Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-1001-2529/116196 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 483f4b31-e58b-464a-ba2c-33025581968f Claim ID PDF Hash 023765df436abcc1... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 9 424 символов
4-1001-2529/116196-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 23-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили Ғ.Камалов (2025-жыл 01-январь күнги 01/01-02-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили Б.Қалендеров (2025-жыл 07-январь күнги 0704-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер «Ellikq l Dеnim» ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкерлер “ ududg zt min t” АЖнен ҳәм “ ududg zt min t Q r q l gist n” газ тәмийнаты филиалынан артықша төленген 77 989 500 ом қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер «Ellikq l Dеnim» ЖШЖниң мәпинде Ташкент районлар аралық экономикалық судына даўа арзасы менен мүражат етип, жуўапкерлер “ ududg zt min t” АЖнен ҳәм “ ududg zt min t Q r q l gist n” газ тәмийнаты филиалынан артықша төленген 77 989 500 ом қәрежетин өндириўди сораған. Ташкент районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 11-ноябрь күнги уйғарыўы менен экономикалық иси тийислилиги бойынша Нөкис районлар аралық экономикалық судына өткерилген. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10декабрьдеги уйғарыўы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясын даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы истеги ҳәм иске қосымша усынылған ҳүжжетлери менен толық тастыйықланатуғынын, жуўапкер филиалы тәрепинен есапбет-фактура бойынша 155 979 000 сом нызамсыз рәўиште еки барабар қымбат баҳада депозитинен шешип алынғанын, бирақ шешип алынғаны бойынша дәлийллеўши рәсмий ҳүжжетлер өзинде жоқлығын, ол ҳүжжетлер жуўапкер филиалда болатуғынын, Энергетика министрлигиниң мағлыўматы бойынша даўа талабы тийкарлы болып табылатуғынын, жуўапкер филиалдың себебинен жәмийетке 20 000 АҚШ доллар муғдарында материаллық зыян әкелингенин, 2 Өзбекстан Республикасы «Тутыныўшылар ҳуқықларын корғаў ҳаққында»ғы Назамы талаплары тийкарында әмелий жәрдем көрсетилиўи лазым деп есаплайтуғынын билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабы тийкарсыз екенин, себеби алдын ала төлем әмелге асырылмағанын, 155 979 000 сом нызамсыз рәўиште еки барабар қымбат баҳада даўагердиң депозитинен шешип алынбағанын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Бирақ судқа усынылған жазба мағлыўматында даўагер тәрепинен 100% алдын төлем әмелге асырылмағаны ушын 2024-жыл июль айына белгиленген лимит киритилмегени, истеги жуўапкер филиалдың есап-китаплары дурыс есапланғаны мәлим етилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына тийкар суд үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин тексте ПК деп жүритиледи)ниң 8,234-статьяларына көре миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери табий газ жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнамасынан келип шыққан. ПК 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши – сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған ухсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 21август күни 15/1-54-санлы тәбиғый газды көтере тутыныўшыларға жеткизип бериў ҳәм қабыллаў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Бирақ даўа арзада 231510004-санлы шәртнама деп көрсетилген. Шәртнаманың 1.4-бәнтинде тутыныўшы истеги даўагердиң тийкарландырылған буйыртпасы бойынша 2024-жыл ушын 1 500 сомнан жеткизип бериўи тийис болған тәбиғый газ муғдары жәми 840 000 м3 қураған, соннан ҳәр бир айға 70 000 м3 болып белгиленген. Бирақ жуўапкер филиал тәрепинен 2024-жыл июль айына келип 51 993 3 м газ баҳасын 3 000 сомнан есаплап, 77 989 500 сом артық есапланғаны 3 себепли даўаның талабында артықша төленген 77 989 500 сом өндириў талабы қойылған. ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Суд даўа арзаның артықша төленген 77 989 500 сомды өндириў талабы менен келисе алмайды. Шәртнаманың 1.1-бәнтинде жуўапкер филиал усы шәртнаманың 1.4бәнтинде көрсетилген көлемде тәбиғый газ жеткизиўге, ал даўагер оны қабыллаўға ҳәм төлеўге миннетленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы қарарының 2-санлы қосымшасы болған Режениң 111,119-бәнтлеринде тутыныўшы тәрепинен тәбийғый газди жеткерип бериў ушын дүзилген шәртнама тийкарында жеткерип берилетуғын тәбийғый газ ушын 100% алдыннан төлем әмелге асырылыўы шәрт, ыссыхана хожалықлары буған кирмейди ҳәмде тутыныўшылар есапкитап дәўири басланыўынан кеминде бес күн алдын тәбийғый газди жеткерип бериў шәртнамасында көрсетилген айлық тәбийғый газ көлеми баҳасы суммасының 100% муғдарында газ тәмийнаты шөлкеминиң есап бетине алдыннан төлемлерди әмелге асырыўы шәрт, ыссыхана хожалықлары буған кирмейди деп белгиленген. Иске қосылған банк ҳүжжетинде жуўапкер филиал банк есап бетине даўагер тәрепинен 2024-жыл 27-июнь күни 30 000 000 сом төленгени тастыйықланады. Демек июль айы лимиты ушын 70 000 х 1 500 = 105 000 000 сом июль айы басланыўынан бес күн алдын төлениўи лазым болсада, бул төлемниң өз ўақтында әмелге асырылғаны тастыйықланбайды. ЭПК 66-статьясы биринши бөлимине көре, ис бойынша дәлийллер усы Кодексте ҳәм басқада нызамларда нәзерде тутылған тәртипте алынған фактлар ҳаққындағы мағлыўматлар болып, олар тийкарында суд исте қатнасыўшы шахслардың талаплары ҳәм қарсылықларын тийкарлаўшы жағдайлар, сондай-ақ, даўаны дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайлардың барлығын яки бар емеслигин анықлайды. Бундай мағлыўматлар жазба ҳәм затлай дәлийллер, экспертлердиң жуўмақлары, қәнийгелердиң мәсләхатлары (түсиндирмелери), гуўалардың көрсетпелери, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелери менен анықланады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы қарарына тийкар, үшинши шахстың берген мағлыўматын суд тийкарлы табады. Себеби арнаўлы билимлерди талап қылатуғын мәселе бойынша мағлыўмат, жуўмақ бериў ўәкиллиги қадағалаў инспекциясына берилген. Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы 4 Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 2-бәнтине муўапық, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары - палата ағзаларының мәпиндеги даўа арзалары жүзесинен мәмлекетлик бажыдан азат етилген. Бирақ усы 9-статьясының екинши бөлиминде, усы статьяның биринши бөлиминиң 2, 143, 20, 21, 221 ҳәм 29-бәнтлеринде көрсетилген шахслардың талапларын қанаатландырыў толық яки қысман қанаатландырыўсыз қалдырылғанда, мәмлекетлик бажы сол шахслардан талапларының қанаатландырыўсыз қалдырылған муғдарында пропорционал рәўиште өндириледи. Сондай-ақ, усы Нызамның 19-статьясы 24-бөлиминде, мәмлекетлик бажы мәпи қорғалған шахстан өндирилиўи белгиленген. Даўа талабының 2% есабынан 1 559 790 сом мәмлекетлик бажы даўагерден мәмлекет бюджетине ҳәмде даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «Ellikq l Dеnim» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 1 559 790 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. «Ellikq l Dеnim» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов