Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2503/2406 Дата решения 22.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 64617415-4845-4d6e-a8c1-5138318ffca6 Claim ID PDF Hash 751ef9c6fa55f109... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 832 символов
4-2302-2503/2406-санлы экономикалық ис судья Ж.Ж.Аманиязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 22-декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязов басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаеваның хаткерлигинде, ХХ ҳәмде жуўапкер ўәкили ХХқатнасыўында, ХХмәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер ХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 231 298 184 сўм тийкарғы қарызын ҳәм 67 463 486 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Хорезм ўәлаят аймақлық басқармасы даўагер «Елликқала пахта тазалаў» АЖ (кейинги текстте – даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер ХХ ЖШЖ (кейинги текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 231 298 184 сўм тийкарғы қарызын ҳәм 67 463 486 сўм пеня өндириўди сораған. Даўагер жәмийет баслығы суд мәжилисинде даўа талапларын қоллапқуўатлап, арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талапларын тән алып, қарыздарлықты тѳлеў иләжлары кѳрилип атырғанлығын билдирип жәмийеттиң финанслық жағдайы тѳмен дәрежеде екенлигин есапқа алып, пеняны ѳндирмеўди сорады. Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Хорезм ўәлаят аймақлық басқармасы даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги текстте – ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижара шәртнамасында көрсетилген тийкарлардан келип шыққан. ПКниң 535-статьясына кѳре, мүлк ижарасы шәртнамасы бойынша ижараға бериўши ижараға алыўшыға ҳақы есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў ушын тапсырыў миннетлемесин алады. ПКниң 544-статьясына муўапық ижараға алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақыны ѳз ўақтында тѳлеп турыўы шәрт. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 4-сентябрь күни (перегружатель 4 дана, транспортёр 4 дана) тийкарғы қуралларды ижараға бериў ҳаққында 06-санлы шәртнама дүзилип, оның 1-қосымшасына кѳре, даўагер жуўапкерге усы қуралларды ҳәр айға 57 824 546 сўмнан тѳлеп барыў шәрти менен ижараға берген. Жуўапкер болса усы шәртнаманың 2.2-бәнтине ижара объекти ушын ҳәр бир айға алдыннан 100 пайыз ижара ҳақыларын тѳлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен 2025-жылдың ноябрь айына дейин даўагер алдында жәми 231 298 184 сўм ижара ҳақы бойынша қарызы пайда болған. Жуўапкердиң бул қарызлары шәртнама, есапбети-фактурасы ҳәм мағлыўматнама менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа талапларының тийкарғы қарызын өндириў бөлегин толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 231 298 184 сўм тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, даўагер шәртнама бойынша төлемлер кешиктирилгенлиги себепли жуўапкерден 67 463 486 сўм пеня өндириўди сораған. Суд даўагердиң жуўапкерден 67 463 486 сўм пеня өндириў талабын да тийкарлы деп есаплайды. Себеби, Ѳзбекстан Республикасының «Хожалық жүргизиўши субъектлер жумысының шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамы 32-статьясында жеткизип берилген товарлар (ислер, хызметлер) ҳақысын ѳз ўақтында тѳлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпашы) жеткизип бериўшиге ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген тѳлем суммасының 50 пайызынан артық болмаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы нәзерде тутылған. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мǝжбүриятларды орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен алды-сатты шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, өндирилиўи тийис болған 67 463 486 сўм пеняны 20 пайызға, яғный 13 492 697,20 сўмға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси 118-статьясының биринши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги текстте – Нызам деп жүритиледи)на қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрьдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июнь күнги «Ис ҳақи, пенсиялар, степендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сўм етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 5 975 233,40 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер «Елликқала пахта тазалаў» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 231 298 184 сўм тийкарғы қарызы ҳәм 13 492 697,20 сўм пеня, сондай-ақ ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талапларының қалған бөлеклери қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер ХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 5 975 233,40 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Ж.Аманиязов