Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2439 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 62ef0f87-f961-4db0-804e-ef9a19f7aa44 Claim ID PDF Hash ad659269cadf6118... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 8 149 символов
4-2301-2504/2439-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Б.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 23-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Б.Ниязов басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили *** (2025-жыл 20-июнь күнги 35-58258-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, арза бериўши ***ның қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти көшпели түрде *** имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди НЫҚЛАДЫ: Арза бериўши *** (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) судқа арза менен мүрәжат етип, қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте қарыздар деп жүритиледи) әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын қоллап-қуўатлап, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. 2 Қарыздардың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилган уйғарыӯдың көширме нусхасы алыўшыға мәнзилинде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында почта мәкемеси судты хабардар еткен. Бул жағдайда қарыздар тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти қарыздар ӯәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд арза бериӯши ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИР: ***) 2021-жыл 1-июнь күни шѳлкемлестирилген болып, оның баслығы ***. Қарыздардың мәнзили: Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 9/1-үй. Қарыздардың 2025-жыл 23-декабрь жағдайына салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий тѳлемлерден қарызы 1 328 805 156,97 сомды қурайды. Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек. Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўши тәрепинен қарар(лар) шығарылып, мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын жиберилген. Бирақ, мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен арза бериўшиниң қарар(лар)ы Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәнтине тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы «Банкротлық процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд басқарыўшылары жумысларын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4146-санлы қарарының 1-бәнтине тийкар, салық хызмети органлары салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлықты өндириў мүмкиншилиги болмағанлығы себепли орынлаў ҳүжжетлери қайтарылған күннен баслап 30 күннен кешиктирместен қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўи лазым. 3 Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2025-жыл 23июнь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен “Төлеўге қәбилетсизлик туўрысында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы Қарарының 54-бәнти алтыншы хатбасысында тек ғана қарыздар баслығының жоқлығы емес, бәлким хожалық жүритиўши субъект мал-мүлкиниң жоқлығын да ҳәзир болмаған қарыздар сыпатында түсиниў лазымлығы көрсетилген. Бул жағдайда қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды Нызамның 241-статьясына тийкар төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўға тийкар болады. Сол себепли, суд арза бериўшиниң талабын қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаўды лазым тапты. ЭПК 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнти «в» киши бәнтинде шѳлкемлер ҳәм пуқараларды банкрот деп табыў ҳаққындағы арзалардан базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша даўа арза ҳәм арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ѳндирилетуғынлығы белгиленген. Сонлықтан, суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында, яғный 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы пул ҳәм арза бериўши пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 241-статьясын ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР TTИ: 4 Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. Қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын. Қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен *** пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Республика бюджетине 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья С.Б.Ниязов