Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2502/2322 Дата решения 15.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8d113656-f817-4c58-8911-2fdde662b5f3 Claim ID PDF Hash 28b1c5197eaf68b8... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 8 301 символов
4-2302-2502/2322-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 15-декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаров хаткерлигинде, ХХ районы прокуроры жәрдемшиси ХХ, жуўапкер ўәкили ХХ (2025-жыл 12-декабрь күнги 02/04-236-санлы исеним хат тийкарында), ХХ ўәкили ХХ(2025-жыл 11-декабрь күнги НЕ/12-09/171-санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, даўагер ХХниң жуўапкер ХХнен 585 372 448,64 сўм тийкарғы қарыз, 292 686 224,32 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти судтың өз имәратында видеоконференцбайланыс режиминде ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (кейинги текстте даўагер деп жүритиледи) судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, Әмиўдәрья районы Абаданластырыў басқармасынан (кейинги текстте жуўапкер деп жүритиледи) 585 372 448,64 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 292 686 224,32 сўм пеня өндириўди сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 4-декабрь күнги уйғарыўы менен ХХ, Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы (кейинги текстте үшинши шахслар деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде прокурор даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде ХХ ўәкили даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Даўагер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ХХ хызмети басқармасы суд мәжилисине өз ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Суд истеги ҳүжжетлерде даўагер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстте ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ХХ басқармасы ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң көрсетпелерин, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда - ПК деп жүргизиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткериў нәтийжесинде ҳәм де усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер менен жуўапкер ортасында дүзилген 2024-жыл 1-апрель күнги 5-санлы “Механизмлер хызметин көрсетиў” шәртнамасының 2.1-бәнтине тийкар даўагер жуўапкерге Механизмлер хызметин көрсетиў миннетлемесин алған. Мәмлекетлик буйыртпашыларының хожалық искерлигин жүргизиў даўамында әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлары Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамында белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы лазым. Усы Нызамның 71-статьясында туўрыдан-туўры шәртнамалар дүзиў мүмкин болған мәмлекетлик сатып алыўларының дизими көрсетилген. Бирақ, тәреплер саўдалар өткерместен, нызамға қайшы рәўиште туўрыдан-туўры шәртнама дүзиўге жол қойған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007 жыл 28 февраль күнги ПҚ-594-санлы “Мәмлекетлик бюджеттиң ғазнашылық системасын жәнеде раўажландырыў ис илажлары ҳаққында”ғы Қарарының 6-бәнтине муўапық бюджет системасы бюджет қаржылары есабынан товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджет қаржылары есабынан капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте Ғазнашылықтан дизимнен өткерилиўи шәрт ҳәм тек ғана ол әмелге асырылғаннан кейин күшке киреди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122-статьясының үшинши бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзилген шәртнамалары, сондай-ақ оларға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди. Тәреплер ортасында дүзилген 2024-жыл 1-апрель күнги 5-санлы “Механизмлер хызметин көрсетиў” шәртнамасы Ғазнашылық дизиминен өткизилмегенлиги истеги Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы ХХ бөлиминиң 2025-жыл 15-декабрь күнги 01-35-233/31-03-33/117санлы хаты менен тастыйықланады. ПКниң 114-статьясының биринши бөлимине тийкар ҳақыйқый болмаған питим оның ҳақыйқый емеслиги менен байланыслы болған ақыбетлерден тысқары басқа юридик ақыбетлерге алып келмейди ҳәм ол дүзилген пайыттан баслап ҳақыйқый емес есапланады. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының “Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында” 2014 жыл 28 ноябр күнги 269-санлы Қарарының 11-бантинде берилген тусиндириўге муўапық егер нызамшылық талапларына ямаса келисим тәреплериниң келисимине көре, ол нотариал тастыйықланыў ямаса нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик дизиминен өткерилиўи керек болса, суд нотариал формасына ямаса мәмлекетлик дизиминен өткериў талабына әмел етилмегенлиги себепли келисим ҳақыйқый емес деп табыўы мүмкин. ПКниң 115-статьясына муўапық келисимниң нызам талап ететуғын формасына әмел етпеў нызамда туўрыдан-туўры көрсетилген жағдайда ғана оның ҳақыйқый емеслигине алып келеди. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси 122-статясының үшинши бөлегине көре, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржлары алыўшылардың бюджеттен ажыратылатуғын пул қаржылары бойынша товарларды (ислерди, хызметлерди) жеткизип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, соның менен бирге оларға киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткерилгенинен кейин күшке киреди. Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржыларын алыўшыларға қарата товарларды (ислерди, хызметлерди) жеткизип бергенлик ушын ҳақысын өндириў ҳаққындағы даўалар көрилип атырғанда шәртнама Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси 122-статясының үшинши бөлиминде белгиленген тәртипте дизимнен өткерилмаганлиги, шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый емеслигине алып келмейди. Бундай жағдайда шәртнама дүзилмеген деп есапланады. Бул жағдайда, тәреплер ортасында дүзилген 2024-жыл 1-апрель күнги 5-санлы “Механизмлер хызметин көрсетиў” шәртнамасы дүзилмеген деп есапланғанлығы себепли жеткизип берилген өнимлер баҳасын усы шәртнамаға тийкар өндириўге тийкар жоқ. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан суд жоқарыдағыларға тийкар даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, алдыннан төленген 41 200 сўм почта қәрежетин даўагер мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 17 561 173 сўм мәмлекетлик бажы, исти видеоконференцбайланыс режиминде көриў менен байланыслы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўагер ХХниң даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер ХХнен республика бюджетине 17 561 173 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер ХХнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев