← Назад
Решение #2834489 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
10 894 символов
****1-****3/****-санлы экономикалық ис
Биринши инстанция судында
исти көрген судья –****
Апелляцияинстанция судында
баянатшы судья–****ов
Ревизияинстанция судында
баянатшы судья–****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
РЕВИЗИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
****5 жыл ** декабрь
**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы ревизия инстанциясы****басшылығында, коллегия ағзалары****
ҳәм****ан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси****тың хаткерлигинде,арза
бериўши ўәкили – **** (**** жыл 31 июль күнги ****-санлы исеним хат
тийкарында), қарыздар⎼жәмийет баслығы ****, оның ўәкили **** (**** жыл 24
ноябрь күнги 46-санлы ордер тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши
**** Республикасы салық басқармасының, қарыздар **** жуўапкершилиги
шекленген жәмийетин төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған арзасы бойынша
қабыл етилген **** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 19-август
күнги шешиўши қарарына ҳәм **** Республикасы судының экономикалық ислери
бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының ****-жыл 15-октябрь
күнги қарарына қарыздар **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң наразы
болып берген ревизия тәртибиндеги шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге ****
Республикасы
судының
имаратында
ашық
суд
мәжилисинде
видеоконференцбайланыс режими арқалы кѳрип шығып, тѳмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Истеги ҳүжжетлерине қарағанда,**** Республикасы салық басқармасы
(буннан кейинги орынларда – арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судқа
арза менен мүрәжат етип, **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан
кейинги орынларда – қарыздар деп жүритиледи)нтөлеўге қәбилийетсиз деп
табыўды сораған.
**** районлар аралық экономикалық судының ****4 жыл 19 август күнги
шешиўши қарары менен арза қанаатландырылып, қарыздар төлеўге
қәбилетсиздеп табылып, сапластырыў өндириси ашылған. Сапластырыў
басқарыўшысы етип **** тайынланып, сапластырыў жуўмағы бойынша ****
есабатын ****4 жыл 19 ноябрь күнине шекем судқа усыныў жүклетилген ҳәмде
қарыздардан арза бериўши пайдасына 34 000 сом почта қәрежети, 1********
сом мәмлекетлик **** өндириў **** қарар қабыл қылынған.
Қарыздар шешиўши қарарға наразы болып берген апелляциялық
шағымы**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы апелляция инстанциясының ****4 жыл 15 октябрь күнги қарары
2
менен биринши инстанция судының шешиўши қарары өзгериссиз,
апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Жуўапкер су дқарарларына наразы болып ревизиялық тәртибинде шағым
берип, шағымында қарыздар жәмийеттиң арза бериўши алдындағы салық
қарызы **** сом, **** алдындағы кредит қарызы **** сом екенлигин тийкар
қылып көрсеткенлигин,****жынаят ислери бойынша **** районы судының
**** жыл 1 март күнги ҳүкимине көре төлеўден бас тартып келинген салық
төлемлери **** сомға шекем кемейтирилип, соннан **** сом зыян тергеў органы
депозит есап бетине қойылғанлығын есапқа алынса, қапланбаған салық
қарызыжәми 84.****.**** сометип белгиленгенлигин,сонлықтанусы ҳүким
менен биринши инстанция судының **** жыл 19 август күнги шешиўши
қарарында көрсетилген **** сом муғдарындағы қарыздарлық өз-өзинен натуўры
ҳәм тийкарсыз екенлигин, буннан тысқары пуқаралық ислери бойыншаНөкис
районлар аралық судының ****-санлы иси бойынша **** жыл 25 сентябрдеги
шешиўши қарары менен қарыздар жәмийеттен ҳәм қосымша жуўапкер
“Қоңырат-Қыят” фермер хожалығынан **** пайдасына **** сом кредит
қарыздарлығын солидар өндириў, өндириўди қосымша жуўапкердиңмалмүлкине қаратылғанлығын, мал-мүлк кредит қарыздарлығы ушын
хатланғанлығын, сонлықтан усы суд қарарларына көре арза бериўшиниң
арзасында көрсетилген қарыздарлық тастыйықланбайтуғынлығын көрсетип, суд
қарарларын бийкар етип, ис жүритиўди қысқартыў**** жаңа шешим қабыл
қылыўды сораған.
Қарыздар жәмийет баслығы ҳәм ўәкили суд мәжлисинде ревизиялық
шағымында билдирилген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, жәмийетке есапланған
салық қарыздарлығы натуўры екенлигин, бул жағдайжынаят ислери бойынша
**** районы судының **** жыл 1 март күнги ҳүкимименен
тастыйықланатуғынлығын, яғный жәмийеттиң салық қарыздарлығы**** сомға
шекем кемейтирилгенлигин, соннан **** сом зыян тергеў органы депозит есап
бетине қойылғанлығын есапқа алынса, қапланбаған салық қарызыжәми
84.****.**** сомекенлигин билдирип, суд қарарларын бийкаретип, арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыў **** жаңа шешим қабыл қылыўды сорады.
Арза бериўши ўәкили суд мәжлисинде қарыздардың кредит қарыздарлығы
**** мағлыўматнаманы судқа усынып, ревизиялық тәртибиндеги шағымы
тийкарсыз екенлигин, жәмийеттиң салықлардан жәми қарыздарлығы ****,68
сомды қурайтуғынлығын, салық қарыздарлығы бүгинги күнге шекем
төленбегенлигин, егерсалық қарыздарлығын төлепсөндирген жағдайда****
шығып кететуғынлығын билдирип, биринши инстанция суды ҳәм апелляция
инстанциясы судының қарарларын өзгериссиз қалдырыўды, ревизиялық
шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Судлаў коллегиясы тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап,
ревизиялық шағымда билдирилген ўәжлерди ис ҳүжжетлери менен бирге
үйренип шығып, төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының
шешиўши қарарын ҳәм апелляция инстанциясының қарарын өзгериссиз,
ревизиялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
3
Өзбекстан Республикасының “Төлеўге қәбилетсизлик ****”ғы Нызамының
(кейинги орынларда - Нызам деп жүритиледи) 5-статьясы биринши бөлимине
тийкар, төлеўге қәбилетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат:
- **** төлеўге қәбилетсизлик - егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген
сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы
қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса - алты
ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул
миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки)
салық ҳәм жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин
емеслиги;
- **** төлеўге қәбилийетсизлик-егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза
берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың биринши
шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат дәўиринде
қарыздардың миннетлемелери оның активлериниң баҳасынан асып кеткен болса
деп белгиленген.
Усы статьяның екинши бөлимине муўапық, усы статьяда нәзерде тутылған
қағыйдалар төлеўге қәбилетсизлик туўрысындағы ислер әпиўайыластырылған
тәртипте көрип шығылғанда, физикалық шахслар, сондай-**** жеке тәртиптеги
исбилерменниң төлеўге қәбилетсизлиги туўрысындағы ислер көрип шығылғанда
қолланылмайды.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда қарыздардыӊ **** жыл 04 июнь жағдайына
көресалық
ҳәм
басқа
мәжбүрий
төлемлерден
жәми
қарыздарлығы****.****.****,87сомды қураған.
Арза бериўши тәрепинен қарыздардың салық ҳәм басқада мәжбүрий
төлемлер бойынша жәми ****.****.****,87 сом қарыздарлығын өндириў
бойынша қарарлар қабыл қылынған.
Қарарлардың мәжбүрий орынланыўын тәмийинлеў ушын тийисли тәртипте
мәжбүрий орынлаў бюросына тапсырылған. Орынлаў дәўиринде қарыздарға
тийисли болған **** районында жайласқан кадастр 23:18:****, 23:18:**** ҳәм
23:18:****-санлы көшпес мүлклер бар екенлиги анықланған. Қарарлар
мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен бүгинги күнге шекем орынланбаған.
Нызамның 37-статьясы биринши бөлимине муўапық, төлеўге
қәбилийетсизлик **** ис усы Нызамның 5-статьясы биринши бөлиминде
нәзерде тутылған белгилер бар болғанда суд тәрепинен қозғатылыўы мүмкин,
усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайлар тысқары.
Усы статьяның төртинши ҳәм бесинши бөлимлерине муўапық, қарыздарға
қарата төлеўге қәбилетсизлик **** ис қозғаў ҳәмде оны **** деп табыў, сондай**** сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў **** арза менен судқа
мүрәжат етиў ушын қарыздардың мудамы төлеўге қәбилетсизлилиги тийкар
болады.
Кредитордың қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик **** ис қозғаў
ҳәмде оны **** деп табыў, сондай-**** сапластырыўға байланыслы ис
жүритиўди баслаў **** арза менен судқа мүрәжат етиў ушын кредитор
талапларының тийкарлылығын тастыйықлаўшы дәлийллер, соның менен
биргесудтың нызамлы күшине кирген қарары, усы талаплар қарыздар тәрепинен
4
тән алынғанлығын тастыйықлаўшы дәлийллер, нотариустың орынлаў хаты
тийкар болады.
Қарыздардыӊ миннетлемелер бойынша төлеў мүмкиншилиги жоқлығы,
төлеў миннетлемеси пайда болған күннен баслап үш айдан өтип кеткенликтен
төлеўге қәбилийетсизлик - **** белгиси бар деп есаплаўға жатады.
Кредиторлардың ****4 жыл 05 август күнги жыйналысында сапластырыў
басқарыўшының есабаты муўапық деп табылған, кредиторлар реестри
тастыйықланған, қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳәм сапластырыў
өндирисин ашыў **** шешимге келген.
Судлаў коллегиясы, биринши инстанция суды нызамшылық талаплары ҳәм
исте анықланған жағдайлардан келип шығып арза бериўшиниң арзасын
қанаатландырыў **** дурыс **** келген, деп есаплайды.
ЭПКниң ****7-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине муўапық, исти
ревизия тәртибинде көретуғын суд ревизия тәртибиндеги шағымды (протестти)
көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды, қарарды өзгериссиз
қалдырыўға ****.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы биринши инстанция судының шешиўши
қарарын өзгериссиз қалдырыўды лазым табады.
Судлаў коллегиясы, қарыздардыңревизиялықшағымындаҳәмде суд
мәжилисинде билдирилген ўәжлери менен келисе алмайды.
Себеби,қарыздардың салық ҳәмде басқада мәжбүрий төлемлерден
қарыздарлығы салық уйымының **** жыл 7 июль күнги ****-санлы,
**** жыл 22 август күнги ****-санлы, **** жыл 6 ноябрь күнги
****-санлы, **** жыл 5 декабрь күнги ****-санлы, **** жыл 8 январь күнги
****-санлы, **** жыл 5 февраль күнги ****-санлы, **** жыл
6 май күнги ****-санлы қарарлары менен тастыйықланады.
Сондай-**** салыққарыздарлығын өндириў **** қарарлары үстинен шағым
етилмеген, бүгинги күнде нызамлы күшинде.
Сонлықтан, ревизия инстанциясы суды биринши инстанция судының
шешиўши қарарын ҳәмапелляция инстанциясының қарарын өзгериссиз,
ревизиялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды,исти көриў нәтийжеси
менен қарыздардан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыдепозит
есабына****сом суд қәрежетин өндириўди,ревизиялық шағым ушын төленген
**** соммәмлекетлик ****ҳәм ****сом почта қǝрежетин оның мойнында
қалдырыўды **** тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****7, ****9-статьяларынқолланып,
ревизия инстанциясы суды
ҚАРАРЕТТИ:
**** районлар аралық экономикалық судының ****4 жыл 19 август күнги
шешиўши қарары ҳәм **** Республикасы суды экономикалық ислер бойынша
судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының ****4 жыл 15 октябрь күнги
қарары ѳзгериссиз қалдырылсын.
Ревизиялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
5
Қарыздар **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы судыдепозит есабына****сом суд қәрежетин
өндирилсин.
Қараға тийкар орынлаў хат берилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (прокурор протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегия ағзалары:
****
****