Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2352 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8dfad3df-959a-4158-9ac9-b6f1059dda91 Claim ID PDF Hash 07cdba08a4f2fdaa... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 312 символов
4-2301-2502/2352-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 23-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Ыхласованың хаткерлигинде, даўагерден баслық И.Маллаев қатнасында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер Нөкис қаласы «J un B r k h v rl ri» ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис районы « rim G ld Nukus t kstil» ЖШЖнен 255 000 000 сом қарыз, 39 480 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер «J un B r k h v rl ri» ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер « rim G ld Nukus t kstil» ЖШЖнен 255 000 000 сом қарыз, 39 480 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Суд мәжилисинде даўагер даўаның талаплары тийкарлы болыўы сбепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши, үшинши бөлимлерине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд даўагер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8,234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамасынан келип шыққан. ПК 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижәраға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшыға (ижәраға алыўшы) екинши тәрептиң тапсырыўына муўапық, сатыўшы үшинши тәреп пенен одан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге төлемлерди төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2024-жыл 05-август күни 8/2024-санлы лизинг шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтинде истеги жуўапкер-лизинг алыўшының арзасы тийкарында даўагер-лизинг бериўшиниң ийелигиндеги бир дана «Тигиўтрикотаж комплекс» пайдаланыў ушын (реализация қылыў ҳуқықысыз) усыныў мақсетинде реализация қылыўға, жуўапкер болса усы шәртнаманың 1.2-бәндинен келип шыққан жағдайда лизинг тийкарында қабыл етиўге, төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыў ҳәмде «Тигиў-трикотаж комплекс» шәртнаманың 1.3-бәндинде белгиленген мақсетлерге пайдаланыўға тәреплер келисимге келген. ЭПК 72-статьясына тийкар, нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. Шәртнаманың 4.4-бәндине тийкар, лизинг төлемлери график тийкарында сөндирилиўи нәзерде тутылган. Бирақ төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Иске қосылған мағлыўматқа көре, жуўапкердиң 255 000 000 сом тийкарғы қарызы ҳәм 39 480 000 сом пеня бойынша қарызлары көрсетилген. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 13-октябрьдеги талапнама жуўапсыз қалған. Нәтийжеде судка даўа арза берилиўине жол қойылған. ПК 260-статьясы биринши бөлимине муўапық, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул суммасы неустойка есапланады. ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрийма яки пеня формасында болады. Шәртнаманың 11.1-бәнтинде пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген. Сонлықтан жуўапкерден жәми 39 480 000 сом пеня талап қылынған. ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд пеня муғдарын 6 000 000 сомға кемейтиўди макул табады. Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 255 000 000 сом қарыз, 6 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Даўаның талапларының 2% есабынан 5 889 600 сом мәмлекетлик бажыны жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза талаплары қысман қанатландырылсын. Нөкис районы « rim G ld Nukus t kstil» ЖШЖнен Нөкис қаласы «J un B r k h v rl ri» ЖШЖниң пайдасына 255 000 000 сом қарыз, 6 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. « rim G ld Nukus t kstil» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 5 889 600 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. « rim G ld Nukus t kstil» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов