← Назад
Решение #2829558 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
8 698 символов
4-1001-2503/98955-санлы экономикалық ис
судья Ж.Ж.Аманиязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 23-декабрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязов
басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаеваның хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили ХХ ҳәмде жуўапкер ўәкили ХХ лердиӊ қатнасында, арза
бериўши ХХның жуўапкер ХХнан 108 580 016,70 сўм финанслық санкциясын
өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти
судтың өз имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
ХХ (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, ХХнан (буннан кейин текстте жуўапкер
деп жүритиледи) 108 580 016,70 сўм финанслық санкциясын ѳндириўди
сораған.
Судтыӊ 2025-жыл 10-декабрь күнги уйғарыўы менен иске ХХ жуўапкер
ретинде тартылған.
Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын
қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен реактив қуўатты компенсация қылыў
бойынша ислер шөлкемлестирилмегенлиги себепли 2024 ҳәм 2025-жылларда
217 160 033,40
сўмлық
электр
энергиясы
ысырап
болғанлығы
анықланғанлығын, жуўапкердиң нызамбузыўшылық ҳәрекетлери судқа
усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланып турғанлығын билдирип,
жуўапкерден қолланылған финанслық санкциясын өндирип бериўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили реактив қуўатты
компенсация қылмағанлығы ушын үш есе муғдарда төлеп киятырғанлығын
билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги
ҳүжжетлерден
анықланыўынша,
ХХ
Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы
Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм
нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин 2025-жыл 12-июнь күнги 18-223/17-951-санлы исбилерменлик субъекти жумысында тексериў өткизиўди
келисиў ҳаққындағы хабарнама арқалы хабардар еткен ҳалда ҳәмде 2025-жыл
12-июнь
күнги
18-02-23/29-103-санлы буйрыққа тийкар жуўапкердиң энергия нәтийжелиги ҳәм
энергияны тежеў, сондай-ақ, энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў нормаларына
ҳәмде оның сыпат көрсеткишлерине әмел етиўи бойынша 2025-жыл 12-июнь
күни тексериў өткизилген.
2
Тексериў барысында жуўапкер тәрепинен реактив қуўат компенсациясы
бойынша жумысларды шөлкемлестириў тәртиби бузылғанлығы ҳәм оған әмел
етилмегенлиги, нәтийжеде жуўапкер тәрепинен жәми 217 160 033,40 сўмлық
электр энергиясы ысырап болғанлығы анықланған ҳәм жуўапкерге усы
сумманың 50 пайызы муғдарында 108 580 016,70 сўм финанслық санкциясы
есапланылған.
Тексериў нәтийжеси бойынша 2025-жыл 12-июнь күни даўагер тәрепинен
18-02-23/29-103-01-санлы акт дүзилген.
Соң даўагер тәрепинен 2025-жыл 16-июнь күни “Энергияны тежеў, оннан
ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў тараўындағы
ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкция муғдарын белгилеў” ҳаққында
574-санлы қарар қабыл етилип, оған қолланылған 108 580 016,70 сўм
финанслық санкциясын ықтыярый төлеў ушын 1 ай мүддет берилген.
Жуўапкер тәрепинен даўагердиң ҳуқықый тәсир шарасы сыпатында
финанслық санкцияны қолланыў ҳаққындағы қарары үстинен белгиленген
тәртипте оның жоқары турыўшы органына яки судқа мүрәжат етилмеген ямаса
108 580 016,70 сўм финанслық санкциясы 1 ай мүддет ишинде ықтыярый түрде
төлеп берилмеген.
Сол себепли даўагер жуўапкерден 108 580 016,70 сўм финанслық
санкциясын өндириў ҳаққында экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат
етиўге мәжбүр болған.
Өзбекстан Республикасы “Электр энергетикасы ҳаққында” 07-август
2024-жылдағы ϴРН-939-санлы Нызамының 10-статьясына муўапық, Электр
энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына
товарлар (жумыслар, хызметлер), имаратлар, үскенелер ҳәм қурылмалардың
энергия нәтийжелилиги ҳәм энергия үнемлеўшилиги нормаларына, сондай-ақ,
энергиядан ақылға уғрас пайдаланыўға ҳәм сыпат көрсеткишлерине әмел
етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, электр энергиясын
үнемлеў, оннан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша талаплар
бузылған жағдайда айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў илажларын
көриў ҳәм басқа да ўәкилликлер берилген.
Өзбекстан Республикасы “Энергияны тежеў, оннан ақылға уғрас
пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў ҳаққында” 07-август
2024-жылдағы ϴРН-940-санлы Нызамы 45-статьясының биринши бөлимине
муўапық, реактив қуўат компенсациясы бойынша жумысларды шөлкемлестириў
тәртибин бузыў яки оған әмел етпеў әсбап-үскенелер яки нормативлик усыллар
менен анықланған ысырап болған электр энергиясы муғдары баҳасының елиў
пайызы муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Өзбекстан
Республикасы
Министрлер
Кабинетиниң
2024-жыл
31-майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан
пайдаланыў Қағыйдалары” 12-бәндиниң 13-хатбасына муўапық, электр
энергиясы тутыныўшылары рухсат етилген қуўатлылығы 50 кВт ҳәм оннан
артық болған барлық тутыныўшылар (турмыслық тутыныўшылардан тысқары)
реактив энергияны компенсациялаўшы қурылмаларды орнатыўға ҳәм усы
қурылмалардың саз жағдайда ислеўин тәмийинлеўге мәжбүр болып есапланады.
3
Усы Қағыйдалардың 147-бәндине муўапық, тутыныўшы тәрепинен
реактив қуўат жетерли дәрежеде компенсацияланбағанлығы ақыбетинде
бирден-бир электр энергетика системасы тармақларында пайда болған
жоғалтыўлар тутыныўшы тәрепинен энергиядан ақылға уғрас пайдаланбаған
деп есапланады.
Өзбекстан
Республикасы
Министрлер
Кабинетиниң
2025-жыл
26-февральдағы
121-санлы
қарары
менен
тастыйықланған
“Жанылғы-энергетика
ресурсларынан
пайдаланыўда
жүз
берген
ҳуқықбузарлықлар ушын хожалық жүргизиўши субектлерге ҳуқықый тәсир
шараларын қолланыў тәртиби ҳаққында”ғы Реже (буннан кейин текстте Реже
деп жүритиледи) 21-бәндиниң 1-хатбасына муўапық, ўәкилликли уйымның
хызметкерлери тәрепинен дүзилген актлер ҳәмде ўәкилликли уйым тәрепинен
қабыл етилген қарар финанслық санкциялар қолланыў ушын тийкар болып
есапланады.
Режениң 26, 27 ҳәм 28-бәнтлерине муўапық, усы Режеде нәзерде тутылған
финанслық санкцияларды қолланыў бойынша қарар қабыл етилгеннен соң
хожалық жүргизиўши субектлер бир ай мүддет ишинде финанслық
санкцияларды ықтыярый түрде төлеп бериўлери мүмкин.
Биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субект жол
қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярый түрде сапластырған ҳәм жеткизилген
зыянның орнын толық қаплаған болса, финанслық санкция қолланылмайды.
Ўәкилликли уйымның қарары тийкарында қолланылған финанслық
санкциялар бир ай мүддетте, усы Режениң 32-бәндиндеги жағдайларда алты ай
мүддетте төлеп берилмеген жағдайда, финанслық санкциялар ўәкилликли уйым
тәрепинен суд тәртибинде өндириледи.
Жуўапкер тәрепинен реактив қуўат компенсациясы бойынша жумыслар
жетерли
дәрежеде
шөлкемлестирилмегенлиги
ақыбетинде
217 160 033,40 сўмлық электр энергиясы ысырап болғанлығы истеги ҳүжжетлер,
даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпеси менен тастыйықланады.
Суд жуўапкер ўәкилиниӊ ўәжлери менен келиспейди ҳәм пайдаланылған
электр энергиясы ушун үш есе муғдарда төлем төленип келингенлиги
финанслық санкцияны өндирмеў ушын тийкар болмайды деп есаплайды.
Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 108 580 016,70 сўм финанслық санкция ҳәм 41 200 сўм почта
қәрежетин, республика бюджетине 2 171 600,34 сўм мәмлекетлик бажы, исти
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине видеоконференцалоқа
режиминде көриў менен байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириў,
даўаныӊ ХХна қарата берилген бөлеги бойынша исти өндиристен қысқартыўды
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
4
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер ХХнен даўагер ХХның пайдасына 108 580 016,70 сўм
финанслық
санкция
ҳәм
41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўаныӊ ХХна қарата берилген бөлеги бойынша исти өндиристен
қысқартылсын.
Жуўапкер ХХнен республика бюджетине 2 171 600,34 сўм мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Жуўапкер ХХнен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап
бетине
103 000 сўм суд қәрежети ѳндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест)
келтириўге ҳақылы.
Судья
Ж.Аманиязов