Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2367 Дата решения 23.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 66eda2a0-a288-433f-a110-cefcc0ce4981 Claim ID PDF Hash 02d40f975d241375... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 961 символов
4-2301-2502/2367-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 23-дкабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк ўәкиллери Ф.Маткаримов, К.Аскаров (2025-жыл 10-июнь күнги 2640/13-05-1068-санлы, 2025-жыл 26-август күнги 3623/13-05-1068-санлы исеним хатлар тийкарында), жуўапкер М.Худайбергенова қатнасыўында, даўагер Өзбекстан Республикасы шет ел капиталы қатнасындағы “ mk rb nk” акционерлик-коммерциялық банкиниң жуўапкер Нөкис қаласы “ ud b rg n v i s r D ld b vn ” жеке исбилерменди ҳәм оның мүлклерин Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1/1-Вжайда жайласқан дүкән имаратынан ҳәм Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1-В-жайда жайласқан турақ жай емес имаратынан (балалар бақшасы) мәжбурий тәртипте көшириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер Өзбекстан Республикасы шет ел капиталы қатнасындағы “ mk rb nk” акционерлик-коммерциялық банки жуўапкер “ ud b rg n v i s r D ld b vn ” жеке исбилерменди ҳәм оның мүлклерин Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1/1-В-жайда жайласқан дүкән имаратынан ҳәм Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1-Вжайда жайласқан турақ жай емес имаратынан (балалар бақшасы) мәжбурий тәртипте көшириўди сораған. Судтың 2025-жыл 01-декабрьдеги уйғарыўы менен Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўа предметине өз алдына талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкиллери даўаның талаплары тийкарлы екени ҳаққындағы ўәжлерин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде судтың шешиўши қарары менен тастыйықланған банк алдындағы 300 000 000 сом қарызларын тән алатуғынын, бирақ банк тәрепинен ҳәзирги күнде шәртнаманы мәжбурий дүздириў арқалы қуяш панели ушын 60 000 000 сом қосымша есапланғанын, бул пулларды тән алмайтуғынын, мәжбурий тәртипте көширилиўине наразы екенин, судқа жәрдем көрсетиў ҳаққындағы илтимаснама-арзасын бергенин билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. 2 Суд мәжилисине прокурор келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде даўа предмети банк балансында екени ҳаққындағы ҳүжжетлерин усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин тексте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тынлап, ис материалларын үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. ЭПК 26-статьясы биринши бөлими 7-бәнтине тийкар, мүлк ийеси яки мүлктиң басқа нызамлы ийеси тәрепинен мал-мүлкти басқа шахстын нызамсыз ийелигинен талап қылып алыў туўрысындағы даўа экономикалық суды тәрепинен шешиледи. Анықланыўынша, даўагер банк ҳәм жуўапкер орталарында 2023-жыл 25-май күни 367-санлы дүзилген кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 60-ай мүддетке, жыллық 27% ставкада 300 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Кредит мақсети турақ емес жай сатып алыў болып белгиленген. Кредит қайтымын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкерге тийисли Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1/1-В-жайда жайласқан дүкән имараты ҳәм Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1-В-жайда жайласқан турақ жай емес имараты тәреплердиң келисиминде жәми 300 000 000 сомға баҳаланған. Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районы судының 2024-жыл 23декабрь күнги 2-2301-2402/18055-санлы шешиўши қарары тийкарында берилген орынлаў хаты бойынша банк пайдасына истеги жуўапкер есабынан Мәжбурий орынлаў бюросы тәрепинен карыздарлықты өндириўге қаратылған ҳәрекетлери әмелге асырылған. Бирақ бул көшпес мүлк имаратлары яғный, Баркамол көшеси 1/1-Вжайда жайласқан дүкән имараты ҳәм Баркамол көшеси 1-В-жайда жайласқан турақ жай емес имараты саўдаға шығарылған болсада, қарыйдар болмаған. Нәтийжеде Мәжбурий орынлаў бюросының 2025-жыл 22-сентябрьдеги сатылмаған мүлклерди өндириўшиге тапсырыў ҳәм мәмлекет дизиминен өткизиў ҳаққындағы қарарларында көшпес мүлклер 37 500 000 сом ҳәм 196 875 000 сом муғдарында қарыз есабына банк балансына тапсырылған. Кадастр палатасы тәрепинен усынылған рәсмий ҳүжжетлерде көшпес мүлклер истеги даўагерге тийисли екенлиги көрсетилген. 3 Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 164-статьясына тийкар, мүлк ҳуқықы шахстың өзине қараслы мал-мүлкке өз қәлеўи менен ҳәм өз мәплерин көзлеп ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм реализация етиў, сондай-ақ, өзиниң мүлк ҳуқықын, ким тәрепинен болмасын, ҳәр қандай бузылыўын сапластырыўды талап қылыў ҳуқықынан ибарат болып табылады. Мүлк ҳуқыкы мүддетсиз. Уыс Кодекстиң 228-статьясына муўапық, мүлкдар өз мал-мүлкин басқа шахстың нызамсыз ийелигинен талап етиўге ҳақылы. Имаратларды тапсырыў кереклиги хаккындағы даўагердиң 2025-жыл 07-ноябрьдеги ескертиў хаты бойынша жуўапкер тийисли жуўмақ шығармаған. ЭПК 184-статьясына тийкар, пул қаржыларын өндириў яки мал-мүлкти тапсырыў менен байланыслы болмаған белгили хәрекетлерди әмелге асырыў миннетлемелерин жүклеў туўрысындағы талап қанаатландырылғанда суд шешиўши қарарының жуўмақлаўшы болиминде әмелге асырылыўы керек болған хәрекетлерди, сол ҳәрекетлерди әмелге асырыў шәрт болған шахсты, сондай-ақ олардың әмелге асырылыў орны ҳәм мүддетин көрсетеди. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Суд жуўапкердиң наразылық ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби жуўапкер өз наразылықларына тийкар қылып келтиретуғын жағдайлары дәлийлленбеди. Жоқарыдағыларды есапқа алып, суд даўагердиң жуўапкерди йиелеп отырған көшпес мүлклери имаратларынан мәжбурий түрде көшириў талапларын тийкарлы таўып, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым табады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Сонлықтан еки талап қойылғаны себепли ҳәр бири бойынша базалық есаплаў муғдарының он есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде төленген почта қәрежети жуўапкерден даўагер пайдасына өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, 184-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “ ud b rg n v i s r D ld b vn ” жеке исбилермен ҳәм оның мүлклери Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1/1-В-жайда жайласқан дүкән имаратынан ҳәм Нөкис қаласы, “Жайхун” МПЖ, Баркамол көшеси 1-В-жайда жайласқан турақ жай емес имаратынан (балалар бақшасы) мәжбурий тәртипте еки ай мүддет ишинде 4 көширилсин. “ ud b rg n v i s r D ld b vn ” жеке исбилермен есабынан Өзбекстан Республикасы шет ел капиталы қатнасындағы “ mk rb nk” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 41 200 сом почта кәрежети ондирилсин. “ ud b rg n v i s r D ld b vn ” жеке исбилермен есабынан мәмлекет бюджетине 8 240 000 сом мәмлекетлик бажы ондирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов