Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2501/2375 Дата решения 11.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4367c0bf-3b89-41fb-a1f8-80106e7da57e Claim ID PDF Hash 99a75b5e9891cadd... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 283 символов
4-2302-2501/ХХХ-санлы экономикалық ис Беруний районы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР судья ХХХ 2025-жыл 11-декабрь ХХХның судьясы ХХХ басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХ (05.11.2025-жылғы 09-007/1428-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ХХХ басқармасы, тийкарғы даўагер АТБ “ХХХ” мәпин қорғап жуўапкер «ХХХ» ЖШЖнен банк алдындағы мүддети өткен 10 974 517,54 сўм пайыз қарызын өндириўди сораған даўа арзасы бойынша исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: ХХХ басқармасы (кейинги орынларда текстте - Палата деп жүритиледи) даўагер АТБ “ХХХ” (кейинги орынларда текстте - даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап жуўапкер «ХХХ» ЖШЖ(кейинги орынларда текстте - жуӯапкер деп жүритиледи)нен банк алдындағы 10 974 517,54 сўм пайыз қарызын өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер банк ўәкили суд мәжлисинде даӯа талабын қоллап-куӯатлады. ХХХ басқармасы арзасында исти өзиниң ўәкиллери қатнасыўысыз көриўди сорған. Усыған тийкар суд исти палата ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди лазым табады. Жуӯапкер судқа тийисли тәртипте шақыртылғанлығына қарамастан суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда текстте – ЭПК)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд исти жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмесин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, даўа талабын толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 26-февраль күни дүзилген 39-санлы кредит линиясын ашпастан кредит бериў шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў үскенелерин сатып алыў ушын жыллық 18% етип белгиленип, 84 ай мүддетке 100 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. 2 Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда текстте - ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли 2025-жыл 21-октябрь күнине банк алдындағы пайыз қарызы 10 974 517,54 сўм жүзеге келген. Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 11-декабрь жағдайына усынылған №01-10/2197-санлы мағлыўматнамаға көре, банк алдында мүддети өткен пайыздан 12 949 609 сўм қарыздарлығы бар екенлиги көрсетилген. Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы, кредитти сѳндириў графиги ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа талабын толық қанаатландырыўды, 10 974 517,54 сўм пайыз қарызын өндириўди лазым тапты. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе емес даўа арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарда мәмлекетлик бажы тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын толық қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы, банк пайдасына төленген 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179, 184-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: 3 Даўа талабы толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» ЖШЖнен АТБ “ХХХ” пайдасына кредит бойынша мүддети өткен 10 974 517,54 сўм пайыз қарызы өндирилсин. «ХХХ» ЖШЖти есабынан АТБ “ХХХ” пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. «ХХХ» ЖШЖти есабынан Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья: ХХХ