Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2303 Дата решения 12.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 951f9e28-202d-42c0-a011-54704e980572 Claim ID PDF Hash b60ddc98e3945e04... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 2 730 символов
4-2301-2502/2303-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ Нөкис қаласы 2025-жыл 12-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили У.Рахманова (2025-жыл 07-август күнги 01/234-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Қарақалпақстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасының жуўапкер Нөкис районы «K tti g r Nukus qurilis» ЖШЖнен 110 194 172 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер Қарақалпақстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик кәрханасы жуўапкер «K tti g r Nukus qurilis» ЖШЖнен 110 194 172 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкер менен орталарында дүзилген медиация келисим питимин усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128,170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды мақул тапты. Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын көрместен қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 04-июнь күни 167554-санлы қурылыс кесип алыў (пудрат) дүзилген. Шәртнама жүзесинен пеня қарыздарлығы келип шыққаны себепли даўагер судқа даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип, жуўапкерден 110 194 172 сом пеня өндириўди сораған. Бирақ экономикалық исиниң көрилиўи барысында, тәреплер орталарында 2025-жыл 09-декабрь күни медиациялық келисим дүзилген. ЭПК 107-статьясы 53-бәнтине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. Тәреплердиң медиациялық келисим дүзгенин есапқа алып, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнтине тийкар, егер тәреплер орталарында медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Сонлықтан мәмлекетлик бажы өндирилместен қалады. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 109статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўаның талабы көрместен қалдырылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья Б.Баймуратов