← Назад
Решение #2829912 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
3 469 символов
4-2301-2502/2363-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
УЙҒАРЫЎ
(экономикалық исин өндиристен қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 23-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили Б.Шаханов (2025-жыл 08-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасында, даўагер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңесиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы
мәмлекетлик унитар кәрханасының жуўапкер Әмиўдарья районы «Amud r
m sus qurilish» ЖШЖнен 110 334 531 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Бирденбир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы мәмлекетлик унитар
кәрханасы жуўапкер «Amud r
m sus qurilish» ЖШЖнен 110 334 531 сом
пеня өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўадан ўаз кешиў ҳаққындағы 2025жыл 23-декабрьдеги арзасын усынып, ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды
сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин тексте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти
көрип шығыўды мақул табады.
Суд, истеги хүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
түсинигин, ўәжлерин тыңлап, исти өндиристен қысқартыўды мақул
тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 13-август
күни 184935-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы дүзилген. Шәртнама
шәртлерине тийкар даўагер пеня өндириў талабы менен судқа мүрәжат еткен.
Бирақ суд мәжилисинде даўагер тәрепинен даўадан ўаз кешиў
ҳаққындағы 2025-жыл 23-декабрь күнги арзасы усынылды.
ЭПК 157-статьясы екинши бөлимине муўапық, даўагер исти ҳәр қандай
инстанция судында көрилиўинде тийисли суд инстанциясына исти көриў
жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенге шекем
даўадан толық яки қысман ўаз кешиўге ҳақылы.
ЭПК 110-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер даўасынан ўаз кешген ҳәм
суд оны қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал
нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының
13-бәнтинде, даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы
екенлиги бойынша түсиник берилген.
Суд, даўагердиң даўадан ўаз кешиў ҳаққындағы арзасын қабыл етиўди
ҳәм ис жүритиўди қысқартыўды мақул табады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясына көре даўагер мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген.
Сонлықтан даўадан ўаз кешилгени бойынша мәмлекетлик бажы
өндирилместен ҳәмде алдын ала төленген почта қәрежети даўагер мойнында
қалдырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 195статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Экономикалық иси өндиристен қысқартылсын.
Уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов