Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2502/2364 Дата решения 12.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b0cca7d3-1430-4657-a970-07f088fd5efa Claim ID PDF Hash dceb1f4c345081f5... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 532 символов
4-2302-2502/2364-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 12-декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаров хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2025-жыл 22-январь күнги ЖЕ-02-06/189-10-санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, даўагер ХХниң жуўапкер ХХнан 26 925 273 сӯм тийкарғы қарыз, 14 826 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасын судтың өз имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (кейинги орынларда даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, ХХнан (кейинги орынларда жуўапкер) 26 925 273 сӯм тийкарғы қарыз, 14 826 сўм пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкердиң 26 925 273 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлигин билдирип, жуўапкерден 26 925 273 сӯм тийкарғы қарыз, 14 826 сўм пеня өндириўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май күнги 319-санли қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў” Қағыйдаларының 76-бәнти 1-хатбасына көре, тиккелей “Өзбекстан миллий электр тармақлары” АЖ, “Ыссылық электр станциялары” АЖ, “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ўзбекгидроэнерго” АЖ ҳәм електр энергиясын өндириўши басқа кәрханалардың электр тармақларынан ҳәм де қарыйдарлар ямаса субтутыныўшылар электр тармақлары арқалы узатылатуғын электр енергиясы ушын қарыйдарлар менен есап-китаплар белгиленген тәртипте тастыйықланған тийисли тарифлар бойынша электр тәмийнаты шәртнамасына муўапық әмелге асырылады. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2025-жыл 10-январь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған. Жуўапкер 26 925 273 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлиги даўагер мағлыўматнамасы ҳәм басқа да ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпелери менен тастыйықланады. Сонлықтан суд даўагердиң пайдасына жуўапкерден 26 925 273 сӯм тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты. Жуўапкер қарызын 2025-жыл 1-июнь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын 14 826 сўм пеня өндириўди сораған. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Пеня муғдарын кемейтиў ушын тийкарлар жоқ. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 26 925 273 сӯм тийкарғы қарыз, 14 826 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, республика бюджетине жуўапкерден 538 801,98 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даӯа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХнан даўагер ХХ пайдасына 26 925 273 сӯм тийкарғы қарыз, 14 826 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ХХнан республика бюджетине 538 801,98 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев