Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1611 Дата решения 11.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 972b7c73-1d9f-4d0a-85e2-b1078b879e12 Claim ID PDF Hash 0cdfbb7c47e70dc4... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 11 465 символов
4-2304-2503/1611-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 11-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры орынбасары С.Д***, даўагер ўәкили юрисконсульт Б.Е*** (2025-жыл 1-декабрь күнги 2762-санлы исеним хат), үшинши шахслар Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкили филиал қәнигеси Б.С*** (2025-жыл 10-декабрь күнги 02/05-10911-санлы исеним хат), Шымбай районы аўыл хожалығы бөлими ўәкили бас қәниге Қ.С*** (2025-жыл 11декабрь күнги 5-санлы исеним хат) ҳәм Шымбай районы фермерлер кеңеси ўәкили юрисконсульт М.Қ*** (2025-жыл 29-апрель күнги 4-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, даўагер Шымбай районы ҳәкимлигиниң жуўапкер «S I BAYS I S A S T-JI K» фермер хожалығы менен 2019-жыл 3август күни дүзилген 121-санлы жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасын, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасын, Шымбай районы аўыл хожалығы бөлимин, Шымбай районы суў жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкемин ҳәм Шымбай районы фермерлер кеңесин иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер Шымбай районы ҳәкимлиги (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «S I BAYS I S A S T-JI K» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) менен 2019-жыл 3-август күни дүзилген 121-санлы жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди сораған. Судтың 2025-жыл 14-ноябрь күнги уйғарыўына тийкар иске Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Шымбай районы аўыл хожалығы бөлими, Шымбай районы суў жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеми ҳәм Шымбай районы фермерлер кеңеси даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. 2 Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкер ҳәмде үшинши шахслар Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Шымбай районы суў жеткизип бериў хызмети мәмлекетлик шөлкеми тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, даўа арзасында келтирилген ўәжлерин тәкирарлап, сондай-ақ, судқа усынылған ҳүжжетлерден басқа ҳүжжетлери жоқ екенлигин, жер ижара шәртнамасына өзгерис киритилмегенлигин, жуўапкерге 2025-жыл 24-октябрьден алдын жер ижара шәртнамасын бийкар етиў бойынша усыныс бермегенлигин, жуўапкерден жер ижара шәртнамасын бийкар етиўден бас тартыў ҳаққында жазба жуўап алмағанлығын, разылық берген жуўабы да жоқ екенлигин билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўды ҳәм ижара шәртнамасын бийкар етиўди сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс Кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкили даўа арза бойынша пикири жоқ екенлигин, судтан ҳеш нәрсе сорамайтуғынлығын билдирди. Суд мәжилисинде қатнасқан Шымбай районы аўыл хожалығы бөлими ўәкили даўагер ўәкилиниң пикирлерине қосылатуғынлығын, жуўапкер тәрепинен жол қойылған нызамбузыўшылық жағдайлары ушын оның менен дүзилген жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан Шымбай районы фермерлер кеңеси ўәкили жуўапкер тәрепинен бир қатар нызамбузыўшылық жағдайларына жол қойылғанлығы ушын оның ҳуқықларын қорғай алмайтуғынлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор жуўапкер тәрепинен миннетлемелер орынланбай киятырғанлығын, берилген ескертиўлерге қарамастан жумысларын дурыс жолға қоймағанлығын есапқа алып, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиникдириўин ҳәмде прокурор пикирин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2019-жыл 3-август күни 121-санлы фермер хожалығы тәрепинен жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў шәртнамасы (буннан кейин текстте жер ижара шәртнамасы деп жүритиледи) дүзилген. Жерге болған ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткизилип, 23:10:000097791-кадастр рақамы берилген. 3 Суд мәжилисинде анықланыўынша, даўагер өз даўа арзасында усы жер ижара шәртнамасын бийкар етиўди сораған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2023-жыл 20-ноябрь күнги «Судларда жерге байланыслы даўларды көриўде нызамшылық ҳүжжетлери нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 28-санлы қарарының 26-бәндинде судлар аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ижара тийкарында пайдаланыў ҳуқықына ийе болған юридикалық яки физикалық шахслар менен дүзилген жер участкасы ижара шәртнамасын Жер кодекси 36-статьясы биринши бөлиминиң 6-7-бәнтлеринде көрсетилген тийкарлар бойынша бийкарлаў ҳаққындағы ислерди көриўде даўаның тийкарлылығын Пуқаралық кодексиниң 384-статьясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-январьдағы 22-санлы қарары менен тастыйықланған «Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ҳәм егислик майданларында мониторинг жумысларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы ҳәмде 2024-жыл 30-декабрьдеги 914-санлы қарары менен тастыйықланған «Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы Режелер ҳәмде басқа даўға байланыслы нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер талапларына әмел етилгенлигин тексериўлери лазымлығы ҳаққында түсиник берилген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 384-статьясына муўапық, шәртнама қандай формада дүзилген болса, оны өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим де сондай формада дүзиледи, егер де нызамшылықтан, шәртнама яки ис қатнасығы әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса. Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен қанаатландырарсыз жуўап алғанынан кейин ғана яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда я болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет болмағанында болса – отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан кейин, шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы мүмкин. Суд мәжилисинде анықланыўынша, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025-жыл 24 октябрь күни жер ижара шәртнамасын өз-ара келисим тийкарында бийкар етиў усыныс етилген. Даўагер тәрепинен жуўапкерге буннан басқа усыныс берилмеген. Жуўапкер тәрепинен бул усынысқа жер ижара шәртнамасының бийкар етилиўине қарсы ямаса разы екенлиги ҳаққындағы жуўап хаты берилмеген. Усыныстың арқа тәрепине жуўапкер тәрепинен 2025-жыл 29-октябрь күни «Усыныста көрсетилген кемшиликлерди сапластыраман» деген жуўабы түсирилген. Бул жуўап жуўапкердиң жер ижара шәртнамасының бийкар етилиўине қарсы яки разы екенлигин аңлатпайды. Сол себепли оны усынысқа жуўап деп баҳалап болмайды. Демек, бул жағдайда даўагер усыныста көрсетилген ямаса нызамда я болмаса шәртнамада белгиленген мүддетти өткерип болып, жер ижара 4 шәртнамасын бийкар етиў ҳаққында судқа даўа арза менен мүрәжат етиўи керек еди. Бул жағдайда тәреплер ортасында дүзилген жер ижара шәртнамасының 20-бәндинде тәреплерден бири шәртнаманы бийкар етиў мөлжели ҳаққында екинши тәрепти шәртнама бийкар етилиўи себеплерин тийкарлаған ҳалда мөлжелленип атырған бийкар етиў сәнесинен үш ай алдын жазба рәўиште хабардар етиўи кереклиги белгиленген. Бирақ, даўагер жуўапкердиң усынысқа қанаатландырарсыз жуўабын алмастан, шәртнаманың 20-бәндиндеги үш айлық мүддеттиң өтиўин күтпестен ҳәм усынысты жуўапкер 2025-жыл 29-октябрь күни алғанлығына итибар берместен, экономикалық судқа асығыслық пенен жер ижара шәртнамасын бийкар етиў ҳаққындағы даўа арза менен мүрәжат еткен. Бул жағдайда даўагер тәрепинен даўды судқа шекем шешиў тәртибине толық әмел етилмеген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭППК деп жүритиледи) 107-статьясының 5-бәндинде даўагер даўды судқа шекем шешиў (талапнама жибериў) тәртибине әмел етпеген болса, егер бул усы категориядағы даўлар ушын нызамда яки тәреплер шәртнамасында нәзерде тутылған болса, даўа арза көрместен қалдырылатуғынлығы белгилеп қойылған. Сол себепли, суд даўагердиң даўа арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының төртинши бөлимине тийкар, егер ис исте қатнасыўшы шахс тәрепинен усы категориядағы даўлар ушын нызамда яки шәртнамада нәзерде тутылған даўды судқа шекем шешиў (талапнама жибериў) тәртибин бузыў (талапнаманы жуўапсыз қалдырыў, талап қылынған ҳүжжетлерди жөнетпеслик) ақыбетинде жүзеге келген болса, суд истиң нәтийжесинен қәттий нәзер, суд қәрежетлерин сол шахстың мойнына жүклетиўге ҳақылы. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий емес түске ийе даўа арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. 5 Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 30-октябрь күни 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд даўагерден республика бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежетин өндириўди, ис бойынша алдыннан тѳленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 107-статьясының 5-бәнди ҳәм 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Даўагер Шымбай районы ҳәкимлигинен республика бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы ѳндирилсин. Даўагер Шымбай районы ҳәкимлигинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин. Ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сом почта қәрежети даўагер Шымбай районы ҳәкимлигиниң мойнында қалдырылсын. Уйғарыў үстинен ол шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген уйғарыў үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов