← Назад
Решение #2831355 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
7 801 символов
4-2301-2502/2349-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 19-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўәкили К.Шонкаков (2025-жыл 07-июль күнги 40-02/78-санлы исеним
хат тийкарында), қосымша жуўапкер ўәкили Д.Коротченко (2025-жыл 27январь күнги 01/110-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер
“Ozb kist n s n t-qurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк мәпин
қорғап, жуўапкерлер Нөкис қаласы «Ev Nukus K it l» ЖШЖнен ҳәм
Ташкент қаласы «Im
Insur n » АЖнен солидар тәртипте 100 000 000 сом
кредит қарыз, мүддети өткен 13 569 530,60 сом процент, төленген почта
қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд
имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы даўагер “Ozb kist n s n t-qurilish b nki” акционерликкоммерциялық банк мәпинде жуўапкерлер «Ev Nukus K it l» ЖШЖнен ҳәм
«Im
Insur n » АЖнен солидар тәртипте 100 000 000 сом кредит қарыз,
мүддети өткен 13 569 530,60 сом процент, төленген почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Усынылған даўа арзада исти
палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы
болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Қосымша жуўапкер «Im
Insur n » АЖниң ўәкили суд мәжилисинде
даўагер банк тәрепинен қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергени бойынша
тийисли тәртипе хабар берилмгени себепли даўа арзаны қанаатландырмаўды
сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы
тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның
талапларын қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер банк ҳәм кредит алыўшыжуўапкер орталарында 2025-жыл 29-январь күни дүзилген 288-санлы кредит
шәртнамасы тийкарында, жыллық 22% ставкада 80-ай мүддетке 100 000 000
сом кредит ажратылған.
Кредит шәртнамасының 2.4, 2.7-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит
ҳәм процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада,
шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
Банк ҳәм “Im
Insur n ” АЖти қамсызландырыў компаниясы
орталарында 2024-жыл 13-ноябрь күни 00/14/2400072-санлы кредит
қайтпаслығы қәтерин қамсызландырыў Бас шәртнамасы дүзилген. Бул
шәртнаманың 3.1, 4.1-бәнтлерине муўапық, кепиллик бериўши жуўапкердиң
120 000 000 000 сом муғдарындағы кредит, процент, пеня қарызларын төлеў
мүмкиншилиги, имкәнияты болмаған жағдайда, жуўапкердиң кредит
шәртнамасындағы мәжбуриятларын толығы менен орынлаў миннетлемесин
алған. Банк төлемлери бойынша миннетлеме орынланбағаны яки лазым
дәрежеде орынланбағаны бул қамсызландырыў ҳәдийсеси болып есапланады
деп белгиленген.
Сондай-ақ, шәртнаманың 10.1-бәнтинде қамсызландырыўшы усы
шәртнама бойынша өз мойнына алған миннетлемелер менен қарыз алыўшы
менен бирге кредиттиң қамсызландырыў қылынған бөлеги бойынша
қамсызландырыў пулы муғдарында қамсызландырыў қылдырыўшы алдында
солидар жуўапкер болыўы белгиленген.
Даўагер банктың “Im
Insur n ” АЖти қамсызландырыў
компаниясына арза-талапнама арқалы еткен мүрәжаты жуўапсыз қалған.
Жуўапкердиң кредит шәртнамасы бойынша мойнына алған
миннетлемени орынламағанлығы ҳәм кредит қарыздарлығын кредит
шәртнамасында белгиленген шәртлер ҳәм мүддетлерде төлемегенлиги,
қарыздарлыққа
жол
қойғанлығы
нәтийжесинде
қамсызландырыў
шәртнамасында нәзерде тутылған шәртнама әмелде болған ўақытта
қамсызландырыў ҳәдийсеси жүзеге келген.
ПК 252-статьясының биринши бөлимине көре, қарыздарлар шерик
болып
миннетлеме
алғанында
кредитор
барлық
қарыздарлардан
миннетлемени солидар орынлаўдыда, соның менен бирге қарызды толық яки
оның бир бөлегин орынлаўдыда талап қылыўға ҳақылы.
ПК 292-статьясының биринши бөлимине тийкар, кепиллик шәртнамасы
бойынша кепил басқа шахс өз мәжбуриятларын толық яки қысман орынлаўы
ушын оның кредиторы алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.
ПК 293-статьясына тийкар, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген
мәжбуриятты орынламаса, яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда,
кепиллик бериўши ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар тәртипте жуўап
береди.
Иске
қосылған
даўагер
банктың
2025-жыл
29-октябрьдеги
мағлыўматында, жуўапкердиң 100 000 000 сом кредит, мүддети өткен
13 569 530,60 сом процент қарызлары көрсетилген.
Бул қарызлар сөндирилмеген. Сонлықтан банк карызларының солидар
тәртипте талап қылыныўы тийкарлы табылады.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы
ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Суд жуўапкер қамсызландырыў компаниясының ўәкилиниң наразылық
ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби даўаның талабына рәсмий
ҳүжжетлери тийкарында наразылығы дәлийлленбеди. Истеги ҳүжжетлерге
көре солидар тәртипте қарызларды өндириўге тийкарлар бар.
Солай
етип,
суд
даўаның
талапларын
қанаатландырыўды,
жуўапкерлерден банк пайдасына солидар тәртипте 100 000 000 сом кредит
қарызы, мүддети өткен 13 569 530,60 сом процент өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден даўагер банк пайдасына
41 200 сом почта қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына
видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети жуўапкерден
өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «Ev Nukus K it l» ЖШЖнен ҳәм Ташкент қаласы
“Im
Insur n ” АЖти қамсызландырыў компаниясынан солидар тәртипте
“Ozb kist n s n t-qurilish b nki” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына
100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызы, мүддети өткен 13 569 530,60 сом
процент өндирилсин.
«Ev Nukus K it l» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 2 271 390,61 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
«Ev Nukus K it l» ЖШЖнен “Ozb kist n s n t-qurilish b nki”
акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
«Ev Nukus K it l» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов