← Назад
Решение #2832978 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 829 символов
4-2301-2504/2359-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 16-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер
«***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "***" ЖШЖнен 1 179 281,02 сом пеня
өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен
бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер “***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***"
ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 1 179 281,02 сом пеня
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса
базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады.
ЭПКниң
2034-статьясы
сегизинши
бөлимине
муўапық
суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен,
тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд
истеги
ҳүжжетлерди
үйренип
шығып,
даўа
арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Тәреплер орталарында 2024-жыл 13-апрель күни электр энергиясын
жеткерип бериў ҳаққындағы 137323-санлы шәртнама (буннан кейин текстте
Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин, жуўапкер болса
қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.6-бәнтине муўапық, тутуныӯшыларға электр энергиясын
жеткерип бериӯ алдыннан ҳақы төлеӯ тийкарында әмелге асырылады.
Шәртнаманың 3.12-бәнтиниң төртинши хатбасына муўапық тутуныӯшыға
төлем мүддети өткен ҳәр бир күн ушын төлем мүддети өткен сумманың 0,1 пайызы
муғдарында, лекин мүддети өткен төлем суммасының 50 пайызынан аспаған
муғдарда пеня есапланады.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң
шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық
өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын 1 179 281,02 сом
пеня есапланған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп
жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
2
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке
энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған
энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия
пайдаланыў
тәртибине
әмел
қылыў,
пайдаланыўындағы
энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Пеняны төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 24-ноябрь күнги 547-санлы
талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлем әмелге асырылмаған.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 1 179 281,02 пеня өндириў талабын
тийкарлы деп есаплайды.
Даўагер тәрепинен судқа усынылған мағлыўматнамаға қарағанда, жуўапкер
тәрепинен 1 179 281,02 сом пеня 2025-жыл 4-декабрь күни толық төленген.
Сонлықтан суд даӯа арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды лазым табады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ бесинши бөлимине муўапық, даўагердиң
талаплары ол судқа мүрәжат еткенинен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый
рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыӯды, жуўапкерден даўагер пайдасына төленген 41 200 сом почта
қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкарланып
ҳәмде
Өзбекстан
Республикасы
1
Экономикалық
процессуаллық
кодексиниң
118,
203 –2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
"***" ЖШЖнен «***» акционерлик жәмийети пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
"***" ЖШЖнен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
С.Ниязов