← Назад
Решение #2829310 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
2 485 символов
4-2302-2502/2405-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Беруний районы
2025-жыл 23-декабрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаровтың
хаткерлигинде, ХХның даўагер ХХниң мәпин қорғап, жуўапкер ХХнен
231 298 184 тийкарғы қарыз, 67 463 486 сўм пеня өндириӯди сораған даўа арзасы
бойынша қозғатылған экономикалық исти өз суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
ХХ (кейинги орынларда ХХ) ХХниң (кейинги орынларда даўагер) мәпин
қорғап судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, ХХнен (кейинги орынларда
жуўапкер) 231 298 184 тийкарғы қарыз ҳәм 67 463 486 сўм пеня өндириӯди
сораған.
Тәреплер ўәкиллери суд мәжилиси ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабарлы етилгенлигине қарамастан суд мәжилисине келмеди.
ХХ даўа арзасында келтирген илтимаснамасында исти өзиниң ўәкилиниң
қатнасыўысыз көриўди сораған.
Суд сонлықтан исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық протсессуал
кодексиниң (кейинги орынларда ИПК деп жүритиледи) 128 ҳәм
170-статьяларына муўапық тәреплер ўәкиллери қатнасыўысыз көрип шығыўды
лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге көре даўа
арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты.
ИПК 107-статясының 1-бантине тийкар пуқаралық ислери бойынша суд,
экономикалық суд, арбитраж суды ис жүргизиўинде әйне бир шахслар
ортасындағы, әйне бир предмет ҳаққындағы ҳәм әйне бир тийкарлар бойынша
даў жүзесинен ис бар болса, суд даўа арзасы көрместен қалдырыўы лазым.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Беруний районлар аралық
экономикалық судының ис жүргизиўинде ХХның даўагер ХХниң мәпин қорғап,
жуўапкер ХХнен 231 298 184 тийкарғы қарыз, 67 463 486 сўм пеня өндириӯди
сораған
даўа
арзасы
бойынша
қозғатылған
4-2302-2503/2406-санлы экономикалық ис бар.
Сол себепли, суд даўа арзасын көрместен қалдырыўды, ис бойынша
алдыннан төленген 41 200 сўм почта қәрежетин даўагер мойнында қалдырыўды,
даўагерден республика бюджетине 5 975 233,40 сўм мәмлекет бажы өндирўди
лазым тапты.
Жоқарыдалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 107, 195, 196-статьяларын қоллап, суд
УЙҒАРДЫ:
ХХның даўагер ХХниң мәпин қорғап берген даўа арзасы көрместен
қалдырылсын.
Даўагер ХХнен республика бюджетине 5 975 233,40 сўм мәмлекет бажы
өндирилсин.
Усы уйғарыў үстинен бир айлық мүддетте апелляция тәртибинде шағым
бериў (протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.С.Убайдуллаев