Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/1010 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8cde4cfb-e260-4cb1-a3bd-4099f0711326 Claim ID PDF Hash c995f4b922465f8b... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 14 354 символов
4-2301-2502/1010-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 23-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, жуўапкер ўәкили Н.Ли (2025-жыл 02-июнь күнги 11-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден баслық М.Атабаев ҳәм адвокат С.Сырғабаев (2025-жыл 16октябрь күнги 46-санлы ордер тийкарында), жуўапкерден баслық П.Иноятов қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы даўагер “ zb kist n s n tqurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк мәпин қорғап, жуўапкерлер “Bi k gr im ks” ЖШЖнен, “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖнен ҳәм “ din N sib s m ” ЖШЖнен солидар тәртипте 2019-жыл 24-декабрь күнги 67-1-санлы шәртнамасы бойынша 119 983,98 АКШ доллар өндириўди, “Bi k gr im ks” ЖШЖнен, “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖнен ҳәм “ din N sib s m ” ЖШЖнен солидар тәртипте 2019-жыл 24-декабрь күнги 67-2-санлы шәртнамасы бойынша 850 781,25 АКШ доллар өндириўди, өндириўди “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖниң көшпес мүлкерине қаратыў ҳәм мүлклер баҳасын белгилеў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы даўагер “ zb kist n s n t-Qurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк мәпинде судқа мүрәжат етип, жуўапкерлер “Bi k gr im ks” ЖШЖнен, “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖнен ҳәм “ din N sib s m ” ЖШЖнен солидар тәртипте 2019-жыл 24-декабрь күнги 67-1-санлы шәртнамасы бойынша 119 983,98 АКШ доллар өндириўди ҳәмде “Bi k gr im ks” ЖШЖнен, “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖнен ҳәм “ din N sib s m ” ЖШЖнен солидар тәртипте 2019-жыл 24-декабрь күнги 67-2-санлы шәртнамасы бойынша 850 781,25 АКШ доллар өндириўди, өндириўди “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖниң көшпес мүлкерине қаратыўды ҳәм мүлклер баҳасын белгилеўди сораған. Судтың 2025-жыл 23-июнь күнги шешиўши қарары менен даўаның талаплары қанаатландырылған. Шешиўши қарарды жаңадан ашылған жағдай бойынша қайта көрип шығыў ҳаққындағы арзасы тийкарында истеги жуўапкер “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖти судқа мүрәжат еткен. Бул арзаға тийкар ретинде Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының 2025-жыл 13-август күнги 4-2301-2502/1004-санлы қарары қосылған. Судтың 2025-жыл 24-октябрьдеги уйғарыўы менен жаңадан ашылған жағдай бойынша қайта көрип шығыў ҳаққындағы арза қанаатландырылған, 1 судтың 2025-жыл 23-июнь күнги 4-2301-2502/1010-санлы шешиўши қарары бийкар етилген. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Жуўапкер “Bi k gr im ks” ЖШЖниң ўәкили Н.Ли суд мәжилисинде Бас банк манзилине медиация келисимин дүзиў бойынша усыныс берилгенин, ҳәзирги дәўирде бир қанша шийки-зат алынғанын, нәтийжеде жумыс-искерлигин даўам етиўге имканият жаратылып атырғанын, сонлықтан истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыў мақсетке муўапық болатуғыны ҳаққындағы ўәжлерин мәлим етип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкер “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖниң баслығы М.Атабаев ҳәм адвокат суд мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының 2025-жыл 13август күнги 4-2301-2502/1004-санлы қарары менен кепиллик шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылғаны себепли кепилликтен азат етиўди ҳәм көшпес мүлклердиң жаңа баҳалар бойынша сатылыў баҳасын белгилеўди сорады. Жуўапкер “ din N sib s m ” ЖШЖниң баслығы П.Иноятов суд мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының 2025-жыл 13-август күнги 4-2301-2502/1004-санлы қарары менен кепиллик шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылғаны себепли кепилликтен азат етиўди сорады. Банк ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде медиация питимин дүзиў илажларын корип шығыў зәрурлиги пайда болғаны ушын истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыўды сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши бөлимине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, ис материалларын үйренип шығып, жуўапкерлер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин тексте ПК деп жүритиледи)ниң 8,234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер “Bi k gr 2 im ks” ЖШЖти орталарында 2019-жыл 24-декабрь күни дүзилген 67-1-санлы кредит шәртнамасы тийкарында, банк тәрепинен жыллық 10% ставкада 60-ай мүддетке 4 250 000 АҚШ доллар муғдарында кредит ажратылған. Бул кредит шәртнамасы бойынша 119 983,98 АҚШ доллар қарыздарлық жүзеге келген. Сондай-ақ, банк ҳәм жуўапкер “Bi k gr im ks” ЖШЖти орталарында 2019-жыл 24-декабрь күни дүзилген 67-2-санлы кредит шәртнамасы тийкарында, банк тәрепинен жыллық 10% ставкада 24-ай мүддетке 750 000 АҚШ доллар муғдарында кредит ажратылған. Бул кредит шәртнамасы бойынша 850 781,25 АҚШ доллар қарыздарлық жүзеге келген. Кредитлердиң қайтымын тәмийинлеў мақсетинде ипотека ҳәм кепиллик шәртнамалары дүзилген. Ипотека шәртнамасы бойынша көшпес мүлклер гиреўге қойылған. ЭПК 73-статьясы екинши бөлимине тийкар, экономикалық судының алдын көрилген иси бойынша нызамлы күшине кирген шешиўши қарары менен анықланған жағдайлар суд тап сол шахслар қатнасып атырған басқа исти көргенде жаңадан дәлилленбейди. Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының 2025-жыл 13-август күнги 42301-2502/1004-санлы қарары менен “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖти, АКБ “ zb kist n s n t-qurilish b nki” ҳәм “Bi k gr im ks” ЖШЖти ортасында 2019-жыл 24-декабрь күнги 937 500 АҚШ доллар муғдарындағы кепиллик шәртнамасы ҳәмде 2019-жыл 24-декабрь күнги 5 312 500 АҚШ доллар муғдарындағы кепиллик шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылған. Бул жағдайда кепиллик шәртнамалары бойынша истеги кепиллер жуўапкершилигинен азат етилиўи лазым. Кредит шәртнамаларының 2.04, 2.07, 2.3, 2.5-бәнтлеринде жуўапкер кредит, процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың талапнамалары почта арқалы жуўапкерге берилген, бирақ қарыз төленбеген. Банк қарызлар сөндирилмегени себепли оның өндирилиўи талап қылынғаны тийкарлы табылады. Өзбекстан Республикасы «Гиреў ҳаққында»ғы Нызамының 27-статьясы биринши, үшинши бөлимлерине ҳәмде ПК 280-статьясы биринши, үшинши бөлимлерине тийкар, гиреўге алыўшының (кредитордың) талаплары гиреўге қойылған көшпес мал-мүлк бахасынан судтың қарарына муўапық қандырылады. Егер гиреўге қойўышының гиреўге алыўшы менен келисимде басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, гиреўге алыўшының талаплары гиреўге қойылған көшер мал-мүлк есабынан суд ҳүжжетине муўапық қандырылады. Егер нызамда басқаша тәртип белгилеп қойылған болмаса, өндириў гиреўге алыўшыға тапсырылған гиреў нәрсесине гиреў ҳаққындағы шәртнамада белгиленген тәртипте қаратылыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар 3 ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында» ғы Нызамының 54-статьясы 4-бөлиминде, гиреўге қойылған мүлк пенен тәмийинленген миннетлемелерди орынлаўда, өндириў усы мүлкке қаратылған жағдайда, гиреўге қойылған мүлк суд тәрепинен мәжбүрий түрде баҳалаўдан өткериледи ҳәм бул аукцион саўдаларындағы басланғыш реализациялаў баҳасы суд қарары менен баҳалаў ҳаққындағы есабатта анықланған муғдарда белгиленеди. ЭПК 13-статьясы төртинши бөлимине көре, исбилерменлик субектлери ҳәм мәмлекетлик органлары, соның ишинде ҳуқық қорғаўшы ҳәм қадағалаўшы органлар, сондай-ақ, банклер ортасындағы даўалар бойынша ислерди көрип шығыўда нызамшылықта исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў менен байланыслы жағдайда жүзеге келетуғын барлық сапластырып болмайтуғын қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықлар исбилерменлик субъектиниң пайдасына талқыланады. Өзбекстан Республикасының «Баҳалаў искерлиги ҳаққында»ғы Нызамының 181-статьясы биринши, екинши бөлимлерине муўапық, зәрүр болғанда, баҳалаў ҳаққындағы есабаттың исенимлилигин тексериў ушын бул есабат нызамшылықта белгиленген тәртипте басқа баҳалаўшы шөлкем тәрепинен шәртнама тийкарында экспертизадан өткерилиўи мүмкин. Баҳалаў ҳаққындағы есабаттың исенимлилигин экспертизадан өткериў нәтийжелери эксперт жуўмағы менен рәсмийлестириледи. Тәреплердиң ортасында гиреўге қойылған мүлктин баҳасы бойынша даўа келип шыққан. Көшпес мүлк ийеси тәрепинен нызамшылыққа муўапық мүлклер жаңадан баҳаланған. Бул жаңа баҳаларға банк наразылығын билдирип, жаңадан қайта баҳалаў өткергени Өзбекстан Республикасының «Баҳалаў искерлиги ҳаққында»ғы Нызамының 181-статьясы талапларына қайшы келеди. Себеби аты аталған Нызамға көре баҳалаў ҳаққындағы есабаттың исенимлилиги тексерилиўи лазым. Ал банк жаңа баҳалаў өткерген. Сонлықтан ол ҳүжжетлер қайтарылыўға жатады. Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерлерден банк пайдасына солидар тәртипте 119 983,98 АКШ доллар ҳәм 850 781,25 АКШ доллар кредит қарыздарлықларын өндириўди мақул табады. “Bi k gr im ks” ЖШЖниң ўәкилиниң истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыў ҳаққындағы аўыз-еки илтимаснамасы тийкарсыз табылады. Себеби бул истиң көрилиўи бир қанша ўақыт даўам етилген. Демек жуўапкер ўәкили өз ҳуқықларынан инсапсыз пайдаланып атырған деп есаплаўға тийкар бар. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер кредит алыўшы шахстан өндирилиўи лазым. Дәслепки шешиўши қарар жаңадан ашылған жағдай бойынша бийкар етилген. Сонлықтан даўа арза судқа кирис болған дәўирдеги базалық есаплаў муғдары ҳәм бир АҚШ доллар банк курсы есабынан суд шығынлары өндирилиўи тийис, яғный, даўа арза судқа 2025-жыл 20-май күни кирис болған сәнедеги бир АКШ доллардың рәсмий баҳасы 12 858,15 сомды 4 қураған. Талап қылынған суммалар есабынан жәми 249 644 898,59 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына видеоконференция байланыс ушын 93 750 сом суд қәрежети ҳәм банк пайдасына 37 500 сом почта қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 169, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын. “Bi k gr im ks” ЖШЖнен “ zb kist n s n t-qurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 119 983,98 АКШ доллар, 850 781,25 АКШ доллар кредит қарыздарлықлары өндирилсин. “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖти ҳәм “ din N sib s m ” ЖШЖти кепиллик жуўапкершилигинен азат етилсин. Қарыздарлықты өндириў “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖне Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, «Жуўазшы» МПЖ, Өзбекстан (Төрткуль) гузары, 1-А-жайда жайласқан Музлатқыш имараты, ислеп шыгарыў цех, ыдыс, жүк амбархана, тәрези орны (айвон), NU (K ), кийиниў имараты, автогараж, трансформатор имараты, қазанхана имараты, колбаса цех, жәрдемши имарат, насос станциясы, гранустановка, NU (K ), ҳәжетхана имараты, жерден мудамы пайдаланыў ҳуқықы менен биргеликте гиреўге қойылған мүлкине қаратылсын. Мүлктиң сатылыў баҳасы 55 666 946 541 сом муғдарында белгиленсин. Қарыздарлықты өндириў “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖне Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, «Жуўазшы» МПЖ, Өзбекстан (Төрткуль) гузары, 1-жайда жайласқан Нан өнимлери ислеп шығарыў цех жерден мудамы пайдаланыў ҳуқықы менен биргеликте гиреўге қойылған мүлкине қаратылсын. Мүлктиң сатылыў баҳасы 610 963 000 сом муғдарында белгиленсин. Қарыздарлықты өндириў “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖне Қарақалпақстан Республикасы, Қонырат районы, «Алтын көл» МПЖ, Х.Реджепов көшеси нөмерсиз жайда жайласқан Мини маркет дүкән жерден мўдамы пайдаланыў ҳуқықы менен биргеликте гиреўге қойылған мүлкине қаратылсын. Мүлктиң сатылыў баҳасы 303 909 000 сом муғдарында белгиленсин. Қарыздарлықты өндириў “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖне Қарақалпақстан Республикасы, Шымбай районы, «Абат» МПЖ, А.Бекимбетов көшеси нөмерсиз жайда жайласқан дүкән имараты жерден мудамы пайдаланыў ҳуқықы менен биргеликте гиреўге қойылған мүлкине қаратылсын. Мүлктиң сатылыў баҳасы 350 953 000 сом муғдарында белгиленсин. Қарыздарлықты өндириў “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖне 5 Қарақалпақстан Республикасы, Кегейли районы, Халқабад посёлкасы, Халқабад гузары нөмерсиз жайда жайласқан Халқабад мини маркет имараты, жерден мўдамы пайдаланыў ҳуқықы менен биргеликте гиреўге қойылған мүлкине қаратылсын. Мүлктиң сатылыў баҳасы 567 065 000 сом муғдарында белгиленсин. Қарыздарлықты өндириў “Q r q l q g sh-sut s wd ” АЖне Қарақалпақстан Республикасы, Кегейли районы, Кегейли посёлкасы, И.Абдамбетов көшеси нөмерсиз жайда жайласқан Кегейли мини маркет имараты жерден мўдамы пайдаланыў ҳуқықы менен биргеликте гиреўге қойылған мүлкине қаратылсын. Мүлктиң сатылыў баҳасы 368 547 000 сом муғдарында белгиленсин. “Bi k gr im ks” ЖШЖниң ўәкилиниң истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыў ҳаққындағы аўыз-еки илтимаснамасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “Bi k gr im ks” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 249 644 898 сом мәмлекетлик бажы ондирилсин. “Bi k gr im ks” ЖШЖнен “ zb kist n s n t-qurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 37 500 сом почта қәрежети ондирилсин. “ zb kist n s n t-qurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк тәрепинен жаңа қайта баҳалаў откерилген ҳүжжетлери қайтарылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 6