← Назад
Решение #2835584 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 967 символов
4-2301-2504/2364-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 11-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
даўагер ўәкили *** (2025-жыл 8-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат
тийкарында)тың
қатнасыўында,
даўагер
***ның
жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 166 279 868 сом
пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық
исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
*** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" жуўапкершилиги
шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен
166 279 868 сом пеня өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа
арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң
қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сонлыктан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкар жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул
табады.
Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул
жағдайда
тәреплердиң
миннетлемелери
кесип-алыў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 631-статьясының биринши бөлимине муўапық, кесип-алыў
шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип-алыўшы) екинши тәреп
(буйыртпашы)ның тапсырмасына көре белгили бир исти орынлаў ҳәм оның
нәтийжесин белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады,
буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл етип алыў ҳәм оның ушын хақы
төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
2
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер орталарында
2025-жыл 5-август күни 183108-санлы улыўма баҳасы 2 120 009 965,20
сомлық кесип-алыў шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп
жүритиледи) дүзилген болып, усы шәртнамаға тийкар жуўапкер Шымбай
районы медицина бирлеспесине қараслы 53-санлы шаңарақлық поликлиника,
“Қамыс арық” АПЖ аймағында 3 дана АШП ҳәм мәсләҳәт поликлиникасын
капитал оңлаў, үскенелерди орнатыў, даўагер орынланған жумысларды
қабыл етиў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуӯапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбастан, өз мүддетинде 722 955 953,20 сомлық қурылыс жумыслары
исленбеген.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар
айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки
шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық
жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы
ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама
миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда
екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи
белгиленген.
Шәртнаманыӊ 66-бәнтине муўапық, кесип алыўшы буйыртпашыға
объектти өз ўақтында иске түсириў бойынша миннетлемелер орынланыўы
кешиктирилген ҳәр бир күн ушын миннетлемелер орынланбаған бөлегиниӊ
0,5 пайызы муғдарында, бирақ орынланбаған миннетлеме баҳасының 50
пайызынан аспаған ҳалда пеня төлейди.
Суд даўагердиң жуўапкерден 166 279 868 сом пеня өндириў талабының
148 205 970,40 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды.
Себеби, шәртнаманың 15-бәнтине муўапық, қурылыстың даўам етиў
ўақты биринши аванс төленген күннен баслап 60 күнди қурайды.
Даўагер тәрепинен биринши аванс пулы 2025-жыл 11-август күни
жуўапкерге өткерилген.
Сонлықтан, бул жағдайда жуўапкерге 2025-жыл 10-октябрь сәнесинен
баслап 19-ноябрь күнине шекем 41 күнге (722 955 953,20 * 0,5% =
3 614 779,766 * 41 күн) 148 205 970,40 сом пеня есапланыўы тийкарлы
есапланады.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған
неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги
көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар
миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып
атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери
итибарға алыныўы керек.
3
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң
326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң
орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий
аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын
кемейтириўди, жуўапкерден 22 231 000 сом пеня өндириўди мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 22 231 000 сом пеня,
төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден Республика бюджетине
даўаның тийкарлы бөлегине сәйкес түрде 2 964 120 сом мәмлекетлик бажы
өндириӯди, даўагер мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги себепли даўаның
тийкарсыз бөлеги бойынша даўагерден мәмлекетлик бажы өндирмеўди
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
"***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен *** пайдасына 22
231 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 2 964 120 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен
баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов
4