← Назад
Решение #2829580 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 518 символов
4-2302-2502/2417-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 23-декабрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (исеним хат тийкарында) қатнасыўында,
ХХның
даўагер
ХХниң
мәпин
қорғап,
жуўапкер
ХХнан
33 081 266 сўм лизинг төлемлери, 6 669 966 сўм пеня өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын өз суд имәратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
ХХның (кейинги орынларда ХХ) ХХниң (кейинги орынларда даўагер)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, ХХнан (кейинги орынларда
жуўапкер) 33 081 266 сўм лизинг төлемлери, 6 669 966 сўм пеня өндириўди
сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң 33 081 266 сўм лизинг
төлемлеринен қарызы төленбегенлигин, 33 081 266 сўм лизинг төлемлери,
6 669 966 сўм пеня өндириўди сорады.
Палата менен жуўапкер ўәкиллер суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң
жазба пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде ХХ менен жуӯапкердиң суд мәжилиси ҳаққында
тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар
екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128, 170-статьяларына
муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнама ынан келип
шыққан.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин
алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин
төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген
2023-жыл 20-декабрь күнги 23/01-5-201-санлы лизинг шәртнамасына тийкар
1 (бир) дана “BELARUS 82.1” маркалы трактор жеткерип берилген.
Жоқарыдағы шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар
жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК)
236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери
талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген.
Жуўапкер тәрепинен 33 081 266 сўм лизинг төлемлеринен қарызы
тѳленбегенлиги истеги шәртнама, қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем графиги ҳәм
мағлыўматнама, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпеси менен толық
тастыйықланады.
Сол себепли, суд даўагердиң 33 081 266 сўм лизинг төлемлеринен
қарызын өндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ, ПКниң 263-статьясына муўапық неустойка төлеў тәреплердиң
келисиўинде нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан, кредитор
нызамда белгиленген неустойка (нызамлы неустойка)ны төлеўди талап қылыўға
ҳақылы.
Дүзилген лизинг шәртнаманың 8.3-бәнтинде лизинг тѳлемлери графикте
белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем
мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем
суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем
суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы
кѳрсетилген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған
ҳәм сонлықтан жуўапкер тәрепинен төлемлер 2025-жыл 7-ноябрь күнине шекем
кешиктирилгенлиги ушын 6 669 966 сўм пеня есапланған.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня
муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтип, 10 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 33 081 266 сўм, 2 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта
қәрежети, жуўапкерден республика бюджетине 795 024,64 сўм мәмлекетлик
бажы, исти видеоконференцбайланыс режиминде көриў менен байланыслы
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине 103 000 сўм суд
қәрежетлерин ѳндириўди, даўа талабының қалған бөлимин қанаатлантырмастан
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
ХХның даўагер ХХниң мәпин қорғап берген даӯа арзасы қысман
қанаатландырылсын.
Жуўапкер ХХнан даўагер ХХниң пайдасына 33 081 266 сўм лизинг
төлемлеринен қарызы, 2 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети
өндирилсин.
Даўа талабының қалған бөлими қанаатлантырылмастан қалдырылсын.
Жуўапкер ХХнан республика бюджетине 795 024,64 сўм мәмлекетлик
бажы пул өндирилсин.
Жуўапкер ХХнан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103
000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев