← Назад
Решение #2834190 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 827 символов
4-2302-2501/***-санлы экономикалық ис
Беруний районы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья ***
***-жыл 15-декабрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ***
басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (***-жыл 24-ноябрь күнги 11/107-санлы исеним хат)тың
қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ***ныӊ «***» АКБниң мәпин
қорғап, жуўапкер «***» фермер хожылығынан кредит шәртнамалары бойынша
мүддети өткен 147 082 650 сўм тийкарғы кредит қарызы, 25 893 402 сўм мүддети
өткен пайыз қарызы жәми 172 976 052 сўм қарызын банк пайдасына өндириўди
сораған даўа арзасын судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы *** (кейинги орынларда текстте – ССП)
«***» АКБ (кейинги орынларда текстте – даўагер) мәпинде экономикалық судқа
даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «***» фермер хожылығы (кейинги
орынларда текстте – жуўапкер)нен кредит шәртнамалары бойынша мүддети
өткен 147 082 650 сўм тийкарғы кредит қарызы, 25 893 402 сўм мүддети өткен
пайыз қарызы жәми 172 976 052 сўм қарызын банк пайдасына өндириўди
сораған.
Суд мәжилисине ССП ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде ССП суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте
хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа
алып, исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси
(кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық оның ўәкили
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Жуўапкер фермер хожалығы баслығы *** исти өзиниң қатнасыўысыз
көриўди сорап судқа арзасын усынған. Сонлықтан, суд исти жуўапкердиң
қатнасыўысыз көриўди лазым табады.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен қарызы улыўма
төлемегенлигин бүгинги күн жағдайына қарыздарлығы өскенлигин билдирип,
даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
14-март күни дүзилген №***/24-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк
тәрепинен жуўапкерге жыллық 10 % бенен 14 ай мүддетке 147 092 400 сўм
муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда
текстте- ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
Кредит шәртнамаларына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер аймаай төлеп барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли ***-жыл 10-октябрь жағдайына кредит шәртнамасы
бойынша мүддети өткен тийкарғы қарыздарлығы мүддети өткен 147 082 650
сўм, мүддети өткен пайыз қарызы 25 893 402 сўм жәми 172 976 052 сўм
қарыздарлығы пайда болған.
Даўагер тәрепинен судқа ***-жыл 15-декабрь жағдайына усынылған
16/72-санлы мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен кредит бойынша
тийкарғы қарыздан мүддети өткен 147 082 650 сўм, мүддети өткен пайыз қарызы
33 143 079 сўм жәми 180 225 729 сўм қарызы көрсетилген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамалары ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўаның кредит шәртнамасы бойынша мүддети өткен
тийкарғы қарыздарлығы мүддети өткен 147 082 650 сўм, мүддети өткен пайыз
қарызы 25 893 402 сўм жәми 172 976 052 сўм қарыздарлығын жуўапкерден
өндириўди сораған талабын тийкарлы деп есаплап оны толық
қанаатландырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң
мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының
2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа
баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының
1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы
қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы
муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төлем
тапсырықнамасы менен 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 3 459 521,04 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 169,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «***» фермер хожылығынан даўагер «***» АКБ пайдасына
кредит шәртнамасы бойынша мүддети өткен тийкарғы қарыздарлығы 147 082
650
сўм,
мүддети
өткен
пайыз
қарызы
25 893 402 сўм жәми 172 976 052 сўм қарыздарлығы өндирилсин.
Жуўапкер «***» фермер хожылығынан даўагер «***» АКБ пайдасына
41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «***» фермер хожылығынан Республика бюджетине
3 459 521,04 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
***