← Назад
Решение #2833680 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
8 008 символов
4-2304-2503/1618-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 15-декабрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили юрисконсульт Т.Х*** (2025-жыл
22-январь күнги ЖЕ-02-06/129-14-санлы исеним хат)тиң қатнасында, даўагер
«А*** э*** т***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «S*** B***»
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен
9 019 354,19 сом тийкарғы қарызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар
қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «А*** э*** т***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
«S*** B***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 9
019 354,19 сом тийкарғы қарызын өндириўди сораған.
Жуўапкер суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди
ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады.
Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкерди суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде
жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген мәнзилде
жоқлығы себепли оған тапсырылмаған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128-статьясы екинши
бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық, суд тәрепинен юридикалық
шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта мәнзили),
пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы
мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында
байланыс мекемеси судты хабардар еткен болса, экономикалық суд ислерин
жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар қылынған
деп есапланады.
Сонлықтан, суд жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК 170-статьясының
үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көриўди лазым
тапты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға
қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, жуўапкер
2
тәрепинен бүгинги күнге дейин даўа арзада кѳрсетилген қарыздарлық
тѳленбегенлигин билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиндириўлерин тыңлап ҳәм истеги
ҳүжжетлерге
ҳуқықый
баҳа
берип,
төмендеги
жағдайларға
тийкарланып, даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери э*** энергиясы тәмийнаты
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына
тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Ѳзбекстан
Республикасы
«Э***
энергетикасы
ҳаққында»ғы
Нызамының 27-статьясына муўапық, тутыныўшы э*** тәмийнаты
шәртнамасы шәртлеринде белгиленген э*** энергиясынан пайдаланыў
режимине әмел етиўи, пайдаланылған э*** энергиясы ушын ҳақыны э***
тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ѳз ўақтында тѳлеўи
лазым.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2025-жыл
1-апрель күни көтере тутыныўшыларға э*** энергиясын жеткизип бериў
ҳаққында 25/4052-санлы шәртнама дүзилген болып, оның 1-бәндине муўапық
даўагер жуўапкерге э*** энергиясын тутасқан тармақ арқалы жеткизип бериў
ҳәм жуўапкер болса пайдаланылған э*** энергиясы ушын ѳз ўақтында ҳақы
төлеў миннетлемелерин алған.
Шәртнамаға муўапық тутыныўшы менен кәрхана ортасындағы ѳз-ара
есап-китаплар ушын есап-китап дәўири бир айды қурайтуғынлығы
көрсетилген ҳәм тутыныўшыға ѳзиниң пайдаланған э*** энергиясы ушын ѳз
ўақтында есап-китап қылып барыў миннетлемеси жүклетилген.
Шәртнаманың 3.6-бәндинде ЭЕАҚАСқа жалғанған яки алдыннан ҳақы
төлеў қурылмасы ҳәм есапқа алыў приборына ийе болған тутыныўшыларға
э*** энергиясын жеткизип бериў алдыннан төленген төлем шеңберинде
әмелге асырылады.
Тутыныўшыларға э*** энергиясын жеткизип бериў кеминде 50 пайыз
алдыннан ҳақы тѳлеў тийкарында әмелге асырылатуғынлығы, э***
тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде алдыннан ҳақы
төлемеген тутыныўшыларға э*** т***нан толық үзиўге шекемги болған
шаралар көрилетуғынлығы белгилеп қойылған.
3
ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы
себепли 2025-жыл 1-ноябрь ҳалатына оның жәми 9 019 354,19 сом тийкарғы
қарызы пайда болған ҳәм бул қарыздарлық бүгинги күнге дейин төленбеген.
Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, талапнама,
мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагердиң пайдасына 9 019 354,19 сом тийкарғы қарызын өндириўди лазым
тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 10-ноябрь күни
хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 253147075298инвойс рақамлы квитанция арқалы 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа талабы толық қанаатландырылсын.
4
Жуўапкер «S*** B***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
даўагер «А*** э*** т***» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 9 019 354,19
сом тийкарғы қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «S*** B***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов