← Назад
Решение #2829654 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
7 583 символов
4-2302-2502/2414-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 23-декабрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2024-жыл 22-ноябрь күнги
11-06/58-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерлер ХХ ҳәм ХХ ўәкили ХХ
(баслық) қатнасыўында, ХХның даўагер ХХниң мәпин қорғап, ХХнан ҳәм
қосымша жуўапкерлер ХХ менен ХХнан солидар тәртипте 56 080 784 сўм лизинг
төлемлеринен қарызы, 8 184 187 сўм пеня өндириў ҳаққындағы даъво арзасын өз
суд имәратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
ХХның (кейинги орынларда ХХ ХХниң (кейинги орынларда даўагер)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, ХХнан (кейинги орынларда
жуўапкер) ҳәм қосымша жуўапкерлер ХХ менен ХХнан солидар тәртипте
56 080 784 сўм лизинг төлемлеринен қарызы, 8 184 187 сўм пеня өндириўди
сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң 56 080 784 сўм лизинг
төлемлеринен қарызы төленгенлигин билдирип, 8 184 187 сўм пеня өндириўди
сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң 56 080 784 сўм лизинг
төлемлеринен қарызы төленгенлигин билдирип, пеня өндирмеўди сорады.
Палата менен ХХ ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба
пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде ХХ менен ХХ суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси
(кейинги орынларда ЭПК)ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд тәреплер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы
нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд
тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнама ынан келип
шыққан.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин
алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин
төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 292-статясына тийкар кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа
шахс өз миннетлемесин толық ямаса толық емес орынлаўы ушын оның
кредиторы алдында жуўапкершиликти өз мойнына алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген
2024-жыл 11-март күнги 24/01-4-176-санлы лизинг шәртнамасына тийкар
1 (бир) дана “N w ll nd T-7060” маркалы трактор жеткерип берилген.
Жоқарыдағы шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар
жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў
миннетлемесин алған.
2024-жыл 11-март күнги 24/098-санлы кепиллик шәртнамасына тийкар
қосымша жуўапкерлер ХХ менен ХХ жуўапкер тәрепинен лизинг төлеўлери
миннетлемелери белгиленген мүддетлерде ҳәм орынланбаған бөлимин даўагерге
төлеп бериў миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
Жуўапкер тәрепинен 56 080 784 сўм лизинг төлемлеринен қарызы
төленгенлиги истеги тѳлем графиги ҳәм мағлыўматнама, тәреплер ўәкиллериниң
суд мәжлисиндеги көрсетпеси менен толық тастыйықланады.
Сол себепли, суд даўагердиң 56 080 784 сўм өндириў ҳаққындағи даўа
талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Дүзилген лизинг шәртнаманың 8.3-бәнтинде лизинг тѳлемлери графикте
белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем
мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем
суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем
суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы
кѳрсетилген.
Жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған ҳәм
сонлықтан жуўапкер тәрепинен төлемлер 2025-жыл 7-ноябрь күнине шекем
кешиктирилгенлиги ушын 8 184 187 сўм пеня есапланған.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня
муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтип, 2 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 2 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, жуўапкерден
республика бюджетине 1 285 379,42
сўм мәмлекетлик бажы, исти
видеоконференцбайланыс режиминде көриў менен байланыслы Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы судының депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлерин
ѳндириўди, даўа талабының қалған бөлимин қанаатлантырмастан қалдырыўды
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер ХХнан ҳәм қосымша жуўапкерлер ХХ менен ХХнан солидар
тәртипте даўагер ХХниң пайдасына 2 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта
қәрежети өндирилсин.
Даўа талабының қалған бөлими қанаатлантырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер ХХнан республика бюджетине 1 285 379,42 сўм мәмлекетлик
бажы пул өндирилсин.
Жуўапкер ХХнан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103
000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев