Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2413 Дата решения 24.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 034e3f79-eb0a-45cb-b2ff-2052bfbd8c26 Claim ID PDF Hash f73fc90a8b1b021f... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 735 символов
4-2301-2503/2413-санлы экономикалық ис Судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 24-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-5-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «***» фермер хожалығынан 9 732 890.60 сом тийкарғы қарыз ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: «***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, «***» фермер хожалығынан (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 9 732 890.60 сом тийкарғы қарыз ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди, истиң усы күни көрилетуғынлығы ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд, исти жуўапкер ўǝкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўа арза талабын қанаатландырыўды лазым тапты. Тәреплер орталарында 2023-жыл 01-февраль күни электр энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте - Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған тармақ арқалы электр энергиясын берип турыў миннетлемесин алған, жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын пайдаланылған электр энергиясынан 9 732 890.60 сом қарызы пайда болған. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған. Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 9 732 890.60 сом тийкарғы қарызын өндириў талабын тийкарлы ҳәм өндириўге жатады деп есаплайды. Буннан тысқары ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 9 732 890.60 сом тийкарғы қарызын ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине жуўапкерден 546 175,90 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза талабы қанаатландырылсын. «***» фермер хожалығы есабынан «***» акционерлик жәмийети пайдасына 9 732 890.60 сом тийкарғы қарызын ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «***» фермер хожалығы есабынан Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Г.Арзиева