Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2417 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 18cf17e4-c82b-4240-8a97-e7cdafe34969 Claim ID PDF Hash 47d069a77e4ebdb0... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 437 символов
4-2301-2504/2417-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья С.Ниязов 2025-жыл 23-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "***" фермер хожалығынан 3 030 770,35 сом қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди анықлады: Даўагер “***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 3 030 770,35 сом қарызын өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Тәреплер орталарында 2024-жыл 12-март күни электр энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы 055179-санлы шәртнама (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин, жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.6-бәнтине муўапық, тутуныӯшыларға электр энергиясын жеткерип бериӯ алдыннан ҳақы төлеӯ тийкарында әмелге асырылады. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын пайдаланылған электр энергиясынан 3 030 770,35 сом қарызы пайда болған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын 2 энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 10-ноябрь күнги 0205/536-01-санлы талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 3 030 770,35 сом қарызын өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. Даўагер тәрепинен судқа усынылған мағлыўматнамаға қарағанда, жуўапкер тәрепинен 3 030 770,35 сом қарызы толық төленген. Сонлықтан суд даӯа арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды лазым табады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ бесинши бөлимине муўапық, даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат еткенинен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыӯды, жуўапкерден даўагер пайдасына төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. "***" фермер хожалығынан «***» акционерлик жәмийети пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "***" фермер хожалығынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья С.Ниязов