапкер
ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған.
Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан, даўагер қарыздарлықты өндириў бойынша даўа талабы
менен судқа мүрәжат еткен.
Бирақ суд мәжилиси дәўиринде усынылған мағлыўматқа көре даўа арза
судқа келип түскеннен кейин жәми 15 381 080,65 сом қарызларын толығы
менен төлегенлиги анықланып, суд даўагердиң жуўапкерден қарыздарлықты
өндириў талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул табады.
Буннан тысқары ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине
муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына алдыннан төлеген 41 200 сом
почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ :
Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен «***» акционерлик
жәмийети пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева