← Назад
Решение #2834300 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
7 810 символов
4-2302-2501/***-санлы экономикалық ис
судья ***
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
*** районы
***-жыл 15-декабрь
*** районлар аралық экономикалық судының судьясы ***
басшылығында, судья жәрдемшиси ***ниң хаткерлигинде, даўагер ўәкили ***
(2024-жыл 22-ноябрь күнги 11-06/58-санлы исеним хат тийкарында)тың ҳәм
жуўапкер фермер хожалық баслығы ***тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат Палатасы ***ның даўагер “***” акционерлик жәмийетиниң мәпин
қорғап, жуўапкер «***» фермер хожалығынан 763 165 394 сўм лизинг
төлемлери, 246 226 456 сўм пеня өндириў ҳаққындағы даъво аризасин өз суд
имәратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы ***ның (кейинги орынларда – Палата)
“***” акционерлик жәмийетиниң (кейинги орынларда – даўагер) экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, «***» фермер хожалығынан (кейинги
орынларда –жуўапкерлер) 763 165 394 сўм лизинг төлемлери, 246 226 456 сўм
пеня өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға
қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, жуӯапкер
тәрепинен судқа даўа арза киритилген соң 250 000 000 сўм тийкарғы қарызы
қысман төленгенлигин, бул бойынша судқа мағлыӯматнама усынғанын, сол
себепли 513 165 394 сўм тийкарғы қарызын ҳәм 246 226 456 сўм пеня өндириӯ
талабында толық қанаатландырып, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде даўа талабын тан алатуғынын, бирақ лизинг
тийкарында алынған техника насас болғанлықтан нәтийжели пайдаланалмай
атырғанлығын, көп қәрежет жумсағанлығын, лизинг тәрепинен төлемлерди
төлеўде қарасыўды ўәде еткенлигин, соған қарамастан судқа бергенлигин
билдирип, нызамлы қарар қабыл етиўди сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң ҳәм жуўапкердиң түсиниклерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамаларынан
келип шыққан.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин
алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг
төлемлерин төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген
2024-жыл 13-июнь күни дүзилген 24/01-4-1075-санлы лизинг шәртнамасына
тийкар 1 дана “***” пахта териў машинасы, 2024-жылы 5-ноябрь күни дүзилген
“2021-жылы 31-майда дүзилген 21/01-4-315-санлы лизинг шәртнамасы
бойынша бәрше ҳуқық ҳәм мәжбүриятлардан басқа шахс пайдасына толық ўаз
кешиў ҳаққында”ғы шәртнамасыга тийкар 1 (бир) дана «***» маркалы
комбайын жеткерип берилген.
Жоқарыдағы шәртнамалардың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар
жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы
ақыбетинде 2025-жыл 20-октябрь күнине 763 165 394 сўм лизинг төлемлеринен
қарыз жүзеге келген.
Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем
графиги ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады.
Даўагердиң судқа усынған 2025-жыл 12-декабрь күнги 25-162/03-санлы
мағлыўматында жуўапкер тәрепинен 250 000 000 сўм тийкарғы қарызынан
қысман төленгенлигин, 2025-жыл 12-декабрь жағдайына тийкарғы қарыздан
513 165 394 сўм ҳәм пенядан 246 226 456 сўм жәми 759 391 850 сўм
қарыздарлығы көрстилген.
Сол себепли, суд даўагердиң 763 165 394 сўм лизинг төлемлеринен
қарызын өндириўди сораған талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 513 165 394 сўм тийкарғы қарызын өндириўди, қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ПКниң 263-статьясына муўапық неустойка төлеў тәреплердиң
келисиўинде нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан, кредитор
нызамда белгиленген неустойка (нызамлы неустойка)ны төлеўди талап
қылыўға ҳақылы.
Дүзилген лизинг шәртнамаларының 8.3-бәнтлеринде лизинг тѳлемлери
графиклерде белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг
алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген
тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем
суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы
кѳрсетилген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери
бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги
ушын 246 226 456 сўм пеня есапланған.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл
15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар
тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы
тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып,
неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир
кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды
ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол
қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 49 000 000 сўм
пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 513 165 394 сўм қарызы, 49 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм
почта қәрежети, жуўапкерден республика бюджетине 20 187 837 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд депозитине исти
видеоконференцбайланыс режиминде көрилгени ушын 103 000 сўм суд
қәрежетин ѳндириўди, даўа талабының қалған бөлимин қанаатлантырмастан
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «***» фермер хожалығынан даўагер “***” акционерлик
жәмийетиниң пайдасына 513 165 394 сўм қарыз, 49 000 000 сўм пеня ҳәм 41 200
сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўа талабының қалған бөлеги қанаатлантырылмастан қалдырылсын.
Жуўапкер «***» фермер хожалығынан республика бюджетине 20 187 837
сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Жуўапкер «***» фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
суд депозитине исти видеоконференцбайланыс режиминде көрилгени ушын
103 000 сўм суд қәрежети ѳндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
***