Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2501/2419 Дата решения 24.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 20211c84-0028-4c60-80ea-9b760bd7b283 Claim ID PDF Hash 965521e0fe68bb71... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 448 символов
4-2302-2501/***-санлы экономикалық ис судья *** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР *** районы 2025-жыл 24-декабрь *** районлар аралық экономикалық судының судьясы *** басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2024-жыл 22-ноябрь күнги 11-06/58-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы ***ның даўагер “***” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер «***» фермер хожалығы хам шерик жуўапкерлер “***” фермер хожалығы, “***” фермер хожалығынан солидар тартипте 43 201 214 сўм лизинг төлемлери, 10 125 002 сўм пеня өндириў ҳаққындағы даъво аризасин өз суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы ***ның (кейинги орынларда – Палата) “***” акционерлик жәмийетиниң (кейинги орынларда – даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, «***» фермер хожалығынан (кейинги орынларда –жуўапкерлер) хам шерик жуўапкерлер “***” фермер хожалығы, “***” фермер хожалығынан солидар тартипте 43 201 214 сўм лизинг төлемлери, 10 125 002 сўм пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, жуӯапкер тәрепинен судқа даўа арза киритилген тийкарғы қарызы толық төленгенлигин, бул бойынша судқа мағлыӯматнама усынғанын, 10 125 002 сўм пеня өндириӯ талабында толық қанаатландырып, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы арзасында исти өзиниң ўәкиллери қатнасыўысыз көриўди сорған. Усыған тийкар суд исти палата ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым табады. Жуӯапкерлер судқа тийисли тәртипте шақыртылғанлығына қарамастан суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда текстте – ЭПК)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд исти жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамаларынан келип шыққан. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы) екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген 2022-жыл 21-ноябрь күни дүзилген 22/01-4183-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 1 дана “***” трактор, жеткизиб берилген. Жоқарыдағы шәртнамалардың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы ақыбетинде 2025-жыл 25-ноябрь күнине 43 201 214 сўм лизинг төлемлеринен қарыз жүзеге келген. Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем графиги ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады. Даўагердиң судқа усынған 2025-жыл 24-декабрь күнги мағлыўматында жуўапкер тәрепинен тийкарғы қарызынан толық төленгенлигин ҳәм пенядан 10 125 002 сўм қарыздарлығы көрстилген. Сол себепли, суд даўагердиң 43 201 214 сўм лизинг төлемлеринен қарызын өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ПКниң 263-статьясына муўапық неустойка төлеў тәреплердиң келисиўинде нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан, кредитор нызамда белгиленген неустойка (нызамлы неустойка)ны төлеўди талап қылыўға ҳақылы. Дүзилген лизинг шәртнамаларының 8.3-бәнтлеринде лизинг тѳлемлери графиклерде белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы кѳрсетилген. Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги ушын 10 125 002 сўм пеня есапланған. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 2 025 000,4 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 025 000,4 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, жуўапкерден республика бюджетине 578 788,52 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўа талабының қалған бөлимин қанаатлантырмастан қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даӯа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «***» фермер хожалығы хам шерик жуўапкерлер “***” фермер хожалығы, “***” фермер хожалығынан солидар тартипте даўагер “***” акционерлик жәмийетиниң пайдасына 2 025 000,4 сўм пеня ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талабының қалған бөлеги қанаатлантырылмастан қалдырылсын. Жуўапкер «***» фермер хожалығынан республика бюджетине 578 788,52 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья ***