← Назад
Решение #2834223 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
18 018 символов
4-2303-2502/1232-санлы ис
Судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 15-декабрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили фермер хожалық юристи З.К*** (2025-жыл
19-ноябрь күнги 15-санлы исеним хат), жуўапкер ўәкиллери жәмийет
баслығы
А.Б***,
ҳуқықмәсләҳәтшиси
А.Т***
(2025-жыл 19-ноябрь күнги 16-санлы исеним хат), бас есапшысы Е.Б***
(2025-жыл 4-декабрь күнги 17-санлы исеним хат) ҳәм «Т*** р*** о***» МШ
Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан қәниге Х.С***лардың
қатнасыўында, Қоңырат районы фермерлер кеңесиниң даўагер « ***»
фермер хожалығының мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «U*** ***
K***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 229 769 408,22 сом
тийкарғы қарызын ҳәм 114 884 704 сом пеня ѳндириўди сораған даўа
арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық
экономикалық судының имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Қоңырат районы фермерлер кеңеси даўагер « ***» ФХ (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи)ның мәпинде экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «U*** *** K***» ЖШЖ
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 229 769 408,22 сом
тийкарғы қарызын ҳәм 114 884 704 сом пеня ѳндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 4-декабрь күнги уйғарыўына тийкар иске
Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, «Т*** р***
о***» МШ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм «Аўыл хожалығы
өнимлери сыпатын баҳалаў о***» МШ Қарақалпақстан Республикасы
филиалынан қәнигелер қатнастырыў белгиленген.
Қоңырат районы фермерлер кеңеси даўа арзасында исти өз ўәкилиниң
қатнасыўысыз көрип шығыўды сорағанлығы себепли суд Өзбекстан
Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте
ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына муўапық исти оның ўәкили
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл
2-январь күнги 2-санлы қарарында үстеме пуллары 2025-жыл 31-декабрьден
кейин төлеп бериледи деп көрсетилмегенлигин, 55ХЛ-есабатының ислениўи
ҳәм тайын болыўы кластер ҳәм «Т*** р*** о***»ның мойнында екенлигин,
2
сол себепли бул есабаттың кешигиўине олардың өзлери айыплы екенлигин,
булар ертерек, яғный егис жуўмақланғаннан кейин июнь-июль айларынан
баслап ҳәрекет етип баслағанында, есабат август-сентябрь айларына тайын
болыўы
мүмкин
болатуғынлығын
билдирип,
даўа
арзасын
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкиллери сатылған шигиттиң
пулларын фермер хожалықларынан өз ўақтында ала-алмағанлығы себепли
үстеме пулларын төлей алмай киятырғанлығын, оның пулларын 20 пайыздың
есабынан 2025-жылдың 25-26-декабрь күнлери есап-китап қылатуғынлығын,
сол ўақытта төлеп бере алатуғынлығын, ҳәзирги ўақытта төлеўге имканияты
жоқ екенлигин, сол себепли мүддет берип турылса мақсетке муўапық
болатуғынлығын, өзлери 55ХЛ-есабатты усы жылдың ноябрь айында
таярлап, «Т*** р*** о***» МШ Қарақалпақстан Республикасы
басқармасының рухсаты менен тапсырғанлығын, қайсы сәне екенлиги анық
есинде емес екенлигин, суд мәжилисинде «Т*** р*** о***» МШ
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси есабат Ташкент
қаласынан
айланып
келгеннен
кейин
үстеме
пуллары
төлеп
берилетуғынлығын айтқанлығын, усы пикирлерди есапқа алыўды
сорайтуғынлығын, шәртнамада 81,12 тонна көрсетилгенлигин, бирақ даўагер
95,3 тонна тапсырғанлығын, үстиндеги артықша тапсырған пахтасына
келисим болмағанлығы себепли оның суммасын алып таслап, қалған
бөлегине пеня есаплаўды сорайтуғынлығын, 2025-жыл 1-апрель күнги
78835737-санлы
төлем
тапсырықнамасы
менен
Қарақалпақстан
Республикасы прокуратурасының депозит есап бетине даўагердиң туқымлық
пахтасының 1-басқышы ушын деп өткизип берилген 89 840 000 сомды даўа
талабынан шегирип таслаў кереклигин билдирип, пенядан жәрдем
көрсетиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан қәниге даўагер тәрепинен жуўапкерге
2024-жылдың зүрәәтинен С-4727 сорт 2-әўладынан 95,3 тонна туқымлық
пахта тапсырылғанлығын, соннан 49,6 тонна туқымлық шигитке сертификат
алынғанлығын ҳәмде 100 пайыз шигит кластер тәрепинен фермер
хожалықларына тарқатылғанлығын, Өзбекстан Республикасы Министрлер
Кабинетиниң 2019-жыл 2-январь күнги 2-санлы қарарына тийкар туқымлық
шигит ушын 2-басқыштың ҳақысы 2025-жылы пахта қайта исленип, егиске
шигитлер тарқатылғанынан кейин «Т*** р*** о***» МШ Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы ҳәм кластер ортасында 14 кестеден ибарат егис
есабаты таярланатуғынлығын, тарқатылған тоннаға тийкар 55ХЛ-есабаты
исленетуғынлығын, жылда бул есабатлар 1-сентябрь ҳалатына таяр
болатуғынлығын, быйыл кластерлерден есабатларды алыў қыйынлаў
болғанлығы ушын бул есабат усы жылдың ноябрь айының ақырында тайын
болғанлығын,
сол
ушын
шигиттиң
2-басқыш үстеме пулын 2025-жылдың 31-декабрине дейин төлеп бериўи
керек екенлигин, себеби есабат тайын болыўы керек екенлигин, ақшасы
шықпағанша төлеп бериў мүмкиншилиги жоқ екенлигин, бул есабатларды
жоқары турыўшы органы тексерип беретуғынлығын, соннан кейин 55ХЛ-
3
есабаты тийисли мекемелер тәрепинен имзаланатуғынлығын, ис судта
көрилиў барысында есабаты тайын болғанлығын, 2025-жыл 4-декабрь күнги
суд мәжилисине усынылғанлығын, енди үстеме пулларын төлеп берсе
болатуғынлығын, 55ХЛ-есабатына сәне қойылмайтуғынлығын, 20 кластерден
есабатларды жыйнап, переплёт етип Ташкентке БТС почта менен
жиберетуғынлығын, бирақ жоллама хат жазбайтуғынлығын, еле БТС арқалы
быйылғы есабаттың түп нусқасын жибермегенлигин, тек ғана кестени ПДФ
формада сканерлеп, Ташкентке тексериў ушын таслап бергенлигин, себеби
басқа кластерлердиң есабатлары толық тайын болмай атырғанлығын,
Ташкент болды дегеннен соқ, есабатқа имза қойылып, мөр
басылатуғынлығын, өзлери 55ХЛ-есабатындағы 20 ҳәм 30 пайызлық
пулларды өндириў бойынша судқа 31-декабрьден кейин январь айынан
баслап даўа арза киритип баслайтуғынлығын, Министрлер Кабинетиниң
2019-жыл 2-январь күнги 2-санлы қарарындағы шигиттиң сатылған ўақты
деген, бул ең кейинги фермер хожалыққа накладной менен тарқатылған
ўақыт болып есапланатуғынлығын, бирақ бәрибир кластерлер есабат тайын
болмағанша
өзлеринен
өзлери
үстеме
пулларын
төлеп
бере
алмайтуғынлығын билдирип, ис бойынша дурыс шешим қабыл етиўди
сорады.
Суд тәреплер ўәкиллери ҳәм қәнигениң түсиндириўлерин тыңлап
ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип,
төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери фьючерс шәртнамасынан
келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
13-июль күни 1063-5 QY0 -санлы фьючерс шәртнамасы (буннан кейин
текстте шәртнама деп жүритиледи) дүзилген болып, усы шәртнаманың
1.1-бәндине муўапық хожалық өзиниң 2024-жыл ушын «Агротехнологик
карта» (бизнес-реже)сына тийкар 67,6 гектар жер майданнан 23 сортлы,
81,2 тонна пахта шийки затын буйыртпашыға жеткизип бериў, буйыртпашы
болса бул өнимди қабыл етип алыў ҳәм шәртнаманың 4.1-бәндине муўапық
ҳақысын төлеў миннетлемесин өз мойнына алған.
Шәртнама шәртлерин орынлаў мақсетинде даўагер тәрепинен
жуўапкерге 2024-жылдың зүрәәтинен С-4727 сорт 2-әўладынан жәми
655 913 000 сомлық 95,3 тонна туқымлық пахта тапсырылған.
Шәртнаманың 4.3-бәндине муўапық туқымлық пахта ушын
туқымлықтың өниўшеңлиги 90%дан жоқары болғанда сатып алыў баҳасына
төмендеги муғдарда ҳақы төленетуғынлығы көрсетилген:
Элита ҳәм супер элита шигит ушын 100%;
1-репродукциялы шигит ушын (R1) 75%;
4
2-репродукциялы шигит ушын (R2) 50%;
3-репродукциялы шигит ушын (RZ) 25%.
Шәртнаманың
4.4-бәндинде
болса,
буйыртпашы
тәрепинен
хожалықтың жеткизип берилген пахта шийки заты баҳасының жуўмақлаўшы
есап-китаплары терим ушын өткизилген пуллар ҳәм басқа қәрежетлер
шегирилгенинен қалған бөлеги зүрәәт жылының 31-декабрь сәнесине дейин,
туқымлық пахтаның 1-басқышта тапсырылған туқымлық пахта шийки заты
ушын есапланған үстемениң 50 пайызы муғдарында туқымшылық
хожалықларына пахта шийки өнимин буйыртпашыға тапсырған ўақытта
төлемлер әмелге асырылатуғынлығы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 2-январь
күнги 2-санлы қарары менен тастыйықланған «Республика аймақларында
пахта-тоқымашылық өндириси ҳәм кластерлерине берилген майданларда
туқымлық пахта шийки затын жетистириўди қаржыландырыў тәртиби
ҳаққында»ғы Режениң шәртнама дүзилген ўақыттағы редакциясының
14 ҳәм 16-бәнтлерине муўапық, тухымлық пахта шийки затына нызамшылық
ҳүжжетлерине тийкарланып жетистирилген туқымлық пахта шийки затынан
таярланған туқымлық шигит Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик
стандарты ( ’zDSt-663-2017 «Тухымлық шигит. Техникалық шәртлер»)
талапларына муўапық болғанда, пахта шийки затының баҳасына супер елита
ҳәм елита туқымлық шигит ушын 100 пайыз, I әўлад (R1) ушын 75 пайыз,
II әўлад (R2) ушын 50 пайыз ҳәм III әўлад (R3) ушын 25 пайыз муғдарында
үстемелер есапланады.
Үстемелер жетистирилген туқымлық пахта шийки заты муғдарына
есапланады ҳәм төмендеги тәртипте еки басқышта есап-китап әмелге
асырылады:
а) пахта-тоқымашылық кластерлеринде:
биринши басқышта - туқымлық пахта шийки затын жеткерип бериўши
тәрепинен жетистирилген туқымлық пахта шийки заты ушын есапланған
үстемениң 50 пайызы пахта-тоқымашылық кластерлериниң ықтыярында
қалдырылады;
екинши басқышта - туқымлық шигит егилгеннен (сатылғаннан) кейин
үстемениң қалған бөлеги 100 пайыз деп есапланып, соннан 50 пайызы пахтатоқымашылық кластерлериниң ықтыярында қалдырылады, қалған
50 пайызы Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги
жанындағы «Т*** р*** о***» мәмлекетлик унитар кәрханасының есап
бетине өткериледи ҳәм төмендегише бөлистириледи:
«Т*** р*** о***» мәмлекетлик унитар кәрханасына ҳәм оның ўәлаят
аймақлық басқармаларына ҳәмде элита туқымгершилиги лабораторияларына
- 20 пайыз;
сорт оригинаторлары, институтлар, селекционер ҳәм туқымгершиликте
қатнасыўшы басқа да субъектлерге - 30 пайыз.
б) пахта-тоқымашылық өндирислеринде:
биринши басқышта - тапсырылған туқымлық пахта шийки заты ушын
есапланған үстемениң 50 пайызы муғдарында пахта-тоқымашылық
5
өндирислери қурамына кириўши туқымгершилик хожалықларына пахта
шийки затын тапсырған ўақытта;
екинши басқышта - туқымлық шигит егилгеннен (сатылғаннан) кейин
үстемениң қалған 50 пайыз бөлеги 100 пайыз деп есапланып, соннан
10 пайызы пахта-тоқымашылық өндирислериниң ықтыярында, 40 пайызы
олардың қурамына киретуғын туқымгершилик фермер хожалықларының
ықтыярында қалдырылады;
Үстемелердиң есабы усы Режеге 2-қосымшада келтирилген есабат
формалары тийкарында есапланады ҳәм төленеди.
Усы Режениң 2-қосымшасына муўапық Қоңырат районы аўыл
хожалығы бөлими, «Агросанаат комплексинде хызметлер көрсетиў» МУК,
«Т*** р*** о***» МШ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм
жуўапкер тәрепинен тастыйықланған ««U*** *** K***» ЖШЖ тәрепинен
2024-жыл пахта зүрәәтинен таярланған туқымлық шигит ушын
туқымгершилик хожалықлары, илимий мәкемелер ҳәмде туқымгершиликте
қатнасқан барлық субъектлерге төленетуғын үстеме ҳақылар ҳаққында»ғы
есап-санақ актине көре, туқымлық пахтаның кондицион салмағы 95,3
тоннаны, 1 тонна туқымлық пахтаның сатып алыў баҳасы 6 882 613 сомды,
сатып алыў баҳасы бойынша пахта шийки затының баҳасы 655 913 000
сомды, туқымлық пахта сатып алыў баҳаларына төленетуғын үстеме
муғдары, яғный 50 пайызы 327 957 000 сомды, биринши басқышқа
есапланған үстемениң муғдары 163 978 000 сомды ҳәм екинши басқышқа
есапланған ҳәм фермер хожалығына төлениўи лазым болған үстемениң
муғдары, яғный 40 пайызы 65 591 000 сомды қурайды.
Демек, жуўапкерге төлениўи тийис болған жәми үстемениң муғдары
229 569 000 сомды қурайды.
ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
керек.
Сол себепли, суд даўа талапларының бул бөлегин қысман тийкарлы
деп есаплап, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 229 569 000 сом тийкарғы
қарызын өндириўди, қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Сондай-ақ, суд жуўапкердиң 2025-жыл 1-апрель күнги 78835737-санлы
төлем
тапсырықнамасы
менен
Қарақалпақстан
Республикасы
прокуратурасының депозит есап бетине даўагердиң туқымлық пахтасының
1-басқышы ушын деп өткизип берилген 89 840 000 сомды даўа талабынан
шегирип таслаў лазымлығы ҳаққындағы ўәжлери менен келисе алмайды.
Себеби, бул пуллар тиккелей жуўапкердиң есап бетинен даўагердиң
есап бетине 1-басқышы ушын деп өткизип берилмеген.
Соның менен бирге, жынаят ислери бойынша Қоңырат район судының
1-2304-2501/124-санлы жынаят иси бойынша 2025-жыл 2-сентябрь күни
қабыл етилген ҳүкиминде бул пуллар зыян ретинде баҳаланып, Нөкис қаласы
АКБ «Агробанк»теги Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы депозит
есап бетине қойылған 176 740 000 сом пуллар зыянды қаплаў ушын
6
Өзбекстан
Республикасы
Экономика
ҳәм
финанс
министрлиги
қарамағындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў
фонды есабына қайтарыў көрсетилген.
Буннан тысқары, даўагер даўа арзасында жуўапкерден 114 884 704 сом
пеня ѳндириўди сораған.
Фьючерс шәртнамасының 5.4-бәндинде буйыртпашы хожалыққа
мүддети өткизип жиберилген ҳәр бир күн ушын мүддети өткизип
жиберилген төлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ мүддети
өткизип жиберилген төлем суммасының 50 пайызынан артық болмаған
муғдарда пеня төлейтуғынлығы кѳрсетилген.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада
басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар
тәрепинен
миннетлемелердиң
орынланыў
дәрежесин,
миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ
кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы
екенлиги көрсетилген.
ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар
миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып
атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери
итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына
ийе.
Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў
дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық
жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин
итибарға алып, пеняны 22 000 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм
алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
7
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў
ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам
ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен
кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған
ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда,
суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети
тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 6 889 074,08 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди, 4 008,16 сом бажыны даўагерден өндирмеўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «U***
*** K***» жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен даўагер « ***» фермер хожалығының пайдасына
229 569 000 сом тийкарғы қарызы, 22 000 000 сом пеня ҳәм ис бойынша
төленген 37 500 сом почта қәрежети ѳндирилсин.
Даўа арзаның қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «U***
*** K***» жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен республика бюджетине 6 889 074,08 сом мәмлекетлик бажы
ѳндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
8
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов