← Назад
Решение #2835753 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
2 942 символов
4-2301-2502/2333-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили Б.Мамутбаев (2025-жыл 01-декабрьдеги исеним хаи тийкарында),
жуўапкер ўәкили адвокат Д.Сарсенбаев (2025-жыл 10-декабрьдеги 96-санлы
ордер тийкарында) қатнасыўында, даўагер Тахыятас районы « rk t vt
ir» ЖШЖниң жуўапкер Хожели районы « uj li jbi uuk» ЖШЖнен
145 000 000 сом қарыз, 72 500 000 сом жәрийма, 59 740 000 сом пеня,
төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы ҚЛ А Д Ы:
Даўагер « rk t vt
ir» ЖШЖти жуўапкер « uj li jbi uuk»
ЖШЖнен 145 000 000 сом қарыз, 72 500 000 сом жәрийма, 59 740 000 сом
пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили өз-ара медиация келисимине
келгенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер ўәкили адвокат суд мәжилисинде медиация келисимин судқа
усынып, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин
тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны
көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 07-июль
күни 88-санлы алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Шәртнама шәртлери
бойынша қарыздарлық пайда болған. Нәтийжеде даўагер судқа даўа арзасын
берген.
Бирақ экономикалық исиниң көрилиўи барысында, тәреплер
орталарында 2025-жылы 02-декабрь күни медиация келисими дүзилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107статьясының 53-бәнтине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген
болса, даўа арза көрместен қалдырылады.
Сонлықтан, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан
Республикасы
“Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында”ғы
Нызамының 18-статьясы
биринши бөлиминиң 9-бәнтине тийкар егер
тәреплер ортасында медиация келисими дүзилген болса, даўа арза көрместен
қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы лазым.
2
Сонлықтан, суд алдын төленген 41 200 сом почта қәрежетин
даўагердиң мойнында қалдырыўды ҳәмде төленген 2 827 848 сом
мәмлекетлик бажыны даўагерге бюджеттен қайтарыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 115,
131, 107, 108, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд
У Й Ғ А Р Д Ы:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Тахыятас районы « rk t vt
ir» ЖШЖне мәмлекет бюджетинен
2 827 848 сом мәмлекетлик бажы қайтарылсын. Белгиленген тәртипте
мағлыўматнама берилсин.
Уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир
ай ишинде усы суд арқалы уйғарыў үстинен Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген
тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Баймуратов