← Назад
Решение #2829529 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
11 804 символов
****-санлы ис
Исти биринши инстанция судында
көрген
судья
–
****
Кассация
инстанциясында
баянатшы судья – ****
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нѳкис қаласы
2025-жыл 23-декабрь
Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислери
бойынша судлаў коллегиясына басшылық етиўши ****, ағзалары **** ҳәм
****лардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ның хаткерлигинде,
даўагер жәмийеттиң сапластырыў басқарыўшысы ****, жуўапкер ўәкилиадвокат
****
(2024-жыл 11-декабрь күнги ХХ-санлы ордер тийкарында)лардың
қатнасыўында, даўагер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң
сапластырыўшы басқарыўшысының жуўапкер "****" жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетине
қарата
2022-жыл
9-декабрь күнги дүзилген алды-сатты шәртнамасын ҳақыйқый емес деп
табыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қабыл етилген Қоңырат районлар
аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль күнги шешиўши
қарарына жуўапкер даўагер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийети
сапластырыўшы басқарыўшысының наразы болып берген кассациялық
шағымы тийкарында исти, суд имаратында ашық суд мәжилисинде кѳрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
"****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң (кейинги орынларда
– даўагер деп жүргизиледи) сапластырыўшы басқарыўшысы экономикалық
судына арза менен мүрәжат етип "****" жуўапкершилиги шекленген
жәмийетине (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүргизиледи) қарата 2022жыл 9-декабрь күнги дүзилген алды-сатты шәртнамасын ҳақыйқый емес деп
табыўды сораған.
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл
10-июль күнги шешиўши қарары менен даўа арзасы қанаатландырыўсыз
қалдырылған.
Даўагер жәмийеттиң сапластырыў басқарыўшысы шешиўши қарарына
наразы болып кассация тәртибинде шағым берген ҳәм де кассациялық
шағымында шешиўши қарарында тәреплер ортасында дүзилген шәртнамаға
өзгерис киргизиў туўрысындағы келисимди ҳақыйқый емес деп табыў
ҳаққында даўа арзасы киритилиўи лазымлығы белгиленгенлиги, бирақ
келисим питими менен тийкарғы шәртнамаға өзгерис киргизилип ҳәм усы
2
шәртнама менен кредиторларға ҳәм кәрханаға зыян келтирилгенлигин,
буннан тысқары даўагер жәмийеттиң басқарыў уйымларының исҳәрекетлери бойынша олардың қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят
кодексиниң 1811-статьясы ҳәмде 184-статьясы менен жынаят иси
қозғатылып, жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының 2025-жыл
22-апрель күнги ҳүкими менен олардың айыбы тастыйықланып турғанлығын
билдирип, шешиўши қарарын бийкар даўаны қанаатландырыў ҳаққында
жаңа шешим қабыл етиўди сораған.
Даўагер жәмийеттиң сапластырыў басқарыўшысы суд мәжилисинде
кассациялық шағымын қоллап-қуўатлап, биринши инстанция судының
шешиўши қарарын бийкар етип, даўаны қанаатландырыў ҳаққында жаңадан
қарар қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер ўәкили-адвокат суд мәжилисинде биринши инстанция
судының шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Кассация инстанция судлаў коллегиясы ис бойынша тәреплер
ўәкиллериниң түсиниклерин ҳәм ис бойынша баянатшы судья баянатын
тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, биринши
инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди, жаңа шешим
қабыл етиўди, даўа арзасын қанаатландырыўды, кассациялық
шағымды қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер ҳәм жуўапкер ортасында
2022-жылдың 9-декабрь күни алды-сатты шәртнамасы (кейинги орынларда шәртнама деп жүргизиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәнтине муўапық даўагер “сатыўшы” өзине тийисли
болған Қоңырат районы Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры хызмети
тәрепинен 2019-жыл 2-февральда берилген ХХ-саны менен дизимге алынған
**** районы **** аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан АГНКС компекси
имараты (кадастр номери 23:15:18:04:03:0027) улыўма пайдаланыў майданы
741,49 кв.метр, пайдалы майданы 380,61 кв.меетр болған 9232,27 кв.метр жер
участкасы ҳәм кестеде корсетилген 33 атамадағы мүлклер шәртнаманың 3.1бәнтинде көрсетилген баҳада ҳәм тәртипте сатыўы, жуўапкер “қарыйдар”
болса оларды қабыл қылыў ҳәм ҳақысын усы шәртнамада белгиленген
мүддетлерде төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.1-бәнтинде усы шәртнама бойынша объекттиң баҳасы
3.300.000.000 сомды қурайтуғынлығы, тәреплер ортасында дүзилген көшпес
мүлк алды-саттысын шөлкемлестириў бойынша дәслепки шәртнамаға тийкар
қарыйдар объект баҳасын 3.300.000.000 сомды усы шәртнама дүзилгенинен
соң 2025-жылдың 10-декабрь күнине шекем бөлип-бөлип төлеп бериў
миннетлемесин алған.
Буннан соң, 2023-жылдың 5-февраль күни тәреплер ортасында
2022-жылдың 9-декабрь күни алды-сатты шәртнамасына өзгерислер ҳәм
қосымшалар киргизиў ҳаққында келисим дүзилип, усы келисимниң
3
1.4-бәнтине муўапық, шәртнаманың 3.1-бәнтиндеги объекттиң баҳасы
330.000.000 сом етип өзгертилген.
Даўагер жәмийет Қоңырат районлар аралық экономикалық судының
4-2303-2301/1267-санлы иси бойынша 2023-жыл 4-сентябрь күнги шешиўши
қарары менен даўагер жәмийет – қарыздардың мәмлекетлик бюджет ҳәм
бюджеттен тыс қорларға болған қарызы 2023-жылдың 18-июль жағдайына
549 860 637,17 сомды қурағанлығы, салық қарызларын өндириўди
қарыздардың
мал-мүлкине
қаратыў
ҳаққындағы
Қарақалпақстан
Республикасы салық басқармасының қарары Мәжбурий орынлаў бюросының
**** районлық бөлимине орынлаў ушын жиберилгенлиги, бирақ орынлаў
ҳүжжети қарыздардың мал-мүлки жоқлығы себепли орынлаўсыз
қайтарылғанлығы көрсетилип банкрот деп табылған ҳәмде сапластырыў ис
жүргизиўи басланған ҳәм сапластырыў басқарыўшысы етип ****
тайынланған.
Даўагер жәмийеттиң сапластырыў басқарыўшысы тәреплер ортасында
дүзилген алды-сатты шәртнамасы менен кредиторларға зыян жеткерилген
деген жуўмаққа келген ҳәм тәреплер ортасында дүзилген алды-сатты
шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табыўды сораған.
Өзбекстан Республикасының “Төлеўге қәбилетсизилик туўрысында”ғы
Нызамының (кейинги орынларда – Нызам деп жүргизиледи) 63-статьясына
муўапық қарыздар тәрепинен дүзилген ҳәр қандай питим, соның ишинде
қарыздар төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис қозғатылғанға шекем яки
сыртқы басқарыў ямаса суд санациясы тәртип-қағыйдалары енгизилгенге
шекем дүзилген питим, нызамшылықта нәзерде тутылған тийкарлар
бойынша суд басқарыўшысының арзасына тийкар суд тәрепинен ҳақыйқый
емес деп табылыўы мүмкин.
Егер
келисимлер
төлеўге
қәбилетсизлик
ҳаққындағы
ис
қозғатылыўынан алдын үш жыл ишинде қарыздар ямаса оның ўәкили
тәрепинен дүзилген ҳәм усы Нызамда басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған
болса, олар Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 115 - 126статьяларында ҳәм усы Нызамда нәзерде тутылған тийкарлар бойынша
ҳақыйқый емес деп табылады.
Нызамның 64-статьясына муўапық Қарыздар тәрепинен мәпдар шахс
яки басқа хожалық жүргизиўши субъект пенен дүзилген питим, егер усы
питимниң орынланыўы нәтийжесинде қарыздарға ҳәм (яки) кредиторларға
зыян жеткерилген болса яки зыян жеткерилиўи мүмкин болса, суд
басқарыўшысының арзасына тийкар суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп
табылыўы мүмкин.
Судлаў коллегиясы бул жағдайда тәреплер ортасында дүзилген
шәртнаманың баҳасы 3 300 000 000 сомнан 330 000 000 сомға тийкарсыз
кемейтирилиўи нәтийжесинде даўагер жәмийетке ҳәм кредиторларға зыян
жеткерилген деп есаплайды.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы биринши инстанция суды тәреплер
ортасында дүзилген шәртнама менен емес, ал шәртнамаға өзгерис киргизиў
4
ҳаққындағы келисим менен кредиторларға зыян жеткизилгенлиги, даўагер
болса бул жағдайда шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыўды сорағанлығы
себепли даўа арзасын қанаатландырыўсыз қалдырыў туўрысында надурыс
шешимге келген деп есаплайды.
Себеби, шәртнамаға өзгерис киргизиў ҳаққындағы келисим менен
тийкарғы шәртнамаға өзгерис киритилген.
Соның менен бирге, жуўапкер ўәкиллериниң суд мәжилисиндеги
шәртнаманың баҳасы бойынша нызамлы рәўиште
қосымша келисим
дүзилгенлиги, сатып алынған объекттиң жағдайы жақсы болмағанлығы,
пайдаланыўға жарамсыз болғанлығы, сатып алынғаннан кейин жуўапкер
тәрепинен оңлаў жумыслары алып барылғанлығы, шәртнамаға тийкар
төлемлер әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы ўәжлери менен келисип
болмайды.
Себеби, жынаят ислери бойынша жынаят ислери бойынша Қоңырат
районы судының 2025-жыл 22-апрель күнги ҳүкиминде тәреплер ортасында
дүзилген шәртнаманың баҳасы тийкарсыз рәўиште 3 300 000 000 сомнан
330 000 000 сомға кемейтирилгенлиги көрсетилген ҳәмде жуўапкер жәмийет
баслығы
****
Өзбекстан
Республикасы
1811-статьясы
ҳәмде
184-статьясы үшинши бөлими менен айыпдар деп табылған.
Соның менен бирге, жуўапкер тәрепинен сатып алынған мал-мүлклер
ушын төлемлер әмелге асырылғанлығы ҳәмде бул мал-мүлклердиң
жарамсызлығы тийисли ҳүжжетлер менен тастыйықланбайды.
ЭПК 301-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине муўапық кассация
инстанциясы суды кассациялық шағымын (протестин) көриў нәтийжелери
бойынша шешиўши қарарды толық яки қысман бийкар етиў ҳәм жаңа шешим
қабыл қылыўға ҳақылы.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы биринши инстанция судының
шешиўши қарарын бийкар етип, жаңа қарар қабыл етиўди, даўа арзасын
қанаатландырыўды, тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманы ҳақыйқый
емес деп табыўды лазым табады.
ЭПК 302-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине муўапық ис ушын
әҳмийетли жағдайлардыӊ толық анықланбағанлығы биринши инстанция
судының шешиўши қарарын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын тийкар
болады.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, кассация инстанция суды биринши
инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди, жаңа қарар қабыл
етиўди, даўа арзаны қанаатландырыўды, тәреплер ортасында дүзилген алдысатты шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табыўды, жуўапкерден истиң
биринши инстанциясында көрилиўи ушын төленген 37 500 сом, истиң
кассация инстанциясында көрилиўи ушын төленген 41 200 сом, жәми
78 700 сом почта қәрежети өндириўди, даўаның қалған бөлегин
5
қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден республика бюджетине
истиң биринши инстанциясында көрилиўи менен байланыслы 3 750 000 сом,
истиң кассация инстанциясында көрилиўи менен байланыслы 1 875 000 сом,
жәми 5 625 000 сом мәмлекетлик бажы, жуўапкерден даўагер пайдасына
төленген 78 700 сом почта қәрежети, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозитине истиӊ биринши инстанция судында видеоконференция байланыс
режиминде көрилиўи менен байланыслы 93 750 сўм суд қәрежетин
өндириўди, кассациялық шағымын қанаатландырыўды, биринши инстанция
судыныӊ шешиўши қарарына тийкар даўагерден республика бюджетине
3 750 000 сом мәмлекетлик бажы, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозитине 93 750 сом суд қәрежетин өндириў ҳаққындағы 2025-жыл
10-август күни берилген орынлаў хаты бойынша орынлаўды бийкар етиўди
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық
процессуаллық
кодексиниң
118,301,302-статьяларын
басшылыққа алып, кассация инстанциясы суды
ҚАРАР ЕТТИ:
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль
күнги шешиўши қарары бийкар етилсин. Жаңа қарар қабыл етилсин.
Даўа арзасы қанаатландырылсын.
Даўагер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм жуўапкер
"****" жуўапкершилиги шекленген жәмийети ортасында 2022-жыл 9-декабрь
күни дүзилген алды-сатты шәртнамасын ҳақыйқый емес деп табылсын.
Жуўапкер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен:
- республика бюджетине 5 625 000 сом мәмлекетлик бажы;
- Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 93 750 сўм суд
қәрежети;
- даўагер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына
алдыннан төленген 78 700 сом почта қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин.
Қонырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль
күнги шешиўши қарарына тийкар 2025-жыл 10-август күни берилген
орынлаў хатлары бойынша орынлаў бийкар етилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен кассация тәртибинде шағым
етиўге (протест келтириўге) ҳақылы.
Басшылық етиўши:
****
ағзалары:
****
****