Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2504/1609 Дата решения 24.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4f01e886-d714-4df2-8a36-9c6fe7d75f6b Claim ID PDF Hash 361867bd4302e5c3... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 8 054 символов
4-2304-2503/1609-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов УЙҒАРЫЎ (төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы исти өндиристен қысқартыў ҳаққында) Шымбай районы 2025-жыл 24-декабрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Б.З.Ибрагимовтың хаткерлигинде, қарыздар ўәкили адвокат ХХХ (2025-жыл 19-ноябрь күнги 101/173-санлы исеним хат ҳәм 2025-жыл 09-декабрь күнги 80-санлы ордер)тың қатнасыўында, арза бериўши «ХХХ» акционерлик жәмийетиниң қарыздар «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге қәбилетсиз (банкрот) деп табыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы иси бойынша сапластырыў басқарыўшысы ХХХтың жуўмақлаўшы есабатын ҳәм келисим питимлерин тастыйықлаў ҳаққындағы арзасын судтың ѳз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Арза бериўши «ХХХ» акционерлик жәмийетиниң қарыздар ХХХ районында жайласқан «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге қәбилетсиз (банкрот) деп табыў ҳаққындағы арзасы Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-ноябрь күнги уйғарыўы менен ис жүритиў ушын қабыл етилген ҳәм банкротлықтың улыўма процедурасы бойынша ис қозғатылған, ўақытнша бақлаўшы етип ХХХ тайынланған. Сапластырыў басқарыўшысы ХХХ судқа жуўмақлаўшы есабатын ҳәм келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы арзасын усынған. Арза бериўши ҳәм қарыздар ўәкиллери судқа мүрәжаат етип, келисим питимди тастыйықлаўды ҳәм исти ис жүритиўден қысқартыўды сораған. Арза бериўши ўәкили ҳәм ўақытнша бақлаўшы тийисли тәртипте хабардар қылынған болсада суд мәжилисине келмеди. Суд истеги ҳүжжетлерде олардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасқан қарыздар ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди ҳәмде усынылған жуўмақлаўшы есабат ҳәм келисим питимин үйренип шығып, тѳмендегилерге кѳре келисим питимин тастыйықлаўды ҳәм төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти ѳндиристен қысқартыўды лазым тапты. Сапластырыў басқарыўшысының усыныс еткен есабатына қарағанда қарыздардың тѳлеўге қәбилетсизлик иси бойынша суд мәжлиси ҳәм кредиторлар жыйналысы ҳаққында «Биржа» газетасының 2025-жыл 25-ноябрь күнги №94(3288)-санында дағаза жәрияланған. Қарыздардың мал-мүлкин анықлаў ҳәм финанслық жағдайын анализлеў мақсетинде тийисли мекеме ҳәм шөлкемлерге сораўнамалар менен мүрәжат етилгенинде, лизинг шәртнамасы бойынша 51 атамадағы аўыл хожалық техникаларына, 6 дана автотранспорт қуралларына ийе екенлиги ҳәм қымбат баҳалы қағазларға ийе емеслиги анықланған. Кредиторлардың 2025-жыл 16-декабрь күнги жыйналысында қарыздардың жәми қарызы 144 042 276 709 сомды қурайтуғыны, соннан бюджет ҳәм бюджеттен тысқары мақсетли қорлар алдындағы қарызы 1 759 853 022 сом, кредиттен АКБ «ХХХ» ХХХ филиалынан 96 170 080 000 сом, АКБ «ХХХ» ХХХ филиалынан 46 112 343 687 сомды қурайтуғынлығы, бирақ келисим питим дүзилгенлиги себепли исти ис жүритиўден қысқартыў мәселесин қарап шығыў ҳаққында судқа ақырғы есабатты тапсырыў ҳаққында қарар қабыл қылынған. Сол себепли қарыздар «ХХХ» акционерлик жәмийети, «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы ҳәм АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы ортасында 2025-жыл 19-декабрь күни келисим питими дүзилген болып, онда қарыздар «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кредитор «ХХХ» акционерлик жәмийетинен 2025-жыл 01-декабрь жағдайына лизинг төлемлери ҳәм пенядан болған 3 412 325 049 сом қарызын 2025-жыл 25декабрь күнине дейин тѳлеп бериў; «ХХХ» акционерлик жәмийети тәрепинен судқа арза бериўде 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы төленгенлигин есапқа алып, қарыздар «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети усы қәрежетлер ҳәм исти көриў менен байланыслы басқа барлық қәрежетлерди төлеў; АКБ «ХХХ» ХХХ филиалынан 46 112 343 687 сом қарыздарлықты график бойынша төлеп барыў; АКБ «ХХХ» ХХХ филиалынан 96 170 080 000 сом қарыздарлықты график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған. Ал Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының мағлыўматына көре, қарыздардың салық қарыздарлығы жоқлығы көрсетилген. Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 57-статьясына муўапық кредиторлар талаплары реестрине киргизилген барлық талаплар ҳәр қандай төлеўге қәбилийетсизлик процедурасы даўамында қанаатландырылғанда, төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти өндиристен қысқартыўға тийкар болады. Нызам 161-статьясының биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине кѳре, қарыздар ҳәм кредиторлар суд тәрепинен тѳлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти кѳрип шығыўдың ҳәр қандай басқышында келисим питимин дүзиўге ҳақылы. Кредиторлар атынан келисим питимин дүзиў ҳаққындағы қарар кредиторлар жыйналысы тәрепинен қабыл етиледи. Егер келисим питими сапластырыўға байланыслы ис жүритиў барысында дүзилген болса, суд келисим питимин тастыйықлаў ҳаққында уйғарыў шығарады, онда қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы қарар орынланбаслығы кѳрсетиледи. Нызам 165-статьясының биринши бѳлимине муўапық келисим питими тек қәрежетлердиң орны қапланғанынан ҳәм усы Нызам 150-статьясының биринши бѳлиминде нәзерде тутылған талаплар ҳәмде ис ҳақысын тѳлеў ушын пул қаржылары берилиўин нәзерде тутыўшы тѳлем ҳүжжетлерине байланыслы талаплар қанаатландырылғанынан кейин суд тәрепинен тастыйықланыўы мүмкин. Нызам 166-статьясының биринши бѳлимине тийкар бақлаў. Суд санациясы, сыртқы басқарыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў тәртип-процедуралары барысында суд тәрепинен келисим питиминиң тастыйықланыўы тѳлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы истиң ѳндиристен қысқартылыўына тийкар болады. Бул жағдайда келисим питими жазба түрде дүзилген болып, кредиторлар ҳәм қарыздар тәрепинен имзаланып, мѳр менен тастыйықланған. Дүзилген келисим питимлери нызам талаплары тийкарында рәсмийлестирилгенлигин, оның шәртлери үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тәсир етпеслигин ҳәмде Нызамның 165-статьясында кѳрсетилген барлық тѳлемлер тѳленгенлигин инәбатқа алып, суд келисим питимлерин тастыйықлаўды, төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти ѳндиристен қысқартыўды мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкар, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы 57, 165-статьяларын ҳәмде Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 195 ҳәм 196-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: 1. Арза бериўши «ХХХ» акционерлик жәмийети, қарыздар қарыздар «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы ҳәм АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы ортасында 2025-жыл 19-декабрь күни дүзилген келисим питими: қарыздар «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кредитор «ХХХ» акционерлик жәмийетинен 2025-жыл 01-декабрь жағдайына лизинг төлемлери ҳәм пенядан болған 3 412 325 049 сом қарызын 2025-жыл 25декабрь күнине дейин тѳлеп бериў; «ХХХ» акционерлик жәмийети тәрепинен судқа арза бериўде 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы төленгенлигин есапқа алып, қарыздар «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети усы қәрежетлер ҳәм исти көриў менен байланыслы басқа барлық қәрежетлерди төлеў; АКБ «ХХХ» ХХХ филиалынан 46 112 343 687 сом қарыздарлықты график бойынша төлеп барыў; АКБ «ХХХ» ХХХ филиалынан 96 170 080 000 сом қарыздарлықты график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алғанлығы ҳаққындағы шәрт пенен тастыйықлансын. 2. Келисим питими дүзилгенлиги ҳәм олар суд тәрепинен тастыйықланғанлығы себепли 4-2304-2503/1609-санлы төлеўге қәбилийетсизлик иси өндиристен қысқартылсын. 3. Сапластырыў басқарыўшысы ХХХ 10 күнлик мүддетте тѳлеўге қәбилетсизлик иси өндиристен қысқартылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматты көрсеткен ҳалда рәсмий баспада жәрияласын. 4. Уйғарыў нусқасы тәреплерге, АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы ҳәм АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасына жиберилсин. 5. Уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза (протест) келтириўи мүмкин. Судья: Б.Т.Бекмуратов