Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2284 Дата решения 11.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d148bfc3-bfd3-4719-9ca2-feb258a12f98 Claim ID PDF Hash 7b2b56032aa31006... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 9 455 символов
4-2301-2502/2284-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 11-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили Р.Палвашев (2025-жыл 10-декабрь күнги 214-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили И.Камалов (2025-жыл 01-декабрь күнги 02/05-10542-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили Н.Ерназаров (2025-жыл 25-март күнги 1-11-485-санлы исеним хат тийкарында), қосымша жуўапкер ўәкиллери П.Худайбергенов, А.Мамбетмуратов (2025-жыл 11декабрьдеги 18,19-санлы исеним хатлар тийкарында) қатнасыўында, даўагер «Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы» мәмлекетлик шөлкеминиң Ташкент қаласы «Ер қаъридан фойдаланиш маркази» мәмлекетлик шөлкемин жуўапкер қатарында көрсетип, Нөкис районы «Тахыр көл» АПЖ аймағындағы 30-га жер участкасынан пайдалы қазылмалар қазыў ҳуқықын бериўши 2024-жыл 26август күнги NR-1200515-санлы электрон-онлайн аукцион нәтийжелери ҳаққындағы баянламасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер «Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы» мәмлекетлик шөлкеми Нөкис районлар аралық ҳәқимшилик судына еткен мүрәжатында, «Ер қаъридан фойдаланиш маркази» мәмлекетлик шөлкемин жуўапкер қатарында көрсетип, Нөкис районы «Тахыр көл» АПЖ аймағындағы 30-га жер участкасынан пайдалы қазылмалар қазыў ҳуқықын бериўши 2024-жыл 26-август күнги NR1200515-санлы электрон-онлайн аукцион нәтийжелери ҳаққындағы баянламасын бийкарлаўды сораған. Нөкис районлар аралық ҳәқимшилик судының 2025-жыл 03-ноябрь күнги 5-2301-2503/661-санлы уйғарыўы тийкарында ис тийислилиги бойынша Нөкис районлар аралық экономикалық судына өткерилген. Судтың 2025-жыл 12,25-ноябрьдеги уйғарыўлары менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс финанс министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы, аукцион жеңимпазы « sir ngi l mis» ЖШЖти, " l ktr n nl n- uksi nl rni t shkil tish" АЖти қосымша жуўапкерлер ҳәмде Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги, Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Кадастр палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы екенин, себеби белгиленген тәртипте жер майданларын ажратыў ушын рухсат алынбағанын, сонлықтан даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилиси видеоконференция байланыс режиминде өткерилиўи барысында жуўапкер ўәкили нызамлы ҳәрекетлери алып барылғанын, сонлықтан аукцион нызам талапларына муўапық өткерилгенин билдирген. Бирақ суд мәжилиси жуўмақланыўында видеоконференция байланысы үзилген. Суд мәжилиси видеоконференция байланыс режиминде өткерилиўи барысында үшинши шахс Өзбекстан Республикасы Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлигиниң ўәкили М.Абдувосилов суд мәжилисинде даўагердиң талабы тийкарлы деп есаплайтуғынын, " l ktr n nl n- uksi nl rni t shkil tish" АЖне 2025-жыл 13октябрь күни берген хатында даўа предмети болған аукцион баянламасын бийкарлаў лазым екенин мәлим еткенин, бирақ үнамлы шешим қабыл етилмегенин билдирген. Суд мәжилиси жуўмақланыўында видеоконференция байланысы үзилген. Суд мәжилиси видеоконференция байланыс режиминде өткерилиўи барысында қосымша жуўапкер " l ktr n nl n- uksi nl rni t shkil tish" АЖниң ўәкили Ш.Равшанов суд мәжилисинде даўа талабы тийкарсыз екенин, себеби әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық ис ҳәркетлерин алып барғанын билдирген. Суд мәжилиси жуўмақланыўында видеоконференция байланысы үзилген. Үшинши шахс Кадастр палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ўәкили И.Камалов суд мәжилисинде даўа предмети болған 30га жер майданы истеги даўагер балансында екенлиги ҳаққындағы мағлыўматын усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахс Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ўәкили Н.Ерназаров суд мәжилисинде жер майданы истеги даўагерге тийисли екенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Қосымша жуўапкер « sir ngi l mis» ЖШЖниң ўәкиллери суд мәжилисинде нызамда белгиленген тәртипте өткерилген аукцион нәтийжесине көре жеңимпаз болып шыққанын, айыбы жоқ деп есаплайтуғынын билдирип, даўа талабын қанаатландырмаўды сорады. Прокурор суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Қалған үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, ис материалларын үйренип шығып, даўагердиң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 8-статьясы екинши бөлими 1-бәнтине муўапық, нызамда нәзерде тутылған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден, сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылмаған болмаса-да, бирақ оған қайшы болмаған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелер жүзеге келеди. Анықланыўынша, «Ер қаъридан фойдаланиш маркази» мәмлекетлик шөлкеминиң 2024-жыл 23-июль күнги 31-санлы қарары тийкарында электронсаўда платформасында онлайн-аукцион арқалы реализация етилетуғын руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер орны участкалары дизими тастыйықланған. Қарар менен пайдаланыў ҳуқықын аукционда реализация қылыў ушын « - uksi n» бирден-бир электрон саўда платформасына қойылыўы белгиленген. Бул қарар нызамлы күшинде. Сондай-ақ, усы қарар тийкарында өткерилген электрон-онлайн аукцион нәтийжелери ҳаққындағы NR-1200515-санлы баянламасында « sir ngi l mis» ЖШЖти аукцион жеңимпазы болып табылған ҳәм баянламада Нөкис қаласынан 6,1 км. арқа-шығыста жайласқан 30 га жер майданында қазыў ислерин алып барыў нәзерде тутылған. Истеги даўагер судқа мүрәжат етип, баянламадағы 30 га жер майданы өзине тийисли екенлиги себепли баянламаны бийкарлаўды сораған. Суд даўа талабы менен төмендеги тийкарларға көре келисе алмайды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-август күнги «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларын бериў ҳәм архитектура-қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртип-процедураларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында» ПК-4427-санлы қарарының 3бәнтине тийкар, аукцион жеңимпазы яки жер участкасына қарата ҳуқыққа ийе болған шахстың айыбы болмаған жағдайда, ҳәкимшилик тәртиппроцедураларына әмел етилмегени ушын электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы баянламаны бийкарлаўға ямаса өзгертиўге жол қойылмайды. Ис материалларына қосылған ҳүжжетлерде аукцион жеңимпазының айыбы тастыйықланбайды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-январь күнги «Электрон онлайн-аукцион ҳәм таңлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 18санлы қарарының 46-бәнтинде аукцион баянламасы алды-сатты шәртнамасына күшине ийе екенлиги белгиленген. Бул жағдайда даўагер даўа предмети болған баянламаның қатнасыўшы яғный, тәрепи емеслиги анықланады. ПК 382-статьясы биринши бөлимине тийкар, егер усы Кодексте, басқа нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар қылыныўы мүмкин. Усы статьяның екинши бөлими 1-бәнтине көре, екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса, тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен өзгертилиўи яки бийкарланыўы мүмкин. ПК 384-статьясының екинши бөлимине муўапық, бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен қарсы жуўабы алғаннан кейин яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда, болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет бөлмаса-өтыз күнлик мүддетте жуўап алмағаныдан кейин шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы мүмкин. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, суд даўагер тәрептиң ўәжлерин ҳәмде истеги ҳүжжетлерге көре даўа талабын тийкарлы деп есапламайды. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз, төленген почта қәрежетин даўагер мойнында қалдырыўды мақул табады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Даўа талабы қанаатландырыўсыз қалдырылыўы себепли даўагерден әмелдеги базалық есаплаў муғдарының он есесиндеги мәмлекетлик бажы мәмлекет бюджетине өндириледи. Видеоконференция байланысы толық әмелге асырылмағаны ушын 103 000 сом муғдарындағы суд қәрежетин өндириўге тийкар жоқ. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арзаның талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы» мәмлекетлик шөлкеминен мәмлекет бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов