Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2354 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5e993471-2e0c-48bf-b279-fdaea88d319e Claim ID PDF Hash 35a72abbaafda5c5... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 8 128 символов
4-2301-2502/2354-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 23-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер адвокаты А.Саидов (2025-жыл 20-ноябрь күнги 16-санлы ордер тийкарында), жуўапкер адвокаты Н.Курбанов (2025-жыл 16-декабрь күнги 26-санлы ордер тийкарында) қатнасыўында, даўагер Нөкис қаласы « st n» ЖШЖниң жуўапкер Хожели районы «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖнен юридикалық хызмет ушын 301 390 000 сом, төленген суд шығынларын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер « st n» ЖШЖти экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип, жуўапкер «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖнен юридикалық хызмет ушын 301 390 000 сом, төленген суд шығынларын өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер адвокаты даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер адвокаты суд мәжилисинде даўа талабына анықлық киритиў лазым деп есаплайтуғынын, себеби даўагер гуманлы ҳәрекетлерди әмелге асырғанын, сонлықтан “ libi” адвокатлық бюросы ҳәм « st n» ЖШЖти орталарында юридикалық хызмет көрсетиў бойынша дүзилген шәртнамасына Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулейманова атындағы Республикалық суд экспертиза орайына экономикалық суд экспертизасын өткериўди тапсырыў ҳаққындагы аўыз-еки илтимаснамасын қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи) 169-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы шахслардың жаңа дәлийллерди талап қылып алыў туўрысындағы ҳәмде исти көриў менен байланыслы басқа барлық мәселелер бойынша арзалары ҳәм илтимаснамалары исте қатнасыўшы басқа шахслардын пикирлери суд тәрепинен тыңланып болғаннан кейин шешиледи. Суд истеги ҳүжжетлер менен танысып шығып, даўагер адвокатының илтимаснаманы қанаатландырыўға қарсы екенлиги, себеби жуўапкер тәреп адвокаты өз ҳуқықларынан инсапсыз пайдаланып атырғаны, истиң өз ўақтында көрилиўине тийкарсыз рәўиште тосқынлық қылынып атырғаны, юридикалық хызмет көрсетиў ҳаққындағы шартнама еркин дүзилетуғыны, ол шәртнама күшинде екени, оған суд баҳа беретуғыны ҳаққындағы билдирген пикирин 1 тыңлап, илтимаснаманы қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин тексте ПК деп жүритиледи)ниң 363-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд шәртнама шәртлерин талқылаўда ондағы сөз ҳәм сөзликлерди ҳаслы мәнисин итибарға алады. Шәртнаманың шәрти анық болмаса, оның ҳаслы мәнисин оны басқа шәртлерге ҳәм барлық шәртнаманың мәнисине салыстырыў жолы менен анықлайды. Демек шәртнама шәртлерин талқылаў ҳәм оған баҳа бериў эксперт ўәкиллигине кирмейди. Сонлықтан жуўапкер адвокатының аўыз-еки илтимаснамасы қанаатландырыўсыз қалдырылады. Суд мәжилиси даўам етип, жуўапкер адвокаты усы даўаның берилиўине тийкар болған судтың 4-2301-2502/1476-санлы шешиўши қарары 2025-жыл 07август күни қабыл етилген болса, истеги даўагер ҳәм « libi» адвокатлық бюросы адвокатлық бюросы юридикалық хызмет көрсетиў шәртнамасын 2025жыл 06-август күни дүзгенин, ал 301 390 000 сом пуллары 2025-жыл 08сентябрь күни өткерилгенин, сонлықтан гуманлы ҳарекетлер бар екенин билдирип, даўаның талапларын қанаатландырмаўды сорады. Суд ис материалларын үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. ПК 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ҳақы есесине хызмет (юридикалық хызмет) көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 703-статьясының биринши бөлимине муўапық, ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының тапсырмасы менен затлық формада болмаған хызметти орынлаў (мәлим бир ҳәрекетлерди ислеў яки мәлим искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса ҳақы төлеў миннетлемесин алады. Истеги хүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм “ libi” адвокатлық бюросы орталарында 2025-жыл 06-август күни 11-санлы юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Бул 11-санлы шәртнама предметинде судтың 4-2301-2502/1476-санлы иси бойынша даўагердиң ҳуқықларын ҳәм мәпин қорғаўға “ libi” адвокатлық бюросы миннетленген. Сондай-ақ, шәртнаманың 3.4-бәнтинде даўа талабы 2 813 900 000 сом есабынан адвокат хызмети төлеми 301 390 000 сомды қураған. Анықланыўынша, даўагер «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖти экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип, жуўапкер « st n» ЖШЖнен 2 813 900 000 сом төленген ижәра ҳақын өндириўди сораған (4-2301-2502/1476-санлы ис). Судтың 2025-жыл 07-август күнги 4-2301-2502/1476-санлы шешиўши қарары менен даўагер «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖниң даўа арзасы 2 қанаатландырыўсыз қалдырылған. Бул шешиўши қарарының кирис бөлиминде жуўапкер « st n» ЖШЖниң ўәкили сыпатында А.Саидов көрсетилген. Ҳәзирги дәўирде шешиўши қарары нызамлы күшинде деп баҳаланады, себеби оның өзгергени яки бийкарланғаны бойынша иске мағлыўмат қосылмаған. ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары тусиниледи. ПК 985-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген зыян, сондай-ақ, юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым. Иске қосылған банк ҳүжжетинде даўагердиң адвокатлық бюросы банк есап бетине 2025-жыл 08-сентябрь күни жәми 301 390 000 сомды төлегени тастыйықланады. Суд жоқарыдағыларды есапқа алып, даўа арза талабын тийкарлы табады. ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Суд жуўапкер тәреп адвокатының наразылық ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби суд мәжилисиндеги даўа талабына билдирген наразылық ўәжлери тийкарлы деп болмайды. Сондай-ақ, даўа талабына рәсмий ҳүжжетлери тийкарында наразылығы дәлийлленбеди. Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа талабын тийкарлы таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына юридикалық хызмет ушын 301 390 000 сом, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкерден өндириледи. Даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли төленген 6 027 800 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагер пайдасына ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети жуўапкерден өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 169, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Хожели районы «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖнен Нөкис қаласы « st n» ЖШЖниң пайдасына юридикалық хызмет ушын 301 390 000 сом, 6 027 800 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы 3 суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. «Nukus Inn v tsi n instituti» ЖШЖниң экспертиза өткериў ҳаққындагы аўыз-еки илтимаснамасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 4