Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2504/1588 Дата решения 15.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5e345ffa-b256-46ae-809b-9bc01efad53d Claim ID PDF Hash 4919d765392e4b2c... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 9 070 символов
4-2304-2504/1588-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов УЙҒАРЫЎ (ис материалларын пуқаралық ислери бойынша судқа өткизиў ҳәм экономикалық исти өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 15-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили У.С*** (2025-жыл 18-январь күнги 01-101/01-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***»ниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «S*** Y*** T***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 493 249 988 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызын, 1 340 108,42 сом мүддети пайыз қарыздарлығын, 493 250 004 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 366 092 894,86 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын, жәми 1 353 932 995,28 сом кредит бойынша қарыздарлығын өндириўди, қарыздарлықты өндириўди жуўапкерге тийисли болған автотранспорт қуралларына ҳәм пуқара Б*** Р*** А***ке тийисли болған натурар имаратына қаратыўды ҳәм дәслепки сатылыў баҳаларын белгилеп бериўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «S*** Y*** T***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 575 458 322 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызын, 1 765 789,92 сом мүддети пайыз қарыздарлығын, 411 041 670 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 270 758 493,5 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын, жәми 1 259 024 275,42 сом кредит бойынша қарыздарлығын өндириўди, қарыздарлықты өндириўди гиреўдеги мал-мүликлерге қаратыўды ҳәм дәслепки сатылыў баҳасын белгилеп бериўди сораған. Судтың 2025-жыл 15-декабрь күнги уйғарыўына тийкар даўа предметине қосымша киргизилип, даўа талабындағы «575 458 322 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызы, 1 765 789,92 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 411 041 670 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 270 758 493,5 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, жәми 1 259 024 275,42 2 сом кредит бойынша қарыздарлығы» деген сөзлер «493 249 988 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызы, 1 340 108,42 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 493 250 004 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 366 092 894,86 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, жәми 1 353 932 995,28 сом кредит бойынша қарыздарлығы» деп өзгертилген. Сондай-ақ, даўа талабындағы қарыздарлықты өндириўди гиреўдеги мал-мүликлерге қаратыў бөлегине «қарыздарлықты өндириўди пуқара Б*** Р*** А***ке тийисли болған Шымбай районы, Көшки қала МПЖ, Қахарман (Каракулов) көшеси, 155А-жай мәнзилинде жайласқан, улыўма жер майданы 337 м2, улыўма пайдалы майданы 402,37 м2, қурылыс асты майданы 336,8 м2 болған натурар имаратына қаратыў ҳәм дәслепки сатылыў баҳасын белгилеп бериў» деп қосымша киритилген. Палата даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сорағанлығы себепли суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына муўапық исти оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде оны суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти ЭПКниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўаның предметине қосымша киргизилгеннен кейин исте тәреп сыпатында пуқара қатнасыўына туўры келетуғынлығын билдирип, исти мазмунан көрип шығыў ушын пуқаралық ислери бойынша Шымбай районы судына өткериўди сорады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндириўлерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар экономикалық ис материалларын пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судына өткизиўди ҳәм экономикалық исти өндиристен қысқартыўды мақул тапты. ЭПКниң 25-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәндине муўапық, экономика тараўында юридикалық шахслар ҳәм юридикалық шахс дүзбестен исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен статусын нызамда белгиленген тәртипте алған пуқаралар, сондай-ақ, корпоратив даўлар бойынша ислер көрилип атырғанда тәреплер болған пуқаралар ортасындағы пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа да ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын даўларға байланыслы ислер экономикалық судқа тийисли. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24-майдағы «Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуаллық нызам нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13-санлы қарарының 10-бәндине муўапық, ЭПКниң 3 25-статьясында экономикалық судқа тийисли даўлар келип шығыўы мүмкин болған ҳуқықый қатнасықлар қатнасыўшыларының субектлик қурамы белгиленген. Ол, ең дәслеп, юридикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахс дүзбестен исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен статусын нызамда белгиленген тәризде алған пуқараларды ҳәмде ЭПК 25-статьясы биринши бөлиминиң 5-бәндинде нәзерде тутылған ислер бойынша физикалық шахсларды өз ишине алады. Усы Пленум қарарының 22-бәндине тийкарланып, ЭПК 110-статьясының 1-бәндине муўапық, егер ис экономикалық судта көриў ушын тийисли болмаса, суд исти өндиристен қысқартады. Истиң экономикалық судқа тийислилиги ЭПК 25 ҳәм 26-статьяларының талапларынан келип шыққан ҳалда анықланады. Бунда судқа тийислилик басланып болған экономикалық процессте де өзгериўи мүмкинлигин итибарға алыў керек, мәселен, процессуаллық қатнасықлар қатнасыўшылары статусына ийе болмаған шахслар - физикалық шахслар яки юридикалық шахслар болмаған шөлкемлер ҳәм басқалардың процесске тартылыўы мүнәсибети менен. Судтың 2025-жыл 15-декабрь күнги уйғарыўына тийкар даўа предметине қосымша киргизилип, кредит бойынша қарыздарлықты өндириўди пуқара Б*** Р*** А***ке тийисли болған Шымбай районы, Көшки қала МПЖ, Қахарман (Каракулов) көшеси, 155А-жай мәнзилинде жайласқан, улыўма жер майданы 337 м2, улыўма пайдалы майданы 402,37 м2, қурылыс асты майданы 336,8 м2 болған натурар имаратына қаратыў ҳәм дәслепки сатылыў баҳасын белгилеп бериў белгиленген. Бул жағдайда пуқара Б*** Р*** А*** экономикалық судта тәреп сыпатында қатнаса алмайды. ЭПК 311-статьясының екинши бөлимине көре, егер даўа арза (арза) судқа тийислилик қағыйдаларын бузған ҳалда ис жүргизиўге қабыл етилгенлиги исти көрип шығыў процесинде анықланса, экономикалық суд ис материалларын судқа тийислилигине муўапық пуқаралық ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа көрип шығыў ушын өткизиў ҳәм экономикалық исти өндиристен қысқартыў ҳаққында уйғарыў шығарады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 26-статьясы 1-бәндине тийкарланып пуқаралық, шаңарақ, мийнет, турақ жай, жер ҳаққындағы ҳәм басқа да қатнасықлардан келип шығатуғын даўлар бойынша ислер, егер тәреплерден кеминде биреўи пуқара болса, буған нызамда бундай даўларды шешиў басқа судларға яки басқа органларға тапсырылатуғын жағдайлар кирмейди, пуқаралық ислери бойынша судқа тийисли есапланады. Сол себепли, суд исти мазмуны бойынша көриў ушын ис материалларын судқа тийислилигине көре пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судына өткизиўди ҳәм экономикалық исти өндиристен қысқартыўды лазым табады. 4 Жоқарыда баян етилгенлерден келип шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 25, 311 ҳәм 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: 1. Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***»ниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «S*** Y*** T***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 493 249 988 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызын, 1 340 108,42 сом мүддети пайыз қарыздарлығын, 493 250 004 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 366 092 894,86 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын, жәми 1 353 932 995,28 сом кредит бойынша қарыздарлығын өндириўди, қарыздарлықты өндириўди жуўапкерге тийисли болған автотранспорт қуралларына ҳәм пуқара Б*** Р*** А***ке тийисли болған натурар имаратына қаратыўды ҳәм дәслепки сатылыў баҳаларын белгилеп бериўди сораған даўа арзасы бойынша жүритилген 42304-2504/1588-санлы экономикалық ис материаллары пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судына мазмуны бойынша көриў ушын өткизилсин. 2. Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 4-2304-2504/1588санлы экономикалық ис өндиристен қысқартылсын. 3. Уйғарыў үстинен ол шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген уйғарыў үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов