Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2281 Дата решения 11.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 72cbc315-c590-43b0-b8e1-0c203b144188 Claim ID PDF Hash 5c73a5521aab1837... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 345 символов
4-2301-2502/2281-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 11-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили М.Режепбаев (2025-жыл 25-июнь күнги ЖЕ-02-06/1262-санлы исеним хатлар тийкарында), жуўапкер ўәкили А.Узақбергенов (2025-жыл 25-ноябрь күнги 1567-nbs-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖниң жуўапкер “N kis b st s ds” ЖШЖнен 33 899 016,47 сом қарыз, 20 412 746,42 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖти жуўапкер “N kis b st s ds” ЖШЖнен 33 899 016,47 сом қарыз, 20 412 746,42 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 25-ноябрьдеги уйгарыўы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясын даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы екенин билдирип, оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўагер ҳәм үшинши шахс ўәкиллери қатнасында өз-ара есап-китап қылғанын, нәтийжеде даўаның қарыз өндириў талабын тән алатуғынын билдирип, жәмийеттиң финанс жақсы емеслигине байланыслы даўаның пеня өндириў бөлегин кемейтиўди сорады. Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде иске тийисли мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерин усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясын жеткизип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбуриятын алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2022-жыл 30апрель күни көтере тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. ЭПК 72-статьясына тийкар, нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. Сондай-ақ, үшинши шахс тәрепинен усынылған мағлыўматында даўа арза талаплары тийкарлы екенлиги мәлим етилген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. Нәтийжеде даўагер тәрепинен бир тәреплеме дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 33 899 016,47 сом қарыз, 20 412 746,42 сом пеня қарызлары көрсетилген. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 15-октябрьдеги 1508/309-санлы талапнамасы жуўапкерге берилген. Бирақ бул қарыз төленбегенлиги себепли даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Шәртнаманың 3.12-бәнтине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген. Сонлықтан төлеўди кешиктиргени ушын арнаўлы дәстур есабатына тийкар жәми 20 412 746,42 сом пеня талап қылынған. ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 500 000 сом өндириўди мақул табады. Солай етип, суд даўаның талапларын кысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 33 899 016,47 сом қарыз, 3 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын. “N kis b st s ds” ЖШЖнен «Худудий электр тармоқлари» АЖниң пайдасына 33 899 016,47 сом қарыз, 3 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “N kis b st s ds” ЖШЖнен мәмлекет пайдасына 1 086 235,25 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов