← Назад
Решение #2830673 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
8 050 символов
4-2302-2503/2421-санлы экономикалық ис
судья Ж.Аманиязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Беруний районы
22-декабрь 2025 жыл
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
суды
судьясы
Ж.Аманиязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаеваның
хәткерлигинде, даўагер ХХниң жуўапкер ХХнен 5 064 402 сўм мүддети
өткен кредит қарыздарлығы, 4 143 338 сўм мүддети өткен пайыз
қарыздарлығы ҳәмде 1 151 073 пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша
исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер ХХ (кейин текстте-даўагер деп жүритиледи) судқа даўа арзасы
менен мүрәжат етип, жуўапкер ХХ (кейин текстте-жуўапкер деп
жүритиледи) нен 5 064 402 сўм мүддети өткен кредит қарыздарлығы,
4 143 338 сўм мүддети өткен пайыз қарыздарлығы ҳәмде 1 151 073 пеня
өндириўди сораған.
Даўагер даўа арзасында исти өзиниң ўәкиллериниң қатнасыўысыз
көрип шығыўды сораған.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирлерин
судқа усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде оның суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодекси (кейинги текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына муўапық оның қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым
тапты.
Суд ис материалларын үйренип шығып, даўа талабын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл
5-май күни дүзилген 775-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен
жуўапкерге 36 ай мүддетке 26 пайыз бенен 250 000 000 сўм муғдарында
кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейин текстте-ПК
деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт
деп көрсетилген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши
2
(юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги
болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды
жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли 2025-жыл 3-декабрь күнине қарыздарлығынан
мүддети өткен тийкарғы карыз 5 064 402 сўм, мүддети өткен пайыз
қарыздарлығы 4 143 338 сўм ҳәмде 1 151 073 сўм пеня қарыздарлығы жүзеге
келген.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 22-декабрь жағдайына көре,
мүддети өткен тийкарғы карыз 10 398 586 сўм, мүддети өткен пайыз
қарыздарлығы 8 974 215 сўм, 1 706 384 сўм пеня есапланып,
қарыздарлығында өсим пайда болған.
Бул жағдайлар истеги кредит шәртнамасы, кредитти сѳндириў графиги
ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўа талабынан шетке шықпаған ҳалда кредит
бойынша мүддети өткен тийкарғы карыз 5 064 402 сўм, мүддети өткен пайыз
қарыздарлығы 4 143 338 сўм өндириў талабын толық қанаатландырыўды
лазым тапты.
Соның менен бирге, даўа талабында жуўапкерден даўагер пайдасына 1
151 073 сўм пеня өндириў соралған.
Суд усы даўа талабында тийкарлы ҳәм дурыс есапланған деп
есаплайды. Себеби кредит шәртнамасының 8.3-бәнтинде пайызлар өз
ўақтында төленбегенде қарыздар төлем кешиктирилген ҳәр бир күн ушын
кешиктирилген сумманың 0,2 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген
сумманың 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня төлейтуғынлығы
көрсетилген.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада
басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери
ҳаққында»ғы
Қарарының
4-бәнди
бойынша
ПКниң
326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң
орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий
3
аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў
дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық
жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин
итибарға алып, 1 151 073 сўм пеняны 30 пайызға, яғный 345 321,90 сўмға
қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши, бесинши
ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў
ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам
ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен
кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған
ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда,
суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июнь күнги
«Ис ҳақи, пенсиялар, степендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сўм етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети
тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин
ѳдириўди лазым тапты.
4
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179, 184-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер ХХнен даўагер ХХниң пайдасына мүддети өткен тийкарғы
карыз 5 064 402 сўм, мүддети өткен пайыз қарыздарлығы
4 143 338 сўм, 345 321,90 сўм пеня ҳәмде ис бойынша алдыннан төленген
41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер ХХнен республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик
бажы ѳндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья:
Ж.Аманиязов